Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сенат Баслығы Мойнақ районында бир қатар жойбарлар менен танысты

2021-01-23 | Жәмийет

Усы күнлерде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева республикамызда хызмет сапарында болмақта.

2021-жыл 22-январь күни Сенат Баслығы Т.Нарбаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Мойнақ районына барды.

Буннан 4-5 жыл алдын Мойнаққа келген адам бүгин бул жерде алып барылып атырған қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумысларын көрип таң қалары сөзсиз. Президентимиздиң бул районға сапары даўамында «Мәденият Мойнақтан басланады», деген идеясы тийкарында бул жерде үлкен жумыслар әмелге асырылды. Олардың бири – район орайында өткен жылы қурылған «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайы болып есапланады.

«Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайы Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмаларға муўапық Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясыныӊ қаржысы есабынан қурып-питкерилди.

Мәўсим даўамында 1500 баланы саўалландырыўға мөлшерленген бул орайда ул-қызлардың жазғы дем алысын мазмунлы өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылған.  250 орынлық жатақхана, футбол, баскетбол, волейбол майданшалары, жүзиў бассейни, китапхана, концерт залы, руўхый-ағартыўшылық ханасы, жазғы театр сахнасы, көркем өнер ҳәм спорт дөгереклери бар. Медицина ханалары, асханалар заманагөй үскенелер менен тәмийинленген.

Мийманлар дәслеп усы орайда болып, бул жерде балалар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Бәршемизге белгили, Президентимиздиң басламасы менен 2018-жыл Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» жаратыў ушын сексеўил егиў жумыслары басланған еди. Ҳәзирги ўақытта бул илажлар даўам етирилип, бул ийгиликли ислерге барлық аймақтан жумысшы ҳәм механизаторлар өз үлесин қоспақта.

Парламент жоқары палатасы Баслығы Т.Нарбаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Арал теңизиниң қурыған ултанында шөлкемлестирилген штабта болып, сексеўил егиў жумысларының барысы менен танысты.

Соның менен бирге, бул жерде «Аралға жәрдем» акциясы өткерилип, усы акция шеңберинде мийманлар жумысшы ҳәм механизаторлар менен ушырасты ҳәм оларға жаратылған шараятлар менен танысты. Илаж шеңберинде штабқа сексеўил туқымы, нәл ҳәм азық-аўқатлық өнимлер берилди. Сексеўил егиў жумысы қатнасыўшылары ушын мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сапар шеңберинде мийманлар райондағы Мойнақ экология музейи экспонатлари менен танысты. Бул шерде сүўретши ҳәм дизайнер қызлар менен сәўбетлесип, олардың дөретиўшилик жумысларын жоқары баҳалады. Өз нәўбетинде, оларға дөретиўшилик излениўин даўам еттириўи ушын кеңеслер берди.

— Бахытлы заманда жасап атырмыз, өтип атырған ҳәр бир күнимизден кеўиллерде мақтаныш сезими оянады, — дейди жас дизайнер А.Туралиева. — Әсиресе, соңғы жылларда бир ғана бизиң Мойнақ районымызда әмелге асырылған жумысларды көрип, илҳам-йош келеди. Биз, жас дөретиўшилер Мойнағымыздың жаңа тарийхын бирге жаратып атырғанымыздан бахытлымыз.

Буннан тысқары, мийманлар районындағы Мәденият сарайында шөлкемлестирилген “Нафосат” атлы модалар көргизбесиниң ашылыў салтанатларында қатнасты. Илажда дизайнерлер тәрепинен жаратылған миллий кийимлер ҳәм бас кийимлер, әййемги безеклер көрсетилди. Илажда өзлериниң дөретиўшилик жумыслар менен белсендилик көрсеткен бир топар дизайнерлер сыйлықланды.

Сондай-ақ, Т.Нарбаева “Мойнақ текстиль” кәрханасында ислеп шығарылып атырған өнимлер менен танысып, бул жерде мийнет етип атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести. Сондай-ақ, «Хаяллар дәптери»не киргизилген кем тәмийинленген ҳәм көп балалы ҳаяллар менен ушырасып, оларға баҳалы саўғалар тапсырды.

Сенат Баслығының Қарақалпақстан Республикасына сапары даўам етпекте.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты мәлимлеме хызмети

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться