Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Венгрия Бас министри Ташкентке келди
2021-03-29 | Сиясат
Алдын хабар етилгениндей, Венгрия Бас министри Виктор Орбан 29-март күни рәсмий сапар менен елимизге келди.
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары дәрежели мийман ҳәм оның өмирлик жолдасын Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.
Венгрия Бас министри пайтахтымыздағы Мустақиллик майданына келди.
Мәмлекетимиздиң бас майданы халқымыз азатлығының, ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әрман етип күткен ҳәм ҳәмийше умтылып жасаған, бүгинги әўладларға несип еткен ең уллы, ең әзиз жемис болған ғәрезсизлигимиздиң муқаддес белгиси болып есапланады. Соның ушын бул саўлатлы майданға мәмлекет ҳәм ҳүкиметлер басшылары, сырт ел рәсмий делегацияларының келиўи жақсы дәстүрге айланған.
Венгрия Бас министри Виктор Орбан да елимизге дәслепки рәсмий сапарын Мустақиллик майданынан баслады. Уллы мәртебели мийман Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.
Мийманға Мустақиллик майданының мазмун-мәниси, бул жерде әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары ҳаққында айтып берди. Виктор Орбан бул комплекс өзбек халқының ғәрезсизлик руўхынан күш алып, және де үлкен шеклерге умтылыўында өзине тән маяк болып хызмет ететуғынын атап өтти.
Буннан соң Венгрия делегациясы өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды.
Венгрия Өзбекстанның Европа Аўқамындағы ең жақын бирге ислесиўшилеринен бир болып, еллеримиз көп қырлы әмелий бирге ислесиўди жолға қойған. Кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы дәстүрий дослық ҳәм ҳәр қыйлы дәрежедеги белсене сөйлесиўлер жедел раўажланып бармақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 15-октябрь күни Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң Баку қаласындағы саммити шеңберинде Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен ушырасқан еди. Бул ушырасыўдан соң ҳәр қыйлы тараўлардағы нәтийжели сөйлесиўлер жеделлести. Атап айтқанда, кейинги төрт жылда еки мәмлекет арасындағы саўда айланысы дерлик үш есеге өскен. Қыйын пандемия шараятына қарамастан, өткен жылы да бирге ислесиў нәтийжели болып, товар алмасыў көлеми көбейген.
Сапардың тийкарғы ўақыялары 30-март күни Көксарай резиденциясында болып өтеди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Бас министри Виктор Орбан сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективаларын додалайды. Буннан тысқары, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылады.
Жоқары дәрежеги сөйлесиўлер нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Венгрия қатнасықлары сапа жағынан жаңа – стратегиялық дәрежеге шығыўы күтилмекте.
Бас министр Виктор Орбан сапардың бағдарламасына муўапық илимий-изертлеў ҳәм тарийхый объектлер менен танысады.
Сапар жуўмағында экономика, энергетика, билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў, мәденият, аймақлараралық бирге ислесиў, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары тараўларында еки тәреплеме қатнасықларды және де кеңейтиўге қаратылған бир қатар келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
Матназар ЭЛМУРОДОВ
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги