Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қырғыз Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшысы менен телефон арқалы сөйлесиўи

2020-11-14 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-ноябрь күни Қырғыз Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшысы Садыр Жапаров пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Еллеримиз арасындағы әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, транспорт, аймақлараралық ҳәм гуманитарлық алмасыў тараўларында кеңейтиўге хызмет ететуғын қоспа жойбарлар ҳәм бағдарламаларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия, сондай-ақ, Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша қоспа комиссия ҳәм Шегаралас ўәлаятлар басшылары кеңесиниң жумысын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Коронавирус инфекциясының тарқалыўы ақыбетлерине қарсы гүресиў мәселелеринде ҳәрекетлерди жақыннан муўапықластырыў ҳәм жәрдемлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан туўысқан Қырғызстан халқының тыныш ҳәм турақлы раўажланыў, абаданлыққа умытылыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться