Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ РОССИЯНЫҢ «ЛУКОЙЛ КОМПАНИЯСЫ БАСШЫСЫН ҚАБЫЛЛАДЫ
2021-03-16 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-март күни «ЛУКОЙЛ» компаниясының президенти Вагит Алекперовты қабыллады.
Ушырасыўда Вагит Алекперов мәмлекетимиздиң басшысына мәмлекетимизде Россияның жетекши нефть-газ компаниясы қатнасыўындағы тийкарғы инвестициялық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе жойбарлар әмелге асырылыўының барысы ҳаққында толық мағыўмат берди.
Бүгинги күнде «ЛУКОЙЛ» Өзбекстан экономикасына инвестиция киргизип атырған ең ири инвесторлардан бири екенлигин атап өтиў зәрүр. Инвестициялардың көлеми 10 миллиард долларға жетпекте.
Атап айтқанда, 8 миллиард куб метрден аслам тәбийғый газди қайта ислеў қуўатлылығына ийе Қандим газди қайта ислеў заводы жумыс ислемекте. Ҳаузақ ҳәм Шады кәнлери, Қубла-Арқа Гиссардағы кәнлер өзлестирилмекте. Әҳмийетли гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Сәўбетлесиў ўақтында пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Биргеликтеги жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм «ЛУКОЙЛ» компаниясы менен стратегиялық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған уйымлараралық жумысшы топар дүзиў ҳәм «жол карта»сын қабыл етиўге келисип алынды.
Дерек: ӨзА