Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Салық Комитети Жанында Фискал Институтын шөлкемлестириў ҳаққында

2020-11-05 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Қаржы ҳәм салық тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўдың заманагөй системасын жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-марттағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-5953-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

1. Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Қәнигелик арттырыў орайы тийкарында Мәмлекетлик салық комитети жанында Фискал институт (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.

2. Институтта кадрлар таярлаў системасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары сыпатында төмендегилер белгиленсин:

салыққа тартыў ҳәм финанслық қадағалаў тараўлары ушын бакалавриат ҳәм магистратура бағдарлары бойынша кадрларды кредит-модуль системасы тийкарында таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў жумысларын жетилистириў;

кадрлар таярлаў бағдарында сырт ел мәмлекетлериниң салық уйымлары ҳәм оқыў мәкемелери менен тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў және биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, оқыў-билимлендириў процесине сырт ел илимпазлары ҳәм қәнигелерин жедел тартыў;

бюджет дәраматларын қәлиплестириўде мәмлекет мәплерин және салық төлеўшилердиң ҳуқықларын тәмийинлей алатуғын кадрларды тәрбиялаў;

салық уйымлары ушын алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм автоматластырылған таллаў методлары менен ислесиў көнликпесине ийе болған қәнигелер таярлаў системасын жолға қойыў;

салыққа тартыў және финанслық қадағалаў тараўларында әмелий ҳәм фундаменталь илимий-изертлеўлер алып барыў нәтийжесинде инновациялық жойбарларды енгизиўди кеңейтиў;

маман кадрлар таярлаўды бухгалтериялық есап ҳәм финанслық есабаттың заманагөй усылларын, халықаралық салыққа тартыў, трансферт баҳаларды белгилеў, тәўекелшиликлерди таллаў, бизнес-таллаў технологиялары (Business Intellegence) ҳәм салық ҳәкимшилигинде алдынғы мәлимлеме технологияларын (Big Data) қолланыў тийкарында шөлкемлестириў;

оқыў процесинде оқытыўдың заманагөй түри ҳәм методлары, соның ишинде, педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын, аралықтан билимлендириўди, оқытыў ҳәм тренинглерди интерактив және машқалалы-жағдайлы усылларын кеңнен енгизиў, студент, тыңлаўшы ҳәм педагог кадрлардың глобал мәлимлеме-ҳуқықый және билимлендириў ресурсларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў.

3. Институт:

салықлар ҳәм салыққа тартыў тараўы ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың  қәнигелигин арттырыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси;

финанслық қадағалаў ҳәм аудит және салық, қаржы ҳәм коммерция ҳуқықы, сондай-ақ, экономикада мәлимлеме технологиялары  тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары дәрежеде фундаменталь және илимий-әмелий изертлеўлер алып барылыўын тәмийинлейтуғын жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

4. Россия Федерациясы Ҳүкимети жанындағы Финанс университети менен Институт структурасында усы университеттиң бөлимин (факультетин) шөлкемлестириў ҳаққында келисимге ерисилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Россия Федерациясы Ҳүкимети жанындағы Финанс университетиниң Институт структурасындағы бөлими (факультети) материаллық-техникалық тәмийинлениўи усы жылы Мәмлекетлик салық комитетиниң материаллық жәрдем, социаллық қорғаў, салық уйымларын раўажландырыў ҳәм нәзерде тутылмаған қәрежетлер арнаўлы қорының қаржылары есабынан, 2021/2022 оқыў жылынан баслап төлемли-контракт тийкарында түскен қаржылар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

5. Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Фискал институттың нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў ҳәм материаллық-техниалық базасын беккемлеў бойынша «Жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

6. Институт Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Қәнигелик арттырыў орайының барлық ҳуқық, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;

Институтта оқыў процеси 2021/2022 оқыў жылынан басланатуғыны;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының (жумыс бериўшилер) талапларынан келип шығып, күндизги бакалавриат билимлендириў бағдарларына сәйкес болған бағдарлар шеңберинде дифференцияластырылған төлемли-контракт тийкарында сыртқы тәлим түринде оқытыў шөлкемлестирилетуғыны. Онда студентликке усыныс етилген абитуриентлердиң оқыўы ушын төлем жумыс бериўшиниң хызметкер (абитуриент) пенен келисилген шәртнамасына муўапық белгиленген түрде әмелге асырылатуғыны;

Институтта бакалавриат тәлим бағдарларының питкериўши басқыш студентлери ушын билимлендириў процеси тиккелей салық уйымларының административлик имаратларында шөлкемлестирилетуғыны;

Институттың ректоры, проректорлары, факультет деканлары, декан орынбасарлары ҳәм профессор-оқытыўшыларының лаўазым мийнет ҳақылары – жоқары билимлендириў мәкемелериниң, илимий хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақылары болса – илимий-изертлеў мәкемелериниң тийисли хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў бойынша базалық лаўазым мийнет ҳақылары муғдарында белгиленетуғыны;

Институттың басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиўши, оқыў-жәрдемши ҳәм басқа да хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақылары Мәмлекетлик салық комитети орайлық аппаратының тийисли лаўазымлары ушын нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў муғдарларында белгиленетуғыны;

Институттың басшы, басқарыў хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылары қурамына Мәмлекетлик салық комитети орайлық аппараты хызметкерлериниң тийисли категориялары ушын хызметти өтеў ҳәм сыйлықларды төлеў тәртиплери қолланылатуғыны белгиленсин.

7. Мәмлекетлик салық комитети 2021-жыл 1-мартқа шекем Институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры лаўазымына жоқары мағлыўматлы сырт ел қәнигесиниң тайынланыўын тәмийинлесин.

8. Мәмлекетлик салық комитети, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020/2021 оқыў жылынан баслап Ферғана ҳәм Ташкент салық колледжлерин Институт жанындағы Ферғана ҳәм Ташкент салық техникумлары етип қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

9. Институтта кадрларды таярлаўға буйыртпа қәлиплестириўдиң сондай тәртиби енгизилсин, оған муўапық:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары және хожалық басқарыў уйымлары ҳәр жылы белгиленген мүддетлерде жумыс бериўшилердиң Институт тәрепинен таярланатуғын кадрларға болған талаплары ҳаққындағы мағлыўматларды Мәмлекетлик салық комитетине усынады;

Институтқа қабыллаў параметрлери белгиленген тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша бакалавр ҳәм магистрларға болған талапты аймақлар ҳәм экономикалық тармақлар кесиминде таллаў тийкарында Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен еркин белгиленеди;

мүлкшиликтиң барлық түрлериндеги шөлкемлер, соның ишинде, исбилерменлик субъектлери Институт ҳәм оның жанындағы салық техникумлары тәрепинен таярланатуғын кадрларға буйыртпаны қәлиплестириўде қатнасыўға, соның ишинде, кадрларды мақсетли таярлаў ушын төлемди, олар тәрепинен оқыўды тамамлағаннан соң, шәртнамада белгиленетуғын мүддет даўамында шөлкем-буйыртпашы да үзликсиз ислеў миннетлемесин қабыл еткен ҳалда әмелге асырыўға ҳақылы.

10. Төмендегилер Институт жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысынан ҳәм шәртнамалар тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

11. Институт ректорына ҳәм салық техникумлары директорларына усы мәкемелердиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан хызметкерлерге олардың жумыс көлеми ҳәм нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда лаўазым мийнет ҳақысының 100 проценине шекемги муғдарда қосымша айлық үстеме белгилеў ҳуқықы берилсин.

12. Институтқа өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткен жоқары билимлендириў мәкемелери ийе болған ҳуқықлар менен бир қатарда төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Мәмлекетлик салық комитети менен келисилген ҳалда билимлендириў бағдарларына өзгерис киргизиў, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын және питкериўшилерге қойылатуғын маманлық талапларын еркин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

жетешки сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаўды шөлкемлестириў;

кредит-модуль системасын оқыў процесине енгизиў бойынша профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемесин еркин нормаластырыў, сондай-ақ, педагог хызметкерлер тәрепинен оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумыслары, «устаз-шәкирт» системасы бойынша жумыслардың орынланыўын хошаметлеп барыў;

халықаралық тән алынған шөлкемлер- Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education ҳәм Academic Ranking of World Universities рейтинглериниң барлығында бир ўақытта биринши 1 000 орынды ийелеген жоқары билимлендириў шөлкемлериниң билимлендириў бағдарламаларынан пайдаланған ҳалда оқытыўды шөлкемлестириў;

билимлендириўдиң үзликсизлиги ҳәм избе-излигин тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда Институт жанындағы салық техникумларының оқыў-методикалық процесин муўапықластырыў, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, қабыллаў параметрлери ҳәм тәлим бағдарларын белгилеў;

салық техникумлары педагог хызметкерлериниң мийнетин нормаластырыў;

Мәмлекетлик салық комитети менен келисилген ҳалда төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасын белгилеў;

оқыў ушын төлем муғдарын орнатқан ҳалда Институттың бакалавриат ҳәм магистратурасына дифференциаластырылған төлемли-контракт тийкарында  қосымша қабыллаў параметрлерин белгилеў;

Институттың илимий жумысына ҳәм оқыў процесине оқытыўшылар ҳәм қәнигелерди, соның ишинде, сырт ел илимпазларын шәртнама тийкарында тартыў;

Институт ҳәм оның жанындағы салық техникумларында қәнигелик емес пәнлерди оқытыў ҳәм факультатив шынығыўлар өткериўди аутсорсинг шәртлеринде өткериў;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы барлық түрдеги, соның ишинде, Институт ҳәм оның жанындағы салық техникумларының объект ҳәм имаратларын қурыў және олардан пайдаланыў бойынша келисимлерди дүзиў ҳәм әмелге асырыў;

Мәмлекетлик салық комитети менен келисилген ҳалда финанс жылы ушын Институт ҳәм оның жанындағы салық техникумларының дәраматлар ҳәм қәрежетлер сметасын, штат кестесин, бизнес-режесин тастыйықлаў, оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, объект ҳәм имаратларды капитал оңлаў, реконструкциялаў, хызметкерлерине мийнет ҳақыны төлеў системасы ҳәм тәртибин белгилеў.

13. Институт Мәмлекетлик салық комитети және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте:

а) Институтты оқытыўдың заманагөй түри ҳәм усылларын қолланыў көнликпелерине және әмелий жумыс тәжирийбесине ийе болған, сондай-ақ, сырт елде  тәжирийбе арттырған маман кадрлар менен толықтырсын;

б) тийисли пәнлер бойынша жаңа әўлад сабақлықлары ҳәм оқыў қолланбаларын таярлаўдың комплексли бағдарламасы ислеп шығылыўын тәмийинлесин;

в) питкериўшилергеге байланыслы маманлық талаплары, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:

оқыў процесин алдыңғы халықаралық тәжирийбени, студентлерде тил таярлығын, анализлеў қәбилетин, системалы таллаў ҳәм басқарыў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған талапларды есапқа алған ҳалда шөлкемлестириў;

қәнигелик пәнлериниң оқыў жүклемесинде әмелий сабақлардың көлемин тренажёр-имитациялық ҳәм бағдарламалық комплекслерди қолланыў есабынан арттырыў ҳәм әмелге асырылыўын тәртипке салатуғын ҳүжжетлерди ислеп шығыў;

г) төмендегилерди:

Институт хызметкерлериниң стажировка өтеў тәртибин;

Институт лаўазымларын ишки уйымлық ротация тийкарында ийелеў тәртибин;

Институт профессор-оқытыўшыларының оқыў-методикалық ҳәм илимий жумысы бойынша ўақыт нормаларын, сондай-ақ, оқыў жүклемесин белгилеў ҳаққындағы режени;

Институт студентлери тәрепинен қәнигелик әмелиятты ҳәм магистрлар тәрепинен илимий стажировканы өтеў ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

14. Инновациялық раўажланыў министрлиги Мәмлекетлик салық комитетиниң усыныслары тийкарында илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпаның талапларына муўапық әмелий ҳәм инновациялық жойбарлардың таңлаўлар тийкарында қәлиплестирилиўин тәмийинлесин.

15. Мәмлекетлик бажыхана комитети, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары Мәмлекетлик салық комиети менен биргеликте студентлердиң тараўлық министрликлер ҳәм уйымлардың тийисли бөлимлеринде қәнигелик әмелиятын шөлкемлестириўде Институтқа ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетсин.

16. Мәмлекетлик салық комитети Институттың заманагөй оқыў имараты, китапхана, белсендилер залы, спорт зал ҳәм жатақхана имаратын қурыў, сондай-ақ, бар имаратларды реконструкциялаў ҳәм үскенелеў бойынша буйыртпашы етип белгиленсин.

17. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Мәмлекетлик салық комитетиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық 2021-жыл ҳәм келеси жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Институт имаратларын қурыў ҳәм реконсрукциялаў жойбарларының белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.

18. Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Қәнигелик арттырыў орайының Ташкент қаласы, Учтепа районы Киши айланба жолы, 3-жайдағы имаратлары Институтқа оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилсин.

19. Мәмлекетлик салық комиети және Жоқары ҳәм ортан арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

20. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 4-ноябрь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться