Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында

2021-02-26 | Сиясат

26-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиў алдында Түркия Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм үлкен табыслар және дос түрк халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи. Президент Эрдоғанның заманагөй Түркияның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, халықаралық майданда мәмлекеттиң абырайын арттырыўдағы роли айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўде еки тәреплеме ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер додаланды.

Еки мәмлекет жетекшилери жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер пандемияның қыйын шараятларында көп қырлы Өзбекстан – Түркия бирге ислесиўиниң жоқары пәтин сақлап қалыўға хызмет етип атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Президенти Түркия ҳүкимети тәрепинен елимизде коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиўде көрсетилип атырған жәрдем ҳәм әмелий көмек ушын өзиниң кәсиплесине және бир мәрте миннетдаршылық билдирди.

Саўда, санаат, энергетика, инфраструктура, транспорт, аўыл хожалығы тараўларындағы қоспа жойбарлар, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларының әмелге асырылыўы да көрип шығылды.

Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестицияларды көбейтиў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў, соның ишинде, Преференциал саўда ҳаққындағы келисимди тез ўақыт ишинде таярлаў ҳәм қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Инвестициялық орталықты жетилистириў, аймақларды жедел индустриал раўажландырыў, арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелеринде Түркияның алдыңғы тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиўдеги бирге ислесиўи жеделлеспекте.

Мәмлекет басшылары билимлендириў, кинематография, мәденият ҳәм туризм тараўларында бир қатар әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенин атап өтти.

Сондай-ақ, болажақ уллы ҳәм жоқары дәрежедеги еки ҳәм көп тәреплеме  илажлар және сөйлесиўлер режеси додаланды, соның ишинде, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң болажақ саммитине таярлықтың барысы көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлериниң сөйлесиўи әдеттегидей ашық, дослық ҳәм өз-ара исеним руўхында болып өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться