Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ
2020-12-13 | Сиясат
Ҳүрметли ўатанласлар!
Әзиз дийқан ҳәм фермерлер!
Қәдирли агрокластер ийелери!
Ең дәслеп, сиз әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қутлықлап, бәршеңизге ең жақсы ҳәм шын кеўилден шыққан тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.
Бул қутлы әййямда ырысқы-несийбемизди жаратыўшылар тәжирийбели дийқан ҳәм фермерлер, мийнеткеш шарўа ҳәм пиллекешлер, шебер суўшы ҳәм ирригаторлар, өз исиниң ҳақыйқый устасы болған механизатор ҳәм агрономлар, тараўдың жанкүйер алымлары ҳәм қәнигелеримизге терең ҳүрмет көрсетип, шын кеўилден тәжим етемиз.
Дүньядағы ең әййемги ҳәм мәртебели кәсип ийелери есапланған, ел-журт дастурханын мол ҳәм абадан ететуғын оғада әҳмийетли тараўдың аўыр жүгин өз ийнинде көтерип киятырған сизлер сыяқлы мыңлаған ўатанласларымыздың пидәкерлик мийнети ҳәм мәртлиги ҳәр қандай жоқары мақтаўға мүнәсип.
Уллы бабамыз Әлийшер Наўайының сизлердиң даңқыңызды улығлап: «Әлемниң абатлығы олардан, әлем әҳлиниң тоқлығы олардан, ҳәр қайда етсе ҳәрекет, елге қут келтирер, ҳәм берекет», деп айтқан сөзлеринде шынында да терең ҳақыйқат жәмлескен.
Усы қуўанышлы күнлерде бәршемиз сизлерди байрам менен қутлықлар екенбиз, быйылғы машақатлы мийнетиңиз, ерисилген нәтийжелер ҳәм алдымызда турған режелер ҳаққында пикир жүргизиўимиз тәбийғый, әлбетте.
Ҳәммемизге жақсы мәлим, бул жыл пүткил инсаният ушын аўыр сынақ дәўири болды. Усындай қыйын шараятта ел-журтымыз, атап айтқанда, мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз коронавирус пандемиясы менен бир қатарда, айырым аймақларымызда жүз берген тәбийғый ҳәм техноген апатларды да мәртлерше жеңип, жоқары шеклерди қолға киргизгенин миннетдаршылық пенен тилге аламыз. Атап айтқанда, Сырдәрья ўәлаятының Сардоба, Ақалтын, Мырзаабад районларында 19 мың гектардан зыят майдандағы пахта, ғәлле ҳәм басқа да аўыл хожалығы егинлерин қайта егиўге туўра келди. Бухара ўәлаятындағы күшли даўыл ақыбетинде 26 мың гектар майданда пахта ҳәм ғәлле нәллерине зыян жетти.
Әлбетте, аўыл хожалығы тараўында аңсат ҳәм жеңил жылдың өзи болмайды. Тәбият ынжықлықлары, суў ресурсларының шекленген, түрли насекома ҳәм зыянкеслер менен гүресиў ҳәр бир дийқаннан үлкен энергия, шеберлик ҳәм тәжирийбени талап етеди. Халқымыз сизлердиң мине усындай ибратлы пазыйлетлериңизди жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.
Быйылғы жылы елимизде алты ярым миллион тоннаға шамалас ғәлле, 3 миллион тоннадан аслам пахта, 21 мың тонна пилле, 22 миллион тонна мийўе-овощ, еки ярым миллион тонна гөш ҳәм 11 миллион тоннадан зыят сүт өнимлериниң жетистирилгени ең алды менен сизлердиң машақатлы ҳәм ҳадал мийнетиңиздиң жемиси.
Бу ҳаққында айтқанда, ғәлледен жоқары зүрәәтлиликке ерискен Ёзёван районындағы «Баҳрамбек», Термиз районындағы «Даврон Намуна», Ғыждыўан районындағы «Садық Зафар сақаўаты», Янгибазар районындағы «Жорабек Қумабад», Балықшы районындағы «Халмырза Балтабаев», Сайхунабад районындағы «Қурама», Нарпай районындағы «Азамат Сыраж», Нөкис районындағы «Шортанбай бахытлы ел», Қизилтепа районындағы «Уллы дияр келешеги», Үйши районындғы «Замин», Пахтакор районындағы «Сафаров Баҳрам» фермер хожалықлары ҳәм де Поп ҳәм Мыңбулақ районларындағы «Арт софт текс», Риштон районындағы «Қаҳарман», Дослық районындағы «Сангзор бизнес парранда», Нәўбәҳәр районындағы «Навоий асл чорваси» ҳәм Қараўылбазар районындағы «Очил файз бизнес» ғәллешилик кластерлериниң атларын қанаатланыўшылық пенен тилге аламыз.
Пахтадан мол өним жетистириўде Үшкөпир районындағы «Миржалал Гулистан дүрданасы», Қизилтепа районындағы «Сафар обод боғи», Ғузар районындағы «Жәҳәнгир Нарбай ўғли», Бағат районындағы «Халмурат улы Мансур», Наманган районындағы «Ғафуржан ата», Нарпай районындағы «Абдусалам Хўшматов», Булақбасы районындағы «Заиржан Низамов», Ромитан районындағы «Навобод», Сырдәрья районындағы «Худайқул улы Сулайман», Аққорған районындағы «Аллаберди Мурад» фермер хожалықлары, сондай-ақ, Төменги Шыршық районындағы «ТСТ кластер», Наманган районындағы «Тасбулақ текс», Жарқорған районындағы «Термез Жайхун кластер», Қорғантөбе районындағы «Хантекс групп» ҳәм Хазарасп районындағы «Хазарасп текс» сыяқлы пахта-тоқымашылық кластерлери бәршеге үлги болды.
Пурсаттан пайдаланып, бай билим ҳәм тәжирийбеси, шеберликлерин көрсетип, илим жетискенлерин нәтийжели қолланыў есабынан бәлент қырман жаратқан барлық дийқан ҳәм фермерлеримизге өз атымнан, халқымыз атынан терең миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз дослар!
Бәршеңиз гүўа болып турсыз, бүгинги қурамалы ҳәм қыйын дәўир дүнья көлеминде аграр тараўдың шешиўши орны ҳәм әҳмийетин және бир мәрте айқын көрсетип бермекте. Бар ресурс ҳәм имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, халықты аўыл хожалығы өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў, тараўда жаңа жумыс орынларын жаратыў, мәпдарлықты және де арттырыў, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў ең әҳмийетли мәселеге айланбақта.
Соның ушын биз экономикамызды, атап айтқанда, аўыл хожалығы тараўын модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, азық-аўқат өнимлерин жетистириў, фермер, кластер ҳәм де кооперацияларды финанслық қоллап-қуўатлаў мәселесине ҳәр қашанғыдан да көбирек әҳмийет берип атырмыз. Атап айтқанда, быйыл қабыл етилген Өзбекстан Республикасының 5 нызамы, Президенттиң 12 пәрманы ҳәм 30 дан артық қарары және ҳүкиметтиң көплеген қарарлары әне усы бағдарға қаратылған.
Аўыл хожалығы тармағына базар механизмлери, атап айтқанда, агрокластер системасының енгизилгени қысқа пурсатта өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғанынан бәршеңиз жақсы хабардарсыз.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде 97 пахта-тоқымашылық, 149 мийўе-овощ жетистириўши, 65 ғәллешилик, 35 салыгершилик ҳәм 7 дәрилик өсимликлер жетистириўге қәнигелескен кластерлер ҳәм 11 пахта-тоқымашылық кооперациялары жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, қарамалшылық бағдарында 34, қусшылық бойынша 10, балықшылық тармағында 36, пал ҳәррешилик бағдарында 15 фермер хожалығында кластер усылында өним жетистириў жолға қойылды. Соның менен бирге, кейинги еки жылда республикада пиллешилик тараўында 62 кластер иске түсирилип, олар тәрепинен 600 миллиард сумға жақын өним ислеп шығарылды.
Быйылғы жылдың өткен дәўиринде республика бойынша 11 мыңға шамалас, яғный, 90 процент фермер хожалықлары көп тармақлы хожалықларға айландырылды. Буның нәтийжесинде дерлик 37 мың халық жумыс пенен тәмийинленди.
Хабарыңыз бар, биз соңғы жылларда халықтың қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыў бойынша бир қатар қарарлар қабыл еттик. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, оның аймақлық уйымлары, мәҳәлле пуқаралар жыйынларында қыйтақ жер хожалықлары бойынша өз алдына орынбасар лаўазымы енгизилди. Жеке меншик қыйтақ жер хожалықларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылып атырған мине усындай илажлар нәтийжесинде быйыл республика бойынша төрт ярым миллион халыққа тийисли 432 мың гектар қыйтақ жер майданларында егинлердиң толық егилиўи тәмийинленди. Есап-санақларға бола, бул майданларда 10 миллион тоннадан зыят өним жетистирилди.
Мәмлекет тәрепинен жеке меншик қыйтақ жер ийелерине артезиан қудықларын қазыў ҳәм ықшам ыссыханалар қурыў ушын субсидиялар ҳәм жеңилликли кредитлер ажыратылып атырғаны да халықты социаллық қоллап-қуўатлаўдың және бир өзине тән бағдарына айланды. Бул қайырлы мақсетлер ушын Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Қордан 65 ярым миллиард сум, қыйтақ жер хызмети кәрханалары, аўыл хожалығы кооперативлери ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаў ушын болса 110 миллиард сумға шамалас қаржы жумсалды.
Буннан тысқары, «Ҳәр бир жасқа бир гектар» бағдарламасы шеңберинде ғәлледен босаған майданлардың 84 мың гектары 266 мың кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм жумыссыз жасларға берилип, оларға фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер хызмети кәрханалары бириктирилди. Бул бағдарлама нәтийжесинде 1 миллион тоннадан аслам өним жетистирилди.
Әмелге асырылған мине усындай реформалар ҳәм структуралық өзгерислер нәтийжесинде быйыл, жәҳәнде жүз берип атырған пандемияның кери тәсирине қарамастан, 822 миллион доллардан зыят муғдардағы дерлик 1,5 миллион тонна мийўе-овощ 70 тен аслам мәмлекетке экспорт етилди.
Әлбетте, бүгин ҳеш бир тараўда илим жетискенликлерин ҳәм инновациялық технологияларды әмелиятта қолланбай турып раўажланыўға ерисип болмайды. Бул болса кең ҳәм заманагөй билимге ийе кадрларды таярлаў, олардың тәжирийбесин арттырыў, сырт ел тәжирийбелерин өзлестириў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды алдымызға қоймақта.
Усы мақсетте аграр тараўға қәнигелескен жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў, раўажланған мәмлекетлердиң абырайлы тәлим дәргайлары менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў, туқымгершилик, нәсилшилик ҳәм ветеринария бағдарындағы илимий мәкемелердиң жумысын жетилистириў бойынша да салмақлы ислер әмелге асырылмақта.
2020-2021-оқыў жылынан баслап әмелдеги аўыл хожалығы жоқары оқыў орынлары менен бир қатарда, Гүлистан, Бухара, Қаршы, Наманган, Самарқанд, Ферғана, Үргенш мәмлекетлик университетлеринде аграр тараў қәнигелерин таярлаў ушын бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша қабыллаў квоталары ажыратылды.
Тараўдағы алдынғы тәжирийбелерге сүйенген ҳалда, аймақларда «Топырақ клиникасы» мобил лабораториялары шөлкемлестирилип, шорланыў, суў, самал эрозиясы, азықлық элементлериниң кемейиўиниң алдын алыў, топырақ өнимдарлығы ҳәм зүрәәтлилигин арттырыў бағдарында фермер хожалықлары ҳәм кластерлерине зәрүр хызметлер көрсетпекте.
Усы жерде пахта майданлары ҳәм бағ, жүзимгершилик ҳәм ыссыхана хожалықларында суў үнемлеўши технологияларды енгизиў қәрежетлериниң бир бөлими мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғанын айрықша атап өтиў лазым.
Быйылғы жылда аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўге бағдарланған 677 миллиард сумлық 80 ге шамалас жойбар, 1 триллион 240 миллиард сумлық инвестиция қаржылары тийкарында 12 агрологистика орайы иске түсирилип, дерлик үш ярым мың жаңа жумыс орны жаратылды. Сондай-ақ, пахташылық кластерлери, шарўашылық, қусшылық, балықшылық, қояншылық тармақларында және заманагөй ыссыханалардың қурылыўы нәтийжесинде 14 мыңға жақын халық жумыс пенен тәмийинленди.
Әйне пайытта шарўашылықта нәсилшиликти жақсылаў, нәсилли шарўа малларын көбейтиў, қәнигелескен фермер хожалықларын раўажландырыў, бул тараўға мәмлекет тәрепинен субсидиялар ажыратып бериў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, өткен дәўирде шарўашылық хожалықларына усы мақсетлер ушын 20 миллиард сумға жақын субсидиялар ажыратылды.
Әзиз дослар!
Дүньяда глобал азық-аўқат жетиспеўшилиги қәўпи жүзеге келип атырған бүгинги жағдайда бизде ишки базарымызды толық тәмийинлеў менен бирге, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлемин еки есе арттырыў ҳәм экспортты көбейтиў ушын барлық шараятлар бар екенин айрықша атап өтпекшимен.
Келешекте аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў бойынша комплексли бағдарламаларды әмелиятқа енгизиў, заманагөй технологияларды қолланған ҳалда өним түрлери ҳәм экспорт көлемин және де арттырыў тийкарғы мәселе болып қалады.
Топырақ өнимдарлығын сақлаў, тараўды зәрүр техникалар менен тәмийинлеў ҳәм хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаў, алдынғы билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў ислерин жетилистириўге итибарды және де күшейтемиз.
Тараўға илим жетискенликлерин ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў буннан былай да тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қалады.
Мәмлекетимиздиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ел-журтымыз дастурханының және де молшылығын тәмийинлеўде пидайы аўыл хожалығы хызметкерлери буннан кейин де өзлериниң бар билим ҳәм тәжирийбелерин, күш-ғайрат ҳәм имканиятларын жумсайды, деп беккем исенемен.
Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, әзиз суўшылар ҳәм пахта-тоқымашылық кластерлери хызметкерлери!
Сизлерди және бир мәрте Аўыл хожалығыи хызметкерлери күни менен мийнет ҳәм зүрәәт байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.
Бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жуўапкершиликли ҳәм даңқлы жумысларыңызда үлкен табыслар, шаңарақларыңызға қут-берекет ҳәм қәтержамлық ҳәмийше яр болыўын тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги