Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев Рустам Қосимовтың шаңарағына кеўил билдирди
2021-05-07 | Сиясат
Мәмлекетимиз жәмийетшилиги жоғалтыўға ушырады. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, белгили илимпаз ҳәм педагог Рустам Қосимов 7-май күни аўыр кеселликтен соң қайтыс болды.
Президент Шавкат Мирзиёев матам тутқан шаңараққа барып, марҳумның перзентлери ҳәм туўысқанларына кеўил билдирди.
Рустам Собирович Қосимов 1955-жылы Ташкент қаласында туўылған. Ташкент мәмлекетлик университетиниң шығыстаныў факультетинде оқып, мийнет жолын Ташкент суў хожалығы институтында араб тилинен дилмаш болып ислеўден баслаған. Көп жыллар жоқары билимлендириў тараўында түрли ўазыйпаларда ислеген. 2004-2009 –жылларда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары сыпатында илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тараўлардың раўажланыўына үлес қосқан. Соңғы жылларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөйи, Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ректоры ўазыйпаларында ислеп киятырған еди.
Р.Қосимовтың көп жыллық жемисли мийнети мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, 2006-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған еди.
Мәмлекетимиз басшысының аўыр демлерде марҳумның шаңарағына кеўил билдиргени, қайғысына шериклик үлкен жубаныш болды Қуран аятлары оқылып, пәтия етилди.
Президентимиз марҳумның жақсы ислерин ядқа алды – Оғада қайғыдаман. Қолымыздан келгенин иследик. Қуданың қәлегени екен. Ўатанға садық, пидайы, ақыллы инсан, миллетимиз зыялыларының бирин жоғалттық. Биз оғада көп жыллар бирге ислестик, аўыр күнлеримиз де болған. Ҳәзир де маған ең үлкен жәрдемши, мәсләҳәтши еди. Қудайым, жайы жәннетте болсын. Жумысларын перзентлери даўам еттирсин, – деди Шавкат Мирзиёев. Марҳумның шаңарағы турақлы итибарда болатуғыны атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги