Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫНА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
2021-01-01 | Сиясат
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бийтәкирар диярымызға жаңа-2021-жыл кирип келмекте.
Сиз әзизлерди, қәдирли нураныйларымыз, меҳрибан апа-қарындасларымыз, нәўқыран жасларымызды – көп миллетли пүткил халқымызды усы гөззал әййям менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Барлығыңызға саў-саламатлық, танышлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.
Әзиз дослар!
Ҳәммемиз гүўасымыз, 2020-жыл пүткил дүнья қатары елимиз ушын да аўыр ҳәм қыйын келди. Коронавирус пандемиясы, глобал кризис инсаниятты аўыр сынақтан өткермекте. Мине усындай қурамалы жағдайға қарамастан мәрт ҳәм уллы халқымыздың жигерлилиги, пидәкерлик мийнети менен барлық тараўларда үлкен өзгерислерди әмелге асырдық.
Экономикамыздың жетекши тармақларын раўажландырыўға еристик. Жоқары технологияларға тийкарланған онлаған жаңа кәрханалар, транспорт системалары иске қосылды. Заманагөй турақ жайлар, жол ҳәм көпирлер, бақша ҳәм мектеплер, емлеўханалар, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт орынларын қурдық.
Мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз барлық қыйыншылықларды мәртлерше жеңип өтип, мол зүрәәт жетистирди. Киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликтиң раўажланыўы ушын және де кең имканиятлар ашылды. Жыл даўамында халық, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Өтип баратырған жыл жәмийетимиздиң руўхый-ағартыўшылық турмысында да әҳмийетли ўақыяларға бай болды.
Сырт еллер, бәринен бурын, жақын қоңсыларымыз бенен дослық ҳәм бирге ислесиўди және де күшейттик. Өзбекстанның халықаралық абырайын жоқарылатыў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Қәдирли ўатанласлар!
Биз кирип киятырған 2021-жылға жақсы нийет ҳәм үлкен режелер менен Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы деп атама бердик.
Жаңа жылда экономикалық ҳәм социаллық тараўларда баслаған кең көлемли реформаларымызды избе-из дўама еттиремиз.
Елимизде тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлер ҳәм халықлар арасындағы татыўлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм меҳир-мүриўбетти беккемлеў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.
Халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў, халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиўге айрықша әҳмийет беремиз.
Әзиз жасларымыз, мийнеткеш ҳәм әдепли апа-қарындасларымыз, ҳүрметли кекселеримиздиң турмыслық мәплерин тәмийинлеў итибарымыз орайында болады.
Денсаўлықты сақлаў, саламат турмыс тәризин енгизиў мәселелери жаңа басқышқа көтериледи.
2021-жылы мәмлекетимиз ғәрезсизлигине 30 жыл толады. Усы даңқлы сәнени, инша алла, барлығымыз биргеликте мүнәсип белгилеймиз.
Жаңа Өзбекстанды қурыў, миллий раўажланыў тийкарын жаратыўға қаратылған үлкен жумысларымызды исенимли даўам еттиремиз.
Әзиз ўатанласларым, қәдирданларым!
Усы гөззал ақшамда барлығымыздың нийетимиз, тилегимиз бир: елимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсан мурат-мақсетине жетсин!
Жанажан Өзбекстанымыз гүллеп-жайнасын, дүньямыз тыныш болсын!
Кирип киятырған 2021-жыл ана-ўатанымызға қут-берекет, жаңа табыс ҳәм жетискенликлер алып келсин!
Жаңа жыл барлығымызға мүбәрек болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги