Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Машина қурылысы санаатын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

2021-01-13 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 13-январь күни  машина қурылысы тармағын трансформациялаў ҳәм тараўда бәсекини раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Усы тармақ мәмлекетимиз экономикасының жетекши бағдарларынан болып, санааттағы үлеси 11 процентти қурайды. Соның менен бирге, есап-санақларға бола, бул тараўда өндиристи  бир неше есеге  арттырыў имканияты бар.

Бүгинги күнде бир қатар компаниялар Өзбекстанда өндиристи жолға қойыў ҳәм инвестициялар алып кириў тилегин билдирмекте.

Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы локализация дәрежесинен келип шығып, ислеп шығарыўшылар ушын бирдей шараятлар енгизиў бойынша көрсетпе берди. Онда,  автомобильлерди  санаат усылында жыйнаў, жылына 50-60 мың арзан автомашина ҳәм электромобильлер ислеп шығарыўға  инвестиция киргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жылы Хорезмде кузов детальларын таярлаў кәрханасы, Әндижанда 4, Наўайы ўәлаятында 2 локализациялаў жойбарлары иске қосылады. Кооперация платформасы шеңберинде 122 жеке меншик кәрхананың қатнасыўында және 80 деталь ислеп шығарыў локализацияланады.

Мәмлекетимизде барлық мәмлекетлик кәрханаларды реформалаў бағдарламасы әмелге асырылмақта. Мәжилисте усы мәселеге итбар қаратылып, сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында «Өзавтосанаат» жумысын трансформациялаў офисин шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Бул процесслерде Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты  қысқартыў  министрлиги жетекши болып, жумысларды муўапықластырады.

1-июльге шекем тармақ қурамындағы 40 кәрхананы трансформациялаў басланады. Тармақта бәсеки орталығын раўажландырыў ушын компания қурамындағы зәрүр ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығаратуғын 23 кәрхананы меншиклестириўге таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. «Өзавтосанаат»тың тийкарғы жумысына байланыслы болмаған 14 шөлкемдеги үлеслерин сатыўға шығарыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте аўыл хожалығы машина қурылысын реформалаў мәселеси де  ҳәр тәреплеме  додаланды. Тармақта экономикалық  нәтийжелиликти арттырыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Жуўапкерлерге кәрханалардың бос жер майданларын оптималластырыў, техникалардың  өзине түсер баҳасын 30 процентке шекем түсириў бойынша көрсетпелер берилди.

Арзан техникалар ислеп шығарыўды жолға қойыў, усы жылдың ақырына шекем олардың локализациясын 30 процентке, келеси жылы болса кеминде  45 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпалар бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться