Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Шавкат Мирзиёев: Армия тек қурал-жарақ пенен емес, ана ўатан ушын жанын аямайтуғын әскерлер менен қудиретли болып есапланады
2021-01-14 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёевтиң пәрманларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлеринен бир топары әскерий атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.
14-январь күни әне усындай жоқары сыйлықларды тапсырыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы жыйналғанларды, барлық әскерлерди, олардың шаңарақ ағзаларын байрам менен қутлықлады.
Мәресимде атап өтилгениндей, өз өмирин Ўатан қорғаўдай муқаддес ҳәм жуўапкершиликли иске бағышлаған ҳәм оны ҳәр күни, ҳәр минутта әмелде дәлиллеп атырған әскер ҳәм офицерлеримиз бизиң мақтанышымыз. Әсиресе, өткен жылы өз ўазыйпасын атқарыў менен бирге, халқымыздың басына түскен аўыр сынақларды мәртлик пенен жеңип өтиўде олардың хызметлери оғада үлкен болғанын ел-журтымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.
Соңғы жылларда мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин және де беккемлеў, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын, шегараларамыздың қол қатылмаслығын исенимли қорғаў мақсетинде әскерий тараўда кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.
Бурын армия өз алдына, халық өз алдына бир дүнья еди. Президент Шавкат Мирзиёев биринши күнлерден «халық пенен армия – бир тән, бир жан» деген әҳмийетли идеяны алға қойды ҳәм жағдай түп-тийкарынан өзгерди.
Әскерий бөлимлердиң есиклери халық ушын, болажақ Ўатан сақшылары – жас әўлад ушын бәрқулла ашық болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Ғәрезсизлик идеяларына садық, ўатансүйиўши әскерий кадрлардың жаңа әўладын жетистириўге үлкен итибар берилмекте. Әскер ҳәм офицерлердиң заманагөй билим алыўы, әскерий техника ҳәм технологияларды толық меңгериўи, әскерий – ўатансүйиўшилик тәрбиясы бас мақсет етип белгиленген.
– Армия тек қурал-жарақ пенен ғана күшли есапланбайды, ал ана Ўатан ушын жанын аямайтуғын әскерлер-әскер ҳәм офицерлер, генераллар менен қүдиретли болып есапланады, – деп атап өтти Президент. – Армиямыздың имканиятларын ҳәм жаўынгерлик потенциалын белгилейтуғын тийкарғы фактор мине усы, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз деп ойлайман.
Мәресимде бүгин дүньяның түрли орынларында тынышлық ҳәм абаданлыққа қәўип-қәтерлер, қарама-қарсылықлар ҳәм соқлығысыўлар жүз берип атырғанлығы атап өтилди. Бундай жағдайлар пүткил инсаният қатары халқымызды да тынышсызландырыўы тәбийғый. Бул қәўиплерге мүнәсип қарсы турыў ушын инсанда шын мәнисинде ўатансүйиўшилик, жоқары билим ҳәм ақыл-ой, беккем ерк-ықрар болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Уллы сәркарда Әмир Темур бабамыз: «Әскерлери батыр ел қүдиретли болады», дегенлеринде тап усы ҳақыйқатты нәзерде тутқан еди. Мен ҳәр бир әскер, Ўатанның ҳәр бир сақшысы Әмир Темур ҳәм уллы әскербасыларымыздың үгит-нәсиятларын, олардың әскерий мийрасын терең билиўи керек, деп қайта-қайта айтып келемен. Бул мәңги ҳәм бийбаҳа мийрас ҳәзирги күнде де ҳәр биримиздиң жүрегимизге шексиз мақтаныш бағышлайды, муқаддес топырағымызға садықлық сезимлерин күшейтеди, деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз жоқары мәмлекетлик сыйлықларға ийе болған мәрт әскерлерди әне усындай ата-бабаларымыздың шын мәнисиндеги мийрасхорлары, деп атап өтти.
Мәресимде Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, бажыхана системасы ҳәм ишки ислер уйымларының хызметкерлери қатнасты.
Жоқарғы Бас Сәркарда жыйналғанлар тымсалында бүгин орынларда жоқары мәмлекетлик сыйлықларды қабыл етип атырған барлық әскерий хызметкерлерди қызғын қутлықлады.
Президент Шавкат Мирзиёев атақ ҳаққындағы гүўалықларды, орден ҳәм медальларды салтанатлы түрде тапсырды. Ўатан қорғаўшыларына беккем денсаўлық, өзлерине тапсырылған уллы ўазыйпаларды нәтийжели атқарыўда үлкен табыслар тиледи.
Сыйлықланғанлар жоқары итибар, әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары қоллап-қуўатланып атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги