Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Президентлери қарым-қатнасты беккемлеў жолларын көрип шықты
2021-04-30 | Сиясат
Бүгин, 30-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтиң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сәўбетлесиўде регионаллық бирге ислесиў ҳәм еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
Президентлер Қырғызстан-Тәжикстан шегарасында жүзеге келген жағдайды ҳәм оны тез пурсатта шешиўди додалады. Қырғызстан ҳәм Тәжикстан тәреплери жағдайды турақластырыў ҳәм оның және де кескинлесиўине жол қоймаўға қаратылған келисимлерге ерискени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Пайда болып атырған барлық тартыслы мәселелер көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шериклик руўхындағы сөйлесиў тийкарында шешилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекет басшылары быйылғы жылдың март айында Ташкент қаласында өткен саммит жуўмағында қабыл етилген биргеликтеги қарар ҳәм келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.
Қабыл етилген миннетлемелерди сөзсиз орынлаў ҳәм тийкарғы жойбарларды алға қойыў мақсетинде белсене алмасыўларды даўам еттириў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги