Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Хорезм ўәлаятында 812 инвестициялық жойбар әмелге асырылады
2021-03-23 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 23-март күни Хорезм ўәлаятында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылдың ақырында, 12-13-декабрь күнлери Хорезм ўәлаятында болып, аймақ экономикасын раўажландырыў, халықтың бәнтлигин арттырыў, инфраструктуралық имаратларды қурып, турмыс шараятларын жақсылаў бойынша көрсетпелер берген еди. Презентацияда, ең дәслеп, усы бағдарда орынланған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, усы жылдың январь-март айларында 188 жойбар иске қосылып, 1 мың 726 жумыс орны жаратылған. Суўды үнемлеўши технологияларды қолланыў арқалы 4 мың гектарға шамалас жер пайдаланыўға киргизилген. Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медициналық орайының Хорезм филиалы шөлкемлестирилген. Әмиўдәрья үстинде жаңа темир жол қурылысы басланған. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин.
Ўәлаяттағы алға илгерилеўлерди избе-из даўам еттириў мақсетинде усы жыл ушын 812 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. Улыўма баҳасы 1 миллиард 320 миллион доллар болған усы жойбарлардың 770 и аймақлық, 42 си тармақларға тийисли болып табылады.
Тараўлар бойынша айтқанда, олардың 273 и санаат, 277 си хызмет көрсетиў, 262 си аўыл хожалығына байланыслы. Усы жойбарлардың нәтийжесинде 23 мыңнан аслам жумыс орнын шөлкемлестириў, 65 миллион долларлық товар ҳәм хызметлерди экспорт етиў мөлшерленген.
Тоқымашылық, автомобиль қурылысы, электр техникасы ҳәм азық-аўқат санааты, туризм, хызметлер, ыссыхана хожалығы Хорезм ўәлаятының тийкарғы «өсиў ноқатлары» сыпатында белгиленген.
Мәселен, пахта тоқымашылық кластерлери тәрепинен 49 жойбар усыныс етилген. Олардың нәтийжесинде ўәлаятта жетистирилип атырған пахтаны қайта ислеў дәрежеси 2 еседен зыят өсип, айырым көрсеткишлер бойынша 100 процентке жетеди. Атап айтқанда, ийирилген жип таярлаў қуўатлылығы 47 мың тоннадан 104 мың тоннаға, гезлеме ислеп шығарыў 9 мың тоннадан 49 мың тоннаға, таяр кийим-кеншеклер 47 миллионнан 152 миллионға артады. Бундай кәрханалар усы жылы Қоскөпир, Шават, Янгиарық, Бағат райоанларында иске қосылады.
Автомобиль қурылысында 100 түрдеги кузов деталлары, ҳәр қыйлы аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў бойынша 6 жойбар әмелге асырылады. бул өнимлер 20 миллион долларлық импорттың орнын басыўы менен әҳмийетли. Нәтийжеде Питнектеги заводтың локализация дәрежеси 36 проценттен 45 процентке шығады.
Қурылыс материаллары санаатында 85 жойбар режелестирилген. Мәселен, Үргенш қаласында газоблок, керамикалық плита, гипсокартон ислеп шығарылады. «Ҳазарасп» еркин экономикалық зонасында гүлқағаз таярлаў жойбары кеңейтиледи.
Усы еркин экономикалық зонада электр двигателлер, Хийўа қаласындағы гилем ҳәм полипропилен жиплер ислеп шығарыў кәрханалары да иске қосылады.
Аўыл хожалығында жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў ҳәм тамшылатып суўғарыўды кеңнен енгизиў бойынша жумыслар басланған. Бул арқалы пахташылықта зүрәәтликти 35 центнерге, ғәллешиликте 66 центенрге жеткериў мақсет етилген.
Ҳәммемизге белгили, Хорезм гүришиниң аты шыққан, оған базарда талап ҳәмийше жоқары. Бирақ ўәлаятта жер ҳәм суў имканиятларының шекленгени себепли салыны қәлегенинше егип болмайды. Соның ушын жақсы сорт таңлаў ҳәм сырт ел технологиясы тийкарында егиў арқалы бар жерден көп зүрәәт алыў илажлары көрилмекте. Оның ушын Қытайдан Хорезм топырақ-климат шараятына сәйкес сортлар келтириледи. Өткен жылдағыдай майданда, бирақ оннан 50 мың тонна көп өним алынады. Бул 684 миллиард сум қосымша дәрамат дегени. Қалаберди, бундай истиң көзин билиў нәтийжесинде жылына 113 миллион куб метр суў үнемленеди.
Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде усы жылы өткен жылға салыстырғанда 151 мың тонна көп мийўе-овощ ҳәм палыз өнимлерин жетистириў режелестирилген. Сондай-ақ, шарўа санын көбейтиў бойынша 20, қусшылық бағдарында 24, балықшылықты санаат усылында раўажландырыў бойынша 8 жойбар әмелге асырылады.
Презентацияда туризм, энергетика, былғары-санаат, зергерлик, қурылыс тараўына байланыслы жойбарлар да көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул режелерди мақуллап, соның менен бирге қосымша жойбарларды қәлиплестириў ўазыйпасын қойды. Мәҳәллелерде «өсиў ноқатлары»н таўып, жумыс орынларын көбейтиў, оларға жумыссыз халық, әсиресе, жаслар менен ҳаял-қызларды жайластырыў, өзин-өзи бәнт ететуғын интакерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги