Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ғәрезсизлигимиз, аймақлық бир пүтинлигимиздиң исенимли қалқаны

2021-01-11 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 11 –январь күни Жиззақ ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Орайлық әскерий округтиң артиллерия бригадасын барып көрди.

Усы әскерий бөлимде үлкен көлемдеги қурылыс ҳәм  оңлаў жумыслары әмелге асырылып, барлық заманагөй қолайлықлар жаратылған. Президент Шавкат Мирзиёев бул шараятларды көзден өткерди.

– Тийкарғы мақсетимиз – халық пенен армияның бирлиги. Әскерий бөлимлердиң есиклери ел ушын ашық болыўы керек. Миллий армиямыздың нуры, мәнаўияты ҳәммеге жетип барыўы зәрүр. Жасларды бул жерге алып келип көрсетиў, үйретиў керек. Бул оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мәмлекетимиз тарийхы ҳәм күш-қүдирети ҳаққында билимлерин байытыўға хызмет етеди. Буннан ата-аналар да қуўанды, – деди Президент.

Оқыў имараты ең алдынғы әскерий таярлық талапларына сәйкес үскенеленген. Оқыў тренажёрлары жаўынгерлик ҳалатқа максимал жақынластырылған.

Мәмлекетимиз басшысы әскерлердиң оқыў-шынығыўларын көзден өткерди. Әскерий билим ҳәм көнликпелерди мектеп дәўиринен дурыс жолға қойыў, әскерий билим орайлары менен әскерий округлер арасындағы қатнасықты күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жуўапкерлерге бүгин дүньяда бақланып атырған қәўип-қәтерлерден келип шығып, жаўынгерлик таярлықты жаңа басқышқа көтериў, сырт ел тәжирийбесин үйрениў, ең алдынғы мәлимлеме технологияларын өзлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Жатақханаларда әскерий хызметкерлердиң жасаўы, дем алыўы, ўақтын мазмунлы өткерип, билимлерин беккемлеўи ушын барлық қолайлықлар бар.

Әскерий бөлимниң асханасына хызмет көрсетиў бойынша аутсорсинг системасы енгизилген. Бул әскерлердиң барлық ўақты ҳәм күш-жигерин профессионал таярлыққа қаратыў имканиятын бермекте.

Шавкат Мирзиёев әскерий бөлимдеги медицина пунктин кирип көрди. Бул жерде әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына жоқары хызмет көрсетилмекте.

Президентимиз бул пункттеги үскене ҳәм кадрлар потенциалынан пайдаланып, әскерий бөлим жанындағы Алмашы мәҳәллесиниң халқын медициналық тексериўден өткериў, халық саламатлығын беккемлеўге үлес қосыў зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, Қорғаныў министрлигиниң резерви сыпатында ҳәр бири 500 орынлық еки мобиль госпитал шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Соннан кейин мәмлекетимиз басшысы «Фориш» таў полигонында Қорғаныў министрлиги әскерлериниң жаўынгерлик таярлығы менен танысты.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл март айында усы аймақта болып, бул жерди үлгили полигонға айландырыў, жаңа концепция ислеп шығып мәмлекетимиздеги барлық әскерий полигонларды модернизацяилаў бойынша тапсырмалар берген еди. Усылардың тийкарында бул арнаўлы оқыў-сынақ майданы заман талапларына ийкемлестирилди, жеке  қурамның таярлығын арттырыўға қаратылған ең алдынғы шараятлар жаратылды.

Буның нәтийжесин база инфраструктурасы жаңаланғанынан соң, бул жерде 2019 ҳәм 2020-жылларда өткерилген Халықаралық армия ойынларында Өзбекстан Қорғаныў министрлиги сайланды командасы биринши орынды қолдан жибермей киятырғанын да көриў мүмкин.

Полигон аймағында қурылған объектлер ҳаққында дәслеп орын макети арқалы мағлыўмат берилди. мәмлекетимиз басшысы әскерлер жатақханасы, жүзиў бассейни, спорт залындағы   шараятлар менен  танысты. Орайлық ҳәм Шығыс әскерий округлериниң регби бойынша сайланды командаларының жарысын бақлады.

Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы әскерий хызметкерлер менен бир дастурхан алдында қызғын сәўбетлести. Талантлы әскерлер бақсышылық көркем өнеринен үзиндилерди атқарды.

Мәмлекетимиз басшысы «Фориш» таў полигонында әскерлердиң қарамағындағы заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техникаларды көзден өткерди.

Оннан кейин Орайлық  әскерий округ әскерлериниң шәртли душпанды жоқ етиў бойынша жаўынгерлик шынығыўлар, әскерий инженерлик әмелиятлары көрсетип берилди.

Әскерий ушыўшы, полковник  Бахтиёр Отажонов өз басқарыўындағы МИГ-29 қырыўшы самолётында елимиздиң ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў потенциалын көрсетти.

Усы сыяқлы  шынығыўлар  әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыўда, олардың заманагөй әскерий техникалардан пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Усы жерде жеке қурам менен сөйлесиў болды. Президентимиз кейинги жылларда әскерий тараўда әмелге асырылып атырған системалы реформалардың нәтийжесинде ғәрезсизлигимиз, аймақлық бир пүтинлигимиздиң исенимли қалқаны болған миллий армиямыз жылдан-жылға жетилисип, әскер ҳәм офицерлердиң билими, күш-қүдирети ҳәм потенциалы артып баратырғанлығын атап өтти.

-Бул полигон халықаралық стандартларға сай болыўы керек. Әскерлерди таярлаў усыған муўапық болыўы зәрүр. Буның ушын  сапа, жаўынгерлик шеберликке айрықша итибар қаратыў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы әскерлерди Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 29 жыллығы және Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады.

– Кейинги жылларда байрам алдында ушырасыў дәстүрге айланды, – деди Шавкат Мирзиёев. – Бүгинги Қураллы Күшлеримиз бес жыл алдынғы армия емес. Қорғаныў доктринамыз бойынша исленген жумыслардың нәтийжесинде миллий армиямыздың потенциалы ҳәр тәреплеме артты. Ерискен жетискенликлеримиз бенен бирге алдымызда көп режелер, ўазыйпалар турыпты. Әскерлердиң жаўынгерлик жағдайын және де беккемлеўимиз керек. Буның ушын билим, тәжирийбе, таярлық зәрүр.

Президент әскерлердиң жаўынгерлик қәбилетин ҳәм таярлығын турақлы  арттырып барыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

Соннан кейин мәмлекетимиз басшысы Ташкентке келди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться