Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Германия жетекшилериниң саммити болып өтти

2021-03-12 | Сиясат

Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев 12-март сәнесиниң екинши ярымында Германия Федерал канцлери Ангела Меркель менен видеоәнжуман түринде сөйлесиў өткерди.

Бүгинги күнде дүньяның алдынғы мәмлекетлеринен бири болған Германия санаат ҳәм технологиялар бағдарында тән алынған жетекши сыпатында глобал экономиканың түрли тармақ ҳәм тараўларында алдынғы орынды ийелеп келмекте.

Буннан тысқары, Германия пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў бойынша халықаралық басламаларды алып шығыўда белсене қатнасып, дүнья мәмлекетлерине, соның ишинде, Өзбекстанға үлкен әмелий жәрдем көрсетпекте.

Атап айтқанда, Германияның жәрдеми менен COVAX басламасы шеңберинде усы айдың ақырында мәмлекетимизге коронавирусқа қарсы вакцинаның биринши ири партиясы жеткерип бериледи. Буннан тысқары, Европаның жуқпалы кеселликлерди үйрениў тараўындағы абырайлы илимий-изертлеў мәкемеси ­ Роберт Кох институты менен тығыз бирге ислесиў орнатылған.

Өзбекстан ҳәм Германия жетекшилериниң бүгинги ушырасыўының күн тәртибинен дүньяда қыйын эпидемиологиялық жағдай ақыбетинде дағдарыслы ҳәдийселер күшейиўи шараятында мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери орын алды.

Өзбекстан Президенти ҳәм Германия Канцлери еки жыл бурын Берлин қаласында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўларда ерисилген келисимлердиң биргеликте әмелге асырылып атырғаны еки тәреплеме қатнасықлардың турақлы пәтлер менен раўажланыўын тәмийинлеп атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Елимиз басшысы мәмлекетимизде жаңа демократиялық жаңаланыўлар сиясатын булжытпай қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм елимиздеги социаллық-экономикалық реформаларға финанслық-техникалық жақтан көмеклесиў бағдарламасын кеңейтип атырғаны ушын ГФР ҳүкиметине миннетдаршылық билдирди.

Экономикалық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Германия Өзбекстанның әҳмийетли технологиялық ҳәм инвестициялық шериги болып келмекте.

Кейинги жылларда өз-ара товар алмасыў көлеми 1,5 есе көбейди, 50 ге шамалас жаңа қоспа кәрхана шөлкемлестирилди. Өзбекстанда Германияның «MAN», «Claas», «Knauf», «Papenburg» сыяқлы белгили компаниялары белсене ислемекте. «Volkswagen» ҳәм «Viessmann» компаниялары туңғыш мәрте елимиз базарына кирип келген болса, узақ тәнепистен соң «Siemens» ҳәм «Bosch» компаниялары қайтып келди. Өткен жылда Германия компаниялары тәрепинен мәмлекетимиз экономикасына киргизилген инвестициялар көлеми 700 миллион доллардан асты.

Ушырасыўда қоспа жойбарлар, исбилерменлердиң байланыслары ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, жетекши немис компаниялары ҳәм банк институтларының Өзбекстандағы жумысларын кеңейтиўге келисип алынды.

Кооперацияның жаңа бағдарларын, бәринен бурын, индустриал кластерлер, санластырыў ҳәм «жасыл» экономиканы раўажландырыў мәселелерин додалаў, қайта тиклениўши энергетика тараўындағы жойбарларды алға қойыў мақсетинде быйылғы жылдың май айында Өзбекстан-Германия исбилерменлер кеңесиниң гезектеги ушырасыўын өткериў режелестирилди.

Тәреплер мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы мәселесинде ҳәм Европа Аўқамы менен конструктивлик пикирлесиў шеңберинде, соның ишинде, Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди таярлаўды тез пурсатта жуўмақлаў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм гендер теңлик сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Гуманитар алмасыўлар тараўында Өзбекстанда немис тилиниң үйренилиўин кеңейтиў ҳәм бул бағдарда тийисли мәмлекетлик бағдарламаны қабыл етиў басламасы қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан Президенти ҳәм Германия Канцлери халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер және глобал ҳәм регионаллық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў бойынша да пикир алысты.

Мәмлекетимиздиң Орайлық Азияда дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы сиясаты қоллап-қуўатланды. Аўғанстандағы тынышлық процесине көмеклесиў, усы мақсетте транспорт ҳәм энергетика тараўларында регионаллық инфраструктура жойбарларын алға қойыў бағдарында көрилип атырған ҳәрекетлер жоқары баҳаланды.

Сөйлесиўлер жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Федерал канцлер Ангела Меркельди Өзбекстан Республикасына сапар менен келиўге мирәт етти.

Өзбекстан ҳәм Германия жетекшилериниң ушырасыўы ҳәр сапарғыдай ашық ҳәм конструктивлик орталықта, исшең ҳәм дослық руўхында өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться