Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Исбилерменликти раўажландырыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мүрәжаты тыңланды

2021-04-14 | Сиясат

Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти раўажландырыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў ҳәм бюджет түсимлерин көбейтиў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Сариев Қахраман Раматуллаевичтың жергиликли Халық депутатларына, исбилерменлерге мүрәжаты тыңланды.

Кейинги жылларда Республикамызда халық бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылып, мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар нәтийжесинде исбилерменликке кең жол ашылғаны бәршемизге бирдей белгили.

Әсиресе жаслар менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың исбилерменлик басламаларын раўажландырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген.

Жаратылған кең имканиятлар нәтийжесинде быйылғы жылдың биринши шерегинде жәми 1271 киши бизнес субъектлери жаңадан шөлкемлестирилип, бүгинги күнде олардың улыўма саны 20 мыңға жетти. Соның менен бир қатарда өткен январь-март айларында 1958 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди.

2021-жылда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў бойынша мәмлекетлик бағдарлама тийкарында анық режелер белгилеп алынған.

Атап айтқанда, быйылғы жылы қала ҳәм районларымызда инвестициялық жойбарлар ҳәм социаллық инфраструктуралар есабынан сондай-ақ, киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин раўажландырыў арқалы жәми 22 мың 41 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгиленген.

Және бир әҳмийетли мәселе, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын Комплекс социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилген ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында улыўма бахасы 12,3 трлн.сўм муғдарындағы 1359 жойбарларды әмелге асырыў ҳәм 17,6 мың жаңа жумыс орынларын жаратыў белгилеп алынды. Соннан, бүгинги күнге шекем улыўма бахасы 4 трлн. 822 млрд.сўм болған 852 жойбар иске түсирилип, 5403 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Соның менен бирге шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде быйылғы жылға 89 млрд. сўм муғдарындағы жеңиллетилген кредитлер ажыратылған.

Мүрәжатта усы сыяқлы перспективалы жойбарлар ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилип исбилерменлердиң пикир усыныслары тыңланды.

 

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться