Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қашқадәрьяда миллий-экономикалық система жаратылып, санааттың раўажланыўы буннан былай да жоқарылайды
2020-11-13 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пандемия шараятына қарамастан, экономиканы тиклеў ҳәм раўажландырыў, адамлардың турмысын жақсылаў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде 12-ноябрь күни Қашқадәрьяға келди.
Мәмлекет басшысы ўәлаятқа сапарын Шаҳрисабз районындағы «Oqsaroy Vortex» жуўапкершилиги шекленген жәмийетте синтетикалық араласпалы жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыў процеси менен танысыўдан баслады.
Бул жерде «Oqsaroy Group» компаниясы қурамына киретуғын «Oqsaroy Textile» ҳәм «Oqsaroy Vortex» кәрханалары шөлкемлестирилген болып, оларда улыўма баҳасы 54 миллион долларлық 3 жойбарды басқышпа-басқыш әмелге асырыў белгиленген еди. Буның нәтийжесинде 1 мың 630 жумыс орнын жаратыў, жылына 22 миллион АҚШ долларлық тоқымашылық өнимлерин экспорт етиў нәзерде тутылған.
Биринши басқышта 2014-жылы «NBU инвест» компаниясынан «Oqsaroy Textile» кәрханасының 21 миллион АҚШ долларлық 100 процент үлеси сатып алынып, модернизация жумыслары нәтийжесинде бул жерде жылына 9 мың тонна ийрилген жип, 4 мың тонна трикотаж гезлеме ислеп шығарыў жолға қойылған еди.
Бул кәрханада өткен жылы 6 миллион долларлық өним экспорт етилген болса, усы жылдың өткен дәўиринде бул көрсеткиш 8 миллион АҚШ долларын қурады.
Екинши басқышта усы жыл октябрь айында «Oqsaroy Vortex» кәрханасы жумыс баслап, жасалма ҳәм тәбийғый талшықтан ийирилген жип ҳәм трикотаж гезлеме ислеп шығарыў жойбары иске түсирилди. Жойбардың баҳасы – 15 миллион АҚШ долларына тең болып, жылына 3 мың тонна ийрилген жип, 5,5 мың тонна жасалма талшықлы жип, 3,5 мың тонна трикотаж гезлеме ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Экспорт көлеми жылына 7 миллион АҚШ долларын қурайды.
Үшинши басқышта бул кәрханалардың жанында және бир тоқымашылық фабрикасы қурылып, ийирилген жип ҳәм трикотаж гезлеме ислеп шығарыўды кеңейтиў режелестирилген. Баҳасы 18 миллион АҚШ доллары болған усы жойбардың нәтийжесинде жылына 7 мың тонна ийрилген жип, 2,1 мың тонна трикотаж гезлеме ислеп шығарыўға ерисилди. Келеси жылы иске қосылатуғын жойбар нәтийжесинде 700 жаңа жумыс орны жаратылады.
Президент кәрханадағы өндирис процесслерин, ийирилген жип ҳәм таяр гезлеме үлгилерин көзден өткерди.
Кәрхананың дәстүрий жип-ийириў фабрикаларынан тийкарғы өзгешелиги – бул жерде Японияның «Murateс» компаниясында ислеп шығарылған Vortex технологиялық үскенелери орнатылған. Бул технологияның апзаллығы ийирилген жип тоқылып атырғанда талшық орайласқан аэродинамикалық ҳаўа басымы арқалы өткериледи. Нәтийжеде жиптиң түклилиги азаяды, сапасы артады.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдың экономикалық жағына итибар қаратты. Сол көзқарастан, тоқымашылық санаатына байланыслы жойбарларды үш бағдарда шөлкемлестириў керек екенлигин атап өтти.
Бириншиден, Қашқадәрьяның пахта жетистирилетуғын сегиз районында «Oqsaroy Vortex» үлгисиндеги тоқымашылық кәрханаларын шөлкемлестириў, оларды қурыўда арзан конструкциялы материаллардан пайдаланыў бойынша тапсырма берилди.
– Екиншиден, барлық кластерлерди кооперация етип, жасалма талшық ислеп шығарыў бойынша өз алдына бир жойбар ислеў керек. Үшиншиден, ағаштан тәбийғый талшық – вискоза ислеп шығарыўды жергиликлилестириў зәрүр, – деди Президент.
– Бул миллий-экономикалық система болады. Мине сол арқалы биз Қашқадәрья ўәлаятын тоқымашылық жойбарлары менен толық қамтып аламыз. Өзине түсер баҳасын арзан етип, сегиз кәрхананы иске қоссақ, қосымша қун менен көплеген жумыс орынларын жаратыўға ерисемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Шийки заттан – таяр өнимге шекем принципи тийкарында ўәлаятта тоқымашылық санаатын раўажландырыў, оның ушын белгили сырт ел брендлерин тартыў, кластерлердиң жумысын таллап барыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты аймағынан он гектар жер ажыратып, «Oqsaroy Group» компаниясы негизинде тоқымашылық технопаркин шөлкемлестириў ҳәм өнимлердиң онлайн саўдасын жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.
Өзбекстандағы барлық текстиль ислеп шығарыўшылар бир жерге топланатуғын усы технопаркте олардың дүкәнлары ҳәм қоймаханалары болады. Технопарк биринши гезекте ислеп шығарыўшыларға экспорт мәселесине жәрдем береди.
Усы жердиң өзинде Қашқадәрья ўәлаятында 2020-2022-жылларда әмелге асырылатуғын инвестиция режелери,пахта талшығын қайта ислеў дәрежесин арттырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жойбарлардың презентециясы өткерилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласындағы Мәмлекетлик хызметлери орайлары ҳәм IT –технопарктиң жумысын көзден өткерди.
Әйне пайытта Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы халыққа 140тан аслам хызметлер көрсетилмекте. Бул жерде электрон гезек системасы енгизилген, арнаўлы инфокиосклер, электрон аукционда қатнасыў ушын арнаўлы орын, инвесторлар ҳәм исбилерменлер менен бизнес-ушырасыўлар өткериўге мөлшерленген хана бар. Сондай-ақ, әнжуман ҳәм семинарлар ушын конференц зал, китапхана ҳәм балалар майданшасы жаратылған.
Төлемлерди әмелге асырыў ушын банк кассасы, банкоматлар ислеп турыпты. Бул жерде және нотариус, ПҲАЖ бөлими, лицензия шөлкеминиң филлиаллары жумыс ислейди. Халық қабыллаўханасы ҳәм Бас министрдиң қабыллаўханасында пуқаралардың арзалары көрип шығылады.
Буннан тысқары, Ташкентте сынақ тәризинде жолға қойылған «Surdo-online» платформасы биринши мәрте Қаршы қаласында орнатылды. Бул система имканияты шекленген шахсларға мәмлекетлик хызметлерден шекленбеген тәризде, қолайлы ҳәм тез пайдаланыўда жәрдем береди. Усы платформа арқалы сурдо аўдармашылық қәнигелигине ийе жаслар жумыс пенен тәмийинленбекте.
Бул орай арқалы бүгинге шекем 300 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болып, 2 мыңға шамаласы филлиаллар арқалы, мыңға жақыны болса жедел тәризде әмелге асырылды. Бир күнде мәкеме хызметкерлери 700-800 пуқараға хызмет көрсетеди. Оператив интернет, заманагөй техникалық қураллар ҳәм күтиў залы пуқараларға қолайлы мәмлекетлик хызметлерин усыныўға бағдарланған.
Президент орайдағы шараят пенен танысты. Адамлардың талабынан келип шығып, жаңа хызмет түрлерин жолға қойыў, халыққа қолайлылық жаратыў бойынша тапсырмалар берди. Атап айтқанда, Қаршы қаласындағы мәҳәллелерде мәмлекетлик хызметлерди шөлкемлестириў керек екенлиги айрықша атап өтилди.
– Адамлар бул орайға емес, керисинше орай мәҳәллелерге кирип барып мәмлекетлик хызметлерди орнында көрсетсин. Сонда бул орайларды шөлкемлестириўден гөзленген мақсетке ерисиледи, қайсы тараўларда хызметлерге мүтәжлик бар екенлиги айқын болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бүгинги күнде IT-технопаркте 15 жас веб-дизайнер, программист ҳәм робототехник жумысын баслаған. «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде жас программистлерди таярлаў курслары шөлкемлестирилгенлиги нәтийжесинде мәлимлеме технологияларына қызығатуғын жасларға программалық өнимлер жаратыўда қолайлылық жаратылды.
Дәслепки жетискенликлерге де ерисилди. Студентлер арасында өткерилген «mGovAward» ең жақсы мәмлекетлик мобиль қосымшасын ислеп шығыў бойынша таңлаўда қашқадәрьялы жаслардың топары жеңимпаз болды. Олар дөреткен шет тиллерин аралықтан оқытыў мобиль қосымшасын жетилистириў ушын 50 мың АҚШ доллары сыйлығы ажыратылды.
Президентимиз технопаркте жасларға қолайлы орталық жаратыў, бул жерге келип атырған жаслардың қатарын кеңейтиў бойынша усыныслар берди. Ўәлаяттағы жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм IT- технопарклер арасында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы Қаршы қаласында қашқадәрьялы муғаллимлер ҳәм устазлар, медицина хызметкерлери менен сәўбетлести.
Бизге белгили, 30-октябрь күни тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, 6-ноябрьде болса денсаўлықты сақлаўдың басланғыш буўынын түп-тийкарынан өзгертиў мәелелери бойынша видеоселектор мәжилислери өткерилген еди. Бул еки тараў бойынша Президенттиң айрықша пәрман ҳәм қарары да қабыл етилди.
Ушырасыўда билимлендириў ҳәм медицина тараўларындағы реформалардың әҳмийети, орынларда әмелге асырыў илажлары ҳаққында сөз болды.
– Бул еки тараўды раўажландырмай турып бәсекиге шыдамлы мәмлекет бола алмаймыз. Келешекти саламат миллет, билимли әўлад қурады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Қашқадәрьяда мектеплердиң жағдайы да, медициналық хызмет сапасы да қанаатландырарсыз екенин атап өтиў орынлы. Машқалалар жүдә көп. Ата-аналар билимлендириў системасынан наразы. Халықтың көпшилигиниң турмыс тәризи, аўқатланыў рационы дурыс емес. Соның ушын бул тараўларда басланған реформалар ўәлаят ушын жүдә әҳмийетли ҳәм зәрүр.
Шавкат Мирзиёев бул бағдардағы жаңа жумыс системасынан мақсети, педагог ҳәм шыпакерлерден күтип атырғанлары ҳаққында кеўлиндеги гәплерди айтты. Мектеп директорлары, муғаллимлер, медицина хызметкерлериниң пикир-усынысларын тыңлап, оларды қоллап-қуўатлады.
– Билимлендириўдеги, медицинадағы жумыслар да ийне менен қудық қазғандай гәп, нәтийжеси тез көринбейди. Оның ушын машақатлы мийнет, үлкен пидайылық керек. Басланған реформалардың әмелге асыўы, халқымыздың разы болыўы соған байланыслы. Бул жолда сизлерге исенемен, сүйенемен, – деди Президент.
Президент Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласында ашылған Кәрханаларды саламатландырыў ҳәм меншиклестириў клиникасын барып көрди.
Экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм бәсекини раўажландырыў – сапа, өнимдарлық ҳәм раўажланыўдың тийкарғы факторы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 27-октябрь күни қабыл етилген «Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаўды жеделлестириў және мәмлекетлик активлерди меншиклестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманы усы мақсетке қаратылған.
Усы мәселе бойынша 28-октябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисте мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда халыққа толық мағлыўмат беретуғын мәсләҳәт клиникаларын және колл-орай шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өткен еди. Соған муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятларда Кәрханаларды саламатландырыў ҳәм меншиклестириў клиникалары ашылды. Сондай-ақ, күни-түни ислейтуғын 1082 номерли колл-орай жолға қойылды.
Бул клиникалар Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм оның аймақлық уйымлары тәрепинен басқарылады. Олардың жумысында Саўда-санаат палатасы, Бас министрдиң қабыллаўханасы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң аймақлық басқармалары ҳәм ҳәкимлик ўәкиллери турақлы қатнасады. Буннан тысқары, сораўға тийкарланып басқа министрликлер ҳәм уйымлар, коммерциялық банклердиң хызметкерлери де тартылыўы мүмкин.
Қаршы қаласындағы бундай клиникада экономикалық-финанс ҳәм юридикалық мәсләҳәтлер бериў, информациялық хызметлер көрсетиў ушын барлық шараят жаратылған. Маман қәнигелер бириктирилип, инфокиосклар орнатылған. Бул жерде меншиклестириўге қойылған объектлер, олардың мәнзили, жағдайы, тараўдағы тәртип-қағыйдалар ҳаққында толық мағлыўмат алыў мүмкин.
Клиника имаратында Қашқадәрьядағы ири кәрханалар ҳәм исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң турақлы көргизбеси де шөлкемлестирилген. Мәжилислер залы, сөйлесиў ханалары, экспортшылар ассоциациясы ҳәм оқыў орайлары жайластырылған.
– Меншиклестириў – қосымша қун ҳәм жумысшы орынларды жарататуғын әҳмийетли мәселе. Ҳәр бир объекттиң ийесин таўып, жумысты жолға қойып жибериў керек. Бул болса исбилерменге имканият, жергиликли бюджетке түсим, – деди мәмлекет басшысы.
Бул жерде Шаҳрисабз, Ғузар, Нышан ҳәм Дийқанабад районларын раўажландырыў «өсиў бағдарлары» бойынша презентация өткерилди.
Мәселен, 2015-жылы Нышан районы жергиликли бюджетинде улыўма қаржы қалмайтуғын еди. Ҳәкимлерге қосымша қаржыларды түсириў ҳәм ислетиў имканияты берилгеннен соң, бул аймақтың экономикасы да раўажлана баслады. Усы жылдың 9 айында Нышан районының бюджетине 6 миллиард сум қосымша қаржы түсти. Төртинши шеректе және 4 миллиард болатуғыны күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы бул системадағы жумысларды даўам еттирип, ҳәр бир аймақтың «өсиў бағдарлары»н иске қосып, қосымша қаржылар есабынан социаллық машқалаларды шешиў, турақ жайлар, жоллар қурыў, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдемлесиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласындағы Жаслар орайында болып, шараятларды көзден өткерди.
Бул жерде қашқадәрьялы жаслар менен ушырасыўлар өткерилди.
– Мен сизлердиң көзлериңизге қарап, ашық сөйлесиўге келдим. Ҳәмме жаслар менен көрисиўди қәлер едим, бирақ, тилекке қарсы, буның илажы жоқ. Сиз олардың ўәкиллери орнында орынлардағы машқалаларды, жаслардың тилеклерин айтыўыңызды қәлер едим. Соның ушын қорықпастан, өз ата-аналарыңызға не айтыўды қәлесеңиз, барлық пикирлериңизди арқайын айтың, – деди мәмлекет басшысы.
Ушырасыўда жаслардың машқалаларын шешиў, бәнтлигин тәмийинлеў, бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша ашық пикир алысыў болып өтти.
Қашқадәрья ўәлаятында 26 мыңнан аслам жаслар жумыссыз, исбилерменликтиң раўажланыўы мәмлекеттеги орташа көрсеткиштен әдеўир төмен екени атап өтилди.
Жигит-қызлардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде жыллық режеге қосымша қаржы ажыратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы мүбәрекли жаслардың усынысын қанаатландырып, районда IT-парк шөлкемлестириў, электрон коммерциялық ҳәм программаластырыў көнликпелерин бийпул үйретиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берди.
Китоб районындағы 150 орынлық Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 310 оқыўшы билим алмақта. Бул мәкемениң оқыўшылары ушын жетерли шараят жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Ўәлаят жасларының спортқа қызығыўшылығын есапқа алып, мектеплерде спорт залларын қурыў, комплекслерде дөгереклерди көбейтиў зәрүр екенлиги айтылды. Инвентарьлар ҳәм үскенелер сатып алыў ушын Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги есабынан 10 миллиард сум ажыратыўға көрсетпе берилди.
Жақында Сербияда болып өткен самбо бойынша жәҳән чемпионатында алтын медальды қолға киргизген Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия институтының студенти Мушарраф Ибодуллаева мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға өткерилетуғын болды.
Ушырасыўда ҳәр қыйлы тараўларда оқып ҳәм жумыс ислеп атырған жаслардың пикирлери тыңланды. Усыныслары мақулланып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
– Меннен ең үлкен мақсетиң, бахтың не, деп сорасаңыз, сондай деген болар едим: жасларымыздың дүнья қарасын жәҳән дәрежесине көтериў, жумыслы етиў, абырай-мәртебесин жоқарылатыў, шаңарақлық бахтын көриў, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,
ӨзАның хабаршылары
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги