Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қарақалпақстанда дүньядағы ең ири самал электр станциясын қурыў бойынша келисимге қол қойылды
2021-05-04 | Экономика
Қарақалпақстанда дүньядағы ең ири самал электр станциясын қурыў бойынша келисимге қол қойылды Усы жылдың 3-май күни Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы, ӨзР Энергетика министрлиги менен Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги арасында самал энергетикасы жойбарын әмелге асырыў ҳаққында келисимге қол қойылды
Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, бул жойбар Қарақалпақстанда 1500 МВт қуўатлылыққа ийе болған самал энергетикасын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациялаўдан ибарат болып, ол пайдаланыўға тапсырылғаннан соң Орайлық Азия ҳәм дүньядағы ең ири самал электр станциясына айланады. Жойбар шама менен 4 миллион турақ жайдың электр энергиясына болған талабын қанаатландырыўы ҳәм жылына шама менен 2,5 миллион тонна карбонат ангидрид газын қаплаўы күтилмекте.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги