Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенине 28 жыл толды

2020-12-14 | Сиясат

1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XI сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигиниң нышаны есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы аспан көк, тойғын сары ҳәм жасыл реңлерден ибарат болып, ортасындағы сары реңли бөлек ақ ҳәм қызыл сызықлар арқалы ажыралып турады.

Байрақтың аспан көк реңи бәҳәр жасыллығы ҳәм өмир дәреги – суўдың мәңги тымсалы болып есапланады.

Сары рең болса Қарақалпақстан аймағының үлкен бөлегиниң саҳрадан ибарат екенлигин аңлатады.

Жасыл рең болса тәбияттың жаңаланыўы, руўхый жасарыў, исеним ҳәм қуўаныштың нышаны.

Байрақтағы жаңа туўылған ай мусылманлардың муққаддес тымсалы болса, бес жулдыздың сүўрети Қарақалпақстанның әййемги ҳәм наўқыран бес қаласының – қарақалпақстанлылардың турмыс ҳәм исеним қорғанларының тымсалы болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы Қарақалпақстан Республикасының рәсмий ўәкиллериниң сырт елге сапарларында, халықаралық әнжуманларда, көргизбелерде ҳәм спорт ойынлары жарысларында Қарақалпақстан Республикасын дүньяға танытады. Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы халықаралық майданда басқа мәмлекетлердиң байрақлары менен тең желбиреп турады.

Қарақалпақстан Республикасының пуқаралары ҳәм бул жерде жасайтуғын басқа адамлар Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағын ҳүрметлеўи шәрт.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться