Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
БАТЫР ЗАРИПОВ БУХАРА ЎӘЛАЯТЫНЫҢ ҲӘКИМИ ЕТИП ТАСТЫЙЫҚЛАНДЫ
2021-01-22 | Сиясат
Бухара қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына Министрлер Кабинети, республика министрликлери ҳәм уйымлары, ўәлаят, район ҳәм қала секторларының басшылары, белсендилер қатнаспақта.
Мәмлекетимиз басшысы 2020-жылы дүнья жәмийетшилигиниң басына үлкен сынақлар түскенлиги, бул Бухара ўәлаятында да үлкен жоғалтыўларға себеп болғанлығы, соның ишинде, ўәлаяттың бурынғы басшылары Ўктам Барноев ҳәм Карим Камолов пандемия қурбаны болғанлығын атап өтти.
Дүньядағы ҳәзирги эпидемиологиялық жағдай, коронавирус пандемиясы еле даўам етип атырғанлығы, Европадан шыққан жаңа штамм қәўипли түрде тез тарқалып атырғанлығы, бул ҳәр биримиз денсаўлығымызға сергек ҳәм және де итибарлы болыўымызды талап етип атырғанлығы атап өтилди.
Бәсеки, қарам-қарсылық күшейип баратырған ҳәзирги заманда үлкен-киши басшылар жуўапкершиликти сезинип, хылқымыздың ертенги күни жақсы болыўы ушын айрықша ислеўи ҳәм тынып-тыншымаўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Кеше Алат районында мәҳәлле басшылары, сектор басшылары менен ушырастым. Бүгин район ҳәкимлери, сектор басшылары дурыс қәдем тасламай атыр ма, деген сораў ҳәммемизди қыйнаўы керек. Қабыл етилип атырған қарарлардың орынлардағы орынланыўы қандай болып атырғанлығын Мүрәжатта, жақында өткерилген мәжилисте де айттым. Президенттиң қарарларын 60 процент район ҳәм қала ҳәкимлери түсинбейди. Неге? Өз үстинде ислемейди, – деди Шавкат Мирзёев.
Президент сессия күн тәртибине бүгинги шараятты есапқа алып, Бухара ўәлаятына ўатансүйиўши, пидайы, исенимли басшыны тайынлаў мәселеси қойылғанлығын айтты.
– Биз үш айдан берли ўәлаят ҳәкими лаўазымына Ботир Зариповти сынап атырмыз. Әлбетте оған қыйын, аңсат болмайды. «Мен Ташкентте жүрген екенмен, адамларды мобилизациялаў, жаңа идеяларға исендириў, өзгертиў оғада қыйын мәселе екен», деп өзи айтты. Бул да дурыс. Түсингени ушын маған ҳәмме сораўларды берип атыр. Шешими бар бул сораўлардың. Депутатлар, белсендилер, район ҳәкимлери, мәҳәлле басшылары ислеўи керек. Енди мәҳәлле үлкен күш болып атыр. Егер мәҳәлле дүньяқарасын өзгерте алса кейпият да, экономика да өзгереди, – деди Шавкат Мирзиёев.
Шығып сөйлегенлер талабан ҳақындағы пикирлерин айтты. Жергиликли кеңес депутатлары Президент усыныс еткен талабанды қоллап-қуўатлап, Ботир Зарипов Бухара ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.
Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң сессиясы даўам етпекте.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
ӨзАның хабаршысы
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги