Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти ҳәм Қазақстанның Биринши Президенти бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шықты
2021-05-07 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-май күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти, Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Жетекшилер Жеңис күни ҳәм жақынласып киятырған мүбәрек Рамазан ҳайыты менен бир-бирин қызғын қутлықлап, туўысқан халықларымызға тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Сөйлесиўде Өзбекстан – Қазақстан көп қырлы бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери додаланды, Орайлық Азиядағы жағдай бойынша пикир алысылды.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги жедел ҳәм нәтийжели еки тәреплеме сөйлесиўлер себепли бирге ислесиў унамлы пәтлерде раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы жылдың басынан товар алмасыў көлеми 28 процентке өсти. Өткен айда шегара алды аймақлардан биринде саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша халықаралық орайдың қурылысы басланды.
Тийкарғы инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды биргеликте таярлаў ҳәм әмелге асырыў, соның ишинде, Үшқудық – Қызылорда автомобиль ҳәм темир жоллары және Түркистан- Ташкент тез жүрер темир жолын қурыў жумыслары алып барылмақта.
Еки мәмлекет аймақлары тығыз бирге ислеспекте, мәдений-гуманитарлық алмасыў бойынша әҳмийетли бағдарламалар даўам еттирилмекте.
Өзбекстан Президенти ҳәм Елбасы туўысқан халықлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлар, исеним ҳәм шериклик руўхындағы байланысларды беккемлеў мақсетинде кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў зәрүр екенин айрықша атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги