Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти халықаралық консультантлар менен ушырасты

2021-03-23 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-март күни халықаралық консультантлар ­ Альфред Гузенбауэр, Александр Квасьневский ҳәм Штефан Фюлени қабыл етти.

Халықаралық консультантлар топарының тийкарғы ўазыйпасы ­ елимиздиң Евроаўқам мәмлекетлери менен көп қырлы бирге ислесиўин раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге, реформалар бағдарламасын әмелге асырыўда сырт еллердиң алдынғы тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиўге, инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жетилистириўге, Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестициялар ҳәм алдынғы технологияларды тартыўға, Европа исбилермен топарлары менен шерикликтиң нәтийжели механизми ҳәм қуралларын қәлиплестириўге жәрдемлесиўден ибарат.

Соны атап өтиў керек, түрли жылларда жоқары мәмлекетлик лаўазымларды ийелеген консультантлар бүгинги күнде Европадағы рәсмий, исбилермен ҳәм жәмийетшилик топарларында жоқары халықаралық абырайға ийе болып, жетекши консалтинг, инвестиция ҳәм санаат компанияларында ислеп, салмақлы тәжирийбе топлаған.

Атап айтқанда, «Gusenbauer Projektentwicklung & Beteiligung» консалтинг компаниясының шөлкемлестириўшиси Альфред Гузенбауэр 2000-жылларда Австрия Федерал канцлери болып ислеген. «Amicus Europae» фонды басшысы Александр Квасьневский Польша Президенти болған. Бүгинги күнде «CITIC Europe Holdings» компаниясы мәсләҳәтшиси сыпатында хызмет көрсетип атырған Штефан Фюле Европа Аўқамының кеңейиў ҳәм жақсы қоңсышылық сиясаты мәселелери бойынша комиссары лаўазымында табыслы ислеген.

Ушырасыўда мәмлекетимизди реформалаў ҳәм институционаллық жақтан раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша ашық ҳәм конструктивлик пикир алысылды.

Мийманлар Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар бағдарламасын жоқары баҳалады ҳәм толық қоллап-қуўатлады. Әсиресе, коронавирус пандемиясы менен байланыслы қыйын шараятларда алып барылып атырған социаллық-экономикалық сиясаттың табыслары ҳәм анық нәтийжелери, сондай-ақ, Өзбекстанның глобал ҳәм регионаллық экономикалық процесслерге интеграцияланыўына қарай сезилерли ҳәрекетлер айрықша атап өтилди.

Консультантлардың Өзбекстанда экономикалық реформалардың узақ мүддетли стратегиясын таярлаў, мәмлекетлик басқарыў системасын және де жетилистириў, мәмлекетимиздиң сырт елли шериклер менен өз-ара пайдалы қатнасықларын кеңейтиўге байланыслы усыныслары көрип шығылды.

Елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм оның ашықлығын арттырыў, базар механизмлерин кеңнен енгизиў ҳәм бәсеки орталығын қәлиплестириў, банк-финанс тараўы ҳәм капитал базарын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Консультантлар, сондай-ақ, экономиканың избе-из трансформацияланып атырғаны ҳәм сырт ел капиталы ушын ашықлығының артып атырғаны себепли Евроаўқам мәмлекетлери менен инвестиция ҳәм инновациялар бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен имканиятлар қәлиплесип атырғанын атап өтти.

Өзбекстан менен ЕА арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жоқары дәрежесин сақлаў, өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеў ҳәм әмелий мазмун менен байытыў, кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди тез пурсатта қабыл етиў ҳәм мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине қосылыўын қоллап-қуўатлаў мәселелери тийкарғы әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Саўданы либералластырыў ҳәм өз-ара товар алмасыў және инвестицияларды көбейтиўге кесент етип атырған тосқынлықларды сапластырыў, базарларға шығыў мәселелеринде бирге ислесиў механизмлери де көрип шығыды.

Ушырасыў жуўмағында тығыз бирге ислесиў ҳәм жедел алмасыўларды даўам еттириў бойынша келисимге ерисилди. Жақын келешектеги әмелий бирге ислесиўдиң биринши гезектеги ўазыйпалары ҳәм форматы келисип алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться