Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев: «Наманганға адамлардың ертеңги күнин жақсылаў ушын үлкен режелер, үлкен қаржылар менен келдик»
2021-02-19 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев санаат кәрханалары, аўыл хожалығы жойбарлары, қурылыс жумыслары менен жақыннан танысыў, мәҳәллелердеги шараятты үйрениў мақсетинде 18-февраль күни Наманган ўәлаятына келди.
Сапар бағдарламасына муўапық биринши мәнзил Янгиқорған районы болды.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы июнь айында ўәлаятта болғанында Косонсай, Чартақ, Янгиқорған районларын бағшылыққа қәнигелестириў жақсы нәтийже беретуғынын айтқан еди. Усы жыл 11-январьда болса «Наманган ўәлаятының Косонсай, Чартақ ҳәм Янгиқорған районларында мийўе-овощ жетистириў ҳәм жүзимшиликти раўажландырыў илажлары ҳаққында» Президент Қарары қабыл етилди.
Соған муўапық, бул таўлы районларда заманагөй бағ ҳәм жүзимгершиликлер шөлкемлестирилмекте.
Олардан бири – Янгиқорғандағы «Sura General Investments» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бағы. Бурын суўғарылмағанлығы себепли усы ўақытқа шекем өнимли пайдаланылмай келинген бул жерде Бирлескен Араб Әмирликлериниң 3 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы есабынан 102 гектар майданда интенсив бағ жаратылды.
Бәринен бурын, 250 метр тереңликтен суў шығарылды. Бассейн қазылып, тамшылатып суўғарыў системасы орнатылды. Өткен жылы Италиядан нәл алып келинип, 48 гектарға шийе, 26 гектарға ерик, 22 гектарға шабдалы, 7 гектарға қәрели егилди.
Президентимиз бағтың экономикалық нәтийжелилиги менен қызықты. Бул жерде мийўе өнимдарлығы әпиўайы усылға салыстырғанда 3 мәрте жоқары. Сортлары да базарға жарамлы. Тамшылатып суўғарыў системасының нәтийжесинде ҳәр гектар жерде суўды 2 есеге көбирек үнемлеў мүмкин.
Мийўе ағашлары келеси жылы зүрәәт береди. Бағтың жыллық қуўатлылығы 5 мың тонна болады. 4 миллион долларлық өнимди экспорт етиў режелестирилген. Кәрхана және мың гектарда бағ жаратыўды мақсет еткен.
Бағда 40 адам жумыс пенен тәмийинленген. Қарықлар арасында овощ жетистириў ушын жумыссыз жасларға жер бөлип берилген.
Мәмлекетимиз басшысы усындай жаслар менен сәўбетлести.
– Сизлердиң жумыслы болғанларыңызды, кейпиятларыңызды көрип қуўанып атырман. Жолларыңызды таўып, жумыс пенен болып, бириңизди еки етип, перзентлердиң кәмалын көрип жасасаңыз – мениң ең үлкен мақсетим усы. Оның ушын усының менен шекленбей, көбирек билим алыўыңыз, жаңа шеклерге умтылыўыңыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бурын наманганлы 160 мың адам сырт елге жумыс излеп кеткени, бүгин жаратылып атырған имканиятлардың нәтийжесинде олардың 100 мыңы елимизге қайтып келгени атап өтилди.
– Жаслар жолын көз алдына келтире алса, күш пайда болады. Қыйыншылықлардан, сынақлардан қапа болмаў керек. Өмир мектебин өтеген адам дүньяға басқаша қарайды. Жаслардың жақсысы да, жаманы да бизиң перзентлеримиз. Сизлерге уқсаған умтылыўшаң, ертенги күнине бийпарўа болмаған, кәсип-өнерли жаслар басқа теңлеслерине өрнек болыўы керек, – деди Президент.
Президентимиз интенсив бағтың инвесторы менен сөйлести.
Усы жерде Наманган ўәлаятында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылатуғын жойбарлардың презентациясы өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы Чуст районындағы «Chust textile» жеке меншик кәрханасын барып көрди.
Жаслар ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў – мәмлекетимиз сиясатының ең тийкарғы бағдары. Усы мақсетте қала ҳәм районларда тоқымашылық комплекслери шөлкемлестирилмекте. Оның ушын шийки зат, инфраструктура ҳәм базар бар.
«Chust textile» кәрханасы «Наманган» еркин экономикалық зонасының аймағында шөлкемлестирилген. Фабриканың еки комплексинде 1 мың 300 адам мийнет етпекте.
Кәрхана буйыртпаға қарап, барлық түрдеги сыртқы ҳәм ишки кийимлерди ислеп шығарыў мүмкин. 2020-жылы дерлик 2 мың тонна гезлеме және 5 миллион 200 мың дана таяр трикотаж өними ислеп шығарылып, Италия, Россия, Қазақстан ҳәм Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерге 9 миллион доллардан аслам экспорт етилген. Быйылғы жылы экспорт көлемин 12 миллион долларға жеткериў режелестирилген.
Президент кәрханадағы жумыс процесин, таяр өнимлерди көзден өткерди.
– Бурын ийилип пахта егетуғын едик, ийилип теретуғын едик, бирақ басқа мәмлекетлерди бағатуғын едик. Соңғы жылларда жаратылған имканиятлар себепли жаңа кәрханалар пайда болып атыр, исбилерменлер емин-еркин раўажланып атыр, қайта ислеў дәрежеси артып атыр. Кластерлер дүзип, пахтаны ийели еткенимиз ушын оның сапасы да өзгерип атыр. Пахта сапалы болса, исбилерменге аңсат болады, өними сапалы, бәсекиге шыдамлы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Кәрхана имаратлары көп материал жумсалмай, ангар усылында қурылған. Нәтийжеде қурылыстың өзинен 6 миллион доллар үнемленген. Және бир айырмашылық сонда, объект дәстүрий усылға салыстырғанда 2-3 мәрте тез жыйналады ҳәм тикленеди. Арзан ҳәм сапалы бул материалды кейиншелик зәрүр болғанда оңлаў ушын да аз қаржы жумсалады. Имарат самал, қар ҳәм жер силкиниўге оғада шыдамлы. Арнаўлы ҳаўа алмастырыў үскенелери менен тәмийинленгени себепли қыста ыссылық, жазда салқынлық тәмийинленген.
Мәмлекетимиз басшысы бул өнимниң өзине түсер баҳасына, бәсекиге шыдамлылығына тәсирин атап өтип, басқа тоқымашылық комплекслерин де усындай жойбар тийкарында қурыў бойынша көрсетпе берди.
«Chust textile» жойбарының улыўма баҳасы дерлик 12 миллион доллар болып, үш басқышқа мөлшерленген. Толық қуўатлылықта жылына 5 мың тонна гезлеме, 15 миллион дана таяр өним ислеп шығарыў мүмкин. Жумысшылардың санын 2 мың 200 ге жеткериў режелестирилген.
Усы жерде Наманган ўәлаятында әмелге асырылатуғын ири инвестициялық жойбарлардың презентациясы болып өтти.
Соннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласындағы «Даштбағ» киши санаат зонасында болды.
Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында санаат потенциалын буннан былай да арттырыў ушын район ҳәм қалаларда технопарк, киши санаат зоналары, аймақлық кластер ҳәм логистика орайлары шөлкемлестирилиўин айтқан еди.
Атап айтқанда, Наманган ўәлаятында 72 киши санаат зонасы ушын орын ажыратылған. Бүгинги күнде соннан 34 и қурылып, пайдаланыўға тапсырылған.
Даштбағтағы комплекс жақында шөлкемлестирилгенлигине қарамастан, кәрханалар избе-из иске қосыла баслады. Мәселен, «Dream liner tekstil» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде арнаўлы кийимлер ҳәм ерлердиң көйлегин тигиў жолға қойылады. Бул жерде жергиликли халық ўәкиллеринен 120 сы ислемекте.
Шавкат Мирзиёев олар менен сәўбетлести.
– Еситип атырсыз, Өзбекстанда «мәҳәлле кесиминде», «үйме- үй» деген сөзлер пайда болды. Бул – ҳәр бир шаңарақтың дәртин, нийетин билип, оларға ийинлес, жәрдемши болыў, сизлер жумыслы болып, бир-бириңиз бенен көрисип, ўәлаятта, мәмлекетимизде болып атырған жаңалықлардан хабардар болып, жақсы кейпиятта жасап атырғаныңыз – әне усы ҳәрекет нәтийжелеринен бири дегени. Алдында және режелеримиз, мақсетлеримиз көп. Наманганға да адамлардың ертеңги күнин жақсылаў ушын үлкен режелер, үлкен қаржылар менен келдик, – деди Президент.
Бул жерде және төрт кәрхана жумыс ислемекте. «Navro‘z tekstil sanoat» кәрханасында балалар ҳәм ерлердиң кийими, «Aziz Dizayn Servis» кәрханасында сумка, рюкзак ҳәм чемодан, «Biaz text» да сендвич панеллер ислеп шығарылмақта. «Келешек мега строй» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен оқыў орайы ашылған. Усы кәрханаларда 300 ге шамалас жумыс орны жаратылған.
«Даштбағ» киши санаат зонасының жери дерлик 4 гектар. Және көплеген кәрханаларда қурылыс, үскенелер орнатыў даўам етпекте. Санаат зонасында улыўма баҳасы 119 миллиард сумлық 22 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. 3 мыңнан аслам жумыс орнын жаратып, 2,7 миллион долларлық экспорт етиў мөлшерленген.
Киши санаат зонасы Даштбағ мәҳәллеси ишинде жайласқан. Бул жерде 1 мектеп, 2 бақша, медицина пункти, Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм Миллий банктиң филиалы бар. 4700 ден аслам халық жасайтуғын мәҳәлледе киши санаат зонасы қурылғаны, әсресе, ҳәммени қуўандырды. Ҳәзирдиң өзинде 60 тан аслам жас турақлы жумыс орнына ийе болды. Санаат зонасы толық жумыс баслағаннан соң, Даштбағ мәҳәллесинде жасайтуғын 1500 ден аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди. Яғный мәҳәлледе жумыссыз адам, дерлик, қалмайды. Буннан тысқары усы әтирапта жасайтуғын Шадлық, Заркент, Жоқары Ғирвон, Орта Ғирвон, Меҳрибанлық, Обиҳаёт, Зарафон сыяқлы мәҳәллелерде жасайтуғын жүзлеген жаслар жумыслы болады.
Усы жерде Наманган ўәлаятында жол, транспорт, қурылыс ҳәм коммуналлық инфраструктураны раўажландырыў илажлары додаланды. Мәмлекетимиз басшысы Ахсикент естелигин ашық аспан астындағы музейге айландырыў жойбарына айрықша итибар қаратты.
– Ахсикент – оғада сийрек ушырасатуғын естелик. Ол жердеги жумысларды илим менен, миллий мақтаныш пенен, ҳүрмет пенен ислеў керек. Бул жер «Наманганның Регистаны» болыўы керек, – деди Президент.
Президент «Даштбағ» киши санаат зонасындағы кәрханаларды көргенинен кейин мәҳәлледеги шараятларды көзден өткерди. Исмоил Киргизов ҳәм Малика Парпиеваның үйинде болып, олар менен сәўбетлести. Сәўбетлесиўге қоңсылар да келди.
– Мен көбирек әпиўайы адамлар менен сөйлессем, сизлердиң көзлериңизге қарасам, нийетлериңизди билсем, деймен, – деди Шавкат Мирзиёев.
Нуранийлер мәҳәлле системасына итибар нәтийжесин өз турмысы мысалында айтып берди. Социаллық машқалалар шешилип, турмыс шараятының жақсыланып атырғанлығын айтты.
– Не ушын ҳәмме күшти мәҳәллеге қаратып атырмыз. Орайдағы бир көшени жақтыландырғанымыз бенен адамлар разы болмайды. Мәҳәллелердеги адамларымыз, ҳаялларымыз, жанажан жасларымызды ким тыңлайды?! Наманган ўәлаятында да 141 мәҳәлледе машқалалар бар – қай жерде жол жоқ, қай жерде суў жоқ, қай жерде жумыссызлық көп. Бул кемшиликлерди билип, сезип, үлкен қаржы менен келдик. Енди оны ким қадағалайды, ким халықты ойлайды! Мәҳәлле, жәмийетшилик. Енди мәҳәллениң баслығы жаңалыққа умтылған, адамлардың аўырын жеңил ететуғын болыўы керек, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Даштбағ мәҳәллеси уйымын, Мәмлекетлик хызметлер орайының филиалын көзден өткерди.
Президент Наманган қаласындағы «Art soft holding» кәрханасының илимий-әмелий тәжрийбе арттырыў орайы және «Жумысқа мәрҳамат» моноорайының жумысы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 11- августтағы «Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў және халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, барлық аймақларда усындай орайлар шөлкемлестирилмекте.
«Art soft holding» кәрханасының орайы тоқымашылық тараўына қәнигелескен. Бул жерде 12 түрдеги жумысшы кәсип бойынша жылына 2 мыңнан аслам қәниге таярланады.
Кәрхана жанында жайласқан моноорайда 9 тараўдың 27 түрдеги бағдары бойынша жылына 3 мыңнан аслам халық оқытылады. Бул бағдарлар мийнет базарының талабын үйрениў тийкарында шөлкемлестирилген. Оқыў ҳәм сабақ өтиў ханалары зәрүр қурал-әсбап, станок, компьютер, муляж ҳәм басқа да әмелият үскенелери менен тәмийинленген.
Әҳмийетли тәрепи сонда, орай мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ислейди. Сабақларды әмелиятши усталар, исбилерменлер алып барады. Мәмлекет шараят жаратып, илимий-өндирислик жағынан тәмийинлейди, исбилерменлер болса өзлери оқытқан жасларды жумысқа алады. Яғный, бул жерде кәсип үйренген жигит-қызлар жумыссыз қалмайды.
Орайда мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллери де үйретиледи. Атап айтқанда, 85 -қәнигелер онлайн хызметлер көрсетип, жақсы дәрамат таппақта.
Президентимиз орайда жаратылған шараятлар менен танысты, устазлар, кәсип үйренип атырған жаслар менен сәўбетлести.
Шавкат Мирзиёев усы жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине интервью берди. Мәмлекетимиз басшысының ўәлаятқа келиўиниң тийкарғы мақсети, реформаларды әмелге асырыўды қыйыншылық туўдырып атырған факторлар, Наманганның экономикалық потециалы, исбилермен адамлары ҳаққында сөз етти.
Моноорайда Наманган ўәлаятында «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын шөлкемлестириў бойынша презентация өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысының Наманган ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,
ӨзАның хабаршылары
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги