Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қараөзекте түпкиликли жаңаланыўлар басланады
2020-12-16 | Жәмийет
Усы жыл 15-декабрь күни Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги жигирма бесинши сессиясы болып өтти.
Сессияда Қараөзек районын 2020-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм 2021-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими У.Утамбетовтың район халқына мүрәжаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, районда бар ресурслардан, инвестициялардан утымлы пайдаланыў, инженерлик-коммуникациялық тараўды модернизациялаў, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў, санаат өнимдарлығын арттырыў, халықтың турмыслық жағдайларын және де жақсылаў бойынша қабыл етилген пәрман, қарар ҳәм тапсырмалардыӊ орынланыўы нәтийжесинде районда унамлы нәтийжелерге ерисилмекте.
Социаллық-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын арттырыў мақсетинде бир қанша жумыслар алып барылды.
Атап айтқанда, усы жылдың 10 айы даўамында аймақлық санаат өнимлериниң муғдары өткен жылға салыстырғанда 139,6, тутыныў товарлары 101,0, аймақлық санаат өнимлериниң көлеми 117,4, қурылыс 100,3, хызметлер муғдары 102,1 процентке өсиўи тәмийинленди.
Пүткил дүньяда жүз берген пандемияның унамсыз ақыбетлерине қарамастан социаллық-экономикалық раўажландырыўдың белгиленген прогноз көрсеткишлерине ерисиў бойынша зәрүр илажлар көрилди.
Жыл жуўмағына шекем санаат кәрханалары тәрепинен 241,5 млрд. сумлық санаат өнимлериниң ислеп шығарылыўына ерисиледи ҳәм өткен жылдың (2019-жылда 172,9 млрд. сум ) усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 109,0 процентти қурап Республикадағы үлеси 2,2 процентти қурайды.
Жыл даўамында халықтың турмыс шараятының төменлеўине жол қоймаў, халықтың жан басына туўра келиўши зәрүрли өним ҳәм хызметлер көлеминиң төменлеўиниң алдын алыў бойынша жумыслар алып барылды.
Райондағы 7 кәрхана тәрепинен жәми 3,7 млн. АҚШ доллары муғдарында сырт ел кредитлери есабынан инвестициялар киргизилди.
2020-жыл даўамында 829 мың АҚШ доллары муғдарында өнимлер экспортқа шығарылып, белгиленген реже (728 мың долл.) 114 процентке артығы менен орынланды.
Жыл даўамында 546 жаӊа турықлы жумыс орынларын шөлкемлестириў белгиленип, ҳақыйқатта 649 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Бюджет түсимлери бойынша жыллық реже 102,3 процентке мүддетинен бурын артығы менен орынланды.
Қараөзек районын 2020-2022-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жәми 726 млрд. 832 млн. сумлық 59 инвестициялық жойбарлар иске түсирилиўи ҳәм келешекте усы жойбарлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде жәми 1 мың 134 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген.
Бул илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде келеси жылларда район инфраструктурасының жақсыланыўына, социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм халықтың жасаў шараятларының және де жақсыланыўына ерисиледи.
Cессияда жол қойылған айырым кемшиликлер сынға алынып, барлық тараўлар бойынша әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлардың белгиленген мүддетлерде иске түсирилиўин қадағалаў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Сессияда күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сессия қатнасыўшылары райондағы исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермер-дийқан хожалықларының көргизбели ярмаркасында олар тәрепинен ислеп шығарылған ҳәм жетистирилген өнимлер менен танысты.
Сессиядан соң баспасөз конференциясы өткерилип, онда 4 сектор басшылары ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги