Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Баслы мақсет – инвесторлардың исенимин арттырыўға қаратылған
2020-11-18 | Экономика
Суд-ҳуқық тараўындағы реформалар қанша нәтийжели ҳәм сапалы болса, пуқаралар, исбилерменлик субъектлери, сырт ел инвесторларының ҳуқықларын қорғаў да соншелли исенимли ҳәм кепилленген болады.
Президентимиз усы жыл 24-июльде «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманында суд-ҳуқық тараўында алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаў процесинде инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шыққанлығы көрсетилген. Соның менен бирге, судта қорғалыўын тәмийинлеўде артықша бюрократлық тосқынлықлар елеге шекем сақланып атырғанлығы, әмелдеги процессуал ҳүжжетлеринде суд қарарларын қайта көриўдиң бир-бирин тәкирарлаўшы басқышларының бар екенлиги, әсиресе, инвесторлар ҳуқықларының суд қорғалыўында болыўы жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги ҳәм басқа да усы сыяқлы бир қатар кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы кескин сынға алынған ҳәм усы кемшиликлер суд уйымларының әмелдеги дүзилисин, судлаў ислерин жүргизиў процесслерин заман талаплары ҳәм халықаралық стандартларға муўапық қайта көрип шығыўды талап етип атырғанлығы көрсетип өтилген.
Пәрманның және бир әҳмийетли тәрепи сонда, онда пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, әдил судлаў системасының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы тийкарынан еки бағдар бойынша өзгерислер болыўы белгилеп берилген. Бириншиси, судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў, екиншиси болса, әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыў болып табылады.
Пәрман менен енгизилип атырған және бир жаңалықлардың бири бул инвесторлардың ҳуқықларын буннан былай да қорғаў мақсетинде ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды структурасында қәнигелестирилген инвестиция ҳәм бәсекиликке байланыслы даўларды көриў бойынша судлаў қурамының дүзилиўи болып табылады. Бул судлаў қурамына ири инвесторлар, яғный инвестиция киргизилген сәнеде 20 миллион АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда инвестиция киргизген физикалық яки юридикалық тәреп болған инвесторлар ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы инвестициялық даўларды, бәсекиликке байланыслы ислерди көриў ўазыйпасы жүкленеди.
Бундай қурамның дүзилиўи шет ел инвесторларының ϴзбекстан суд системасына болған исенимин арттырыўға қолайлы инвестициялық орталықты ҳәм сырт ел инвесторларының ҳуқықларын қорғаўдың нәтийжели механизмин жаратыўға, қыйын категориядағы ислер қатарына кириўши инвестиция ҳәм бәсекиликке байланыслы ислерди шешиў бойынша бирден-бир суд әмелиятын енгизиўге, жумыс сапасының артыўына себеп болады.
Г.Зарипова,
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды баслығы
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги