Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Тәлим-тәрбия системасы: раўажланыўдың жаңа басқышы додаланды
2020-10-30 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 30-октябрь күни елимизде тәлим-тәрбия системасын жетилистириў, илим тараўының раўажланыўын жеделлестириў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллерине жоллаған қутлықлаў сөзинде атап өткениндей, раўажланыўдың тырнақ тасы да, елимизди қүдиретли, миллетти уллы ететуғын күш те илим, тәлим-тәрбия болып есапланады.
Соның ушын да, Өзбекстанда билимлендириў системасын комплексли раўажландырыў, маман кадрлар таярлаў мақсетлерине үлкен күш ҳәм қаржылар жумсалмақта. Мектепке шекемги билимлендириў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў системалары, илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысында сапа өзгерислери жүз бермекте.
-Биз устазды атадай уллы деп билген, бәрқулла ардақлаған мәрипат сүйиўши халықтың ўәкиллеримиз. Мен де оқытыўшы, муғаллим дегенде өзим ушын ең әзиз ҳәм ҳүрметли болған, зыялы заманагөй, кишипейил ҳәм меҳрийбан инсанларды көз алдыма келтиремен. Себеби ҳәммемизге де усы муғаллим сабақ ҳәм билим берип, меҳрийбан ата-аналарымыз қатарында тәрбиялаған,-деди мәмлекет басшысы мәжилис алдында.-Бүгинги күнде Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўириниң тырнағын жаратып атырмыз. Онда бизиң ең жақын жәрдемшилеримиз устаз ҳәм тәрбияшылар, илимий ҳәм дөретиўши зыялылар болып есапланады.
Ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир баланың өмири мектеп пенен байланыслы болыўы, бул мәселе мәмлекеттиң, жәмийеттиң ең әҳмийетли жумыс екени атап өтилди.
-Барлығымыз әзиз перзентлеримиздиң өмирин ҳәм тәғдирин муғаллим ҳәм устазларға исенип тапсырамыз. Мине усындай бийбаҳа байлық сақшылары, келешек дөретиўшилери болған уллы инсанларға мүнәсип ҳүрмет-иззет көрсетиўимиз керек,-деди Президент.
Мәжилисте бүгинги модернизация процесслери, реформа ҳәм өзгерислер нәтийжелилиги мектеп билимлендириўине, жаңа әўлад кадрларын жетистириў мәселесине барып тақалып атырғаны атап өтилди. Соның ушын мектеп директорлары ҳәм муғаллимлерге көп нәрсе байланыслы. Олар аўыл ҳәм қалаларда тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм мәнаўият тарқататуғын пидайы адамлар болып есапланады. Мектеплер тек ғана билимлендириў дәргайы емес, ал мәҳәллениң мәдений, интеллектуаллық орайы болыўы зәрүр.
Ҳәммемизге белгили, елимиз тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириў, илим тараўының раўажланыўын жеделлестириў мақсетинде Президент пәрманының жойбары ислеп шығылды. Усы ҳүжжет regulation.gov.uz порталына қойылып, барлық аймақларда, жергиликли кеңеслерде ҳәм мектеп жәмәәтлеринде ата-аналардың қатнасыўында кең түрде додаланды.
Пәрман жойбарында билимлендириўдеги ҳәзирги машқалаларды шешетуғын, жақын бес жылда нәтийжесин көрсететуғын ҳәм кейинги раўажланыў дәрежесин белгилеп беретуғын мақсетлер қамтып алынған.
Атап айтқанда, жәмийетте муғаллимниң абырайын ҳәм статусын көтериў, оқыў бағдарламалары ҳәм методикасын толық қайта көрип шығыў, мектепти билимлендириўдиң кейинги басқышлары менен избе-из байланыстырыў, оқытыўшыларды артықша қағазпазлықтан азат етип, өз үстинде көбирек ислесиўи ушын шараят жаратыў ҳәм соны хошаметлеў, мектеп инфраструктурасын ҳәм ондағы руўхый орталықты жақсылаў сыяқлы мәселелердиң шешимлери анық белгилеп берилмекте.
Ең тийкарғысы, орынлардағы басшылардың, сондай-ақ, жергиликли кеңеслердиң усы әҳмийетли мәселеге қатнасын ҳәм итибарын түп-тийкарынан өзгертиў, олардың жуўапкершилиги ҳәм есап бериў механизмлери киргизилмекте.
Видеоселектор мәжилисинде билимлендириў тараўындағы машқалалар, оларды шешиў, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға байланыслы ўазыйпалар додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы бәринен бурын мектеплерде оқыў жүклемеси ҳәм сабақлар санын қайта көрип шығыў, оқыўшыларды тек ғана ядлаўға емес, ал пикирлеўге шақыратуғын методика жаратыў зәрүрлигин атап өтти.
Бул бағдарда Финляндия тәжирийбеси мысал етип келтирилди. Бул мәмлекет улыўма саўатлылық, тәбийғый пәнлер ҳәм математика бойынша дүньяда ең алдыңғылардан бири.
-Мектепте оқытыў методикасы өзгермесе, билимлендириўдиң сапасы да, мазмуны да, орталығы да өзгермейди,-деди Шавкат Мирзиёев.
Жер жүзиндеги заманагөй оқыў бағдарламалары, оқытыў методикаларын үйренип, елимиздиң улыўма билимлендириў мектеплерине енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Халық билимлендириў министрлигине усы тәжирийбе тийкарында Миллий оқыў бағдарламасын ислеп шығып, 2021/2022-оқыў жылынан баслап билимлендириў процесине сынақ түринде енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Жаңа методиканы нәтийжели жолға қойыў ушын барлық мектеп оқытыўшылары видеобайланыс арқалы сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында оқытылады. Ең әҳмийетлиси, бул процесслерге педагогика бағдарындағы университет ҳәм институтлар да тартылып, педагог кадрлар таярлаў методикасы да жаңаланады. Сондай-ақ, математика, физика, химия, биология ҳәм информатика пәнлери бойынша сырт еллердеги алдыңғы сабақлықлар терең үйренип шығылады.
Мектеплерди оңлаў, абаданластырыў, ысытыў сыяқлы хожалық мәселелерине ҳәкимлер жеке жуўапкер екени еслетип өтилди. Сондай-ақ, жоқары оқыў орнына кире алмаған питкериўшилерди белгили кәсип-өнер ямаса исбилерменликке тартыў зәрүр.
Соның ушын келеси жылдан баслап 7-кластан ул-қызлардың кәсипке қызығыўшылықларын анықлаў ҳәм басқышпа-басқыш кәсипке бағдарлаў әмелияты енгизилетуғыны белгиленди. Аймақтағы санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў кәрханалары мектеплерге бириктириледи.
Ҳәр бир мектеп рейтингин және сол тийкарда билимлендириў сапасы бойынша район, қала ҳәм ўәлаятлар рейтингин ислеп шығыў зәрүрлиги айтылды. Рейтинг нәтийжелерине қарап, мектеп директорлары ҳәм орынбасарлары, муғаллимлер, ҳәкимлер ҳәм олардың билимлендириў бойынша кеңесгөйлериниң жумысына баҳа бериледи.
Рейтингде биринши бесликке кирген мектеп директорларына жергиликли бюджеттен үстеме төленеди. Атап айтқанда, мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарларына мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының 3 есесинен 12 есесине шекем хошаметлеўши төлемлер бериледи. Соның менен бирге, халық билимлендириў бөлиминиң баслығы ҳәм методисти, мектеп директорлары, район рейтингинде биринши ҳәм екинши орында ийелеген мектеплердиң 2 алдыңғы муғаллимине кәсиплик аўқамлары есабынан ҳәр жылы санаторийларға еки ҳәптелик бийпул жоллама бериледи. Сондай-ақ, пидайы педагоглар басқа жоллар менен де хошаметленеди.
Мәжилисте педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бүгинги күнде халық билимлендириў системасында мийнет етип атырған 490 мыңнан зыят педагоглардың 4 проценти жоқары, 15 проценти биринши категорияға ийе. 4 басқыштан ибарат әмелдеги аттестация системасында қағазпазлық елеге шекем сақланып қалған.
Сол себепли жуўапкерлерге категория бериў тәртибин әпиўайыластырыў, педагоглардың билимин жыл даўамында баҳалаў имканын бериўши 2 басқышлы системаға өтиў бойынша көрсетпе берилди.
Және бир машқала – билимлендириўдиң сапасы төменлиги, материаллық-техникалық базасы жетерли болмағаны себепли айырым мектеплер толық қуўатлылықта ислеп атырған жоқ. Мәселен, Ташкент қаласындағы 32 мектепте оқыўшыларды қамтып алыў дәрежеси төмен. Мәмлекетимизде жеке меншик билимлендириў мәкемелерине кең шараят жаратылып атырғаны себепли келеси жылдан эксперимент сыпатында кем қуўатлылықта ислеп атырған мектеплерди таңлаў тийкарында потенциаллы талабанларға исенимли басқарыўға бериў усынысы билдирилди.
Мектеплерде заманагөй басқарыўды енгизиў мәселелерине де тоқтап өтилди. Енди мектеп директорларын лаўазымға тайынлаў тиккелей жергиликли кеңеслер менен келисилген ҳалда, таңлаў тийкарында әмелге асырылады. Ҳәр бир талабан мектептиң көрсеткишлерин келеси 3 жылда жоқары дәрежеге алып шығыў бойынша өз бағдарламасы менен таңлаўда қатнасады ҳәм ҳәр жылы кеңеслер алдында есабат береди.
Буннан тийкарғы мақсет – мектеплердиң нәтийжели жумысын шөлкемлестириў, директорлардың жумысына нызамсыз араласыў ҳәм кадрлардың өз орнында емеслигин сапластырыў.
Мектеплер билим бериў менен бирге тәрбия, мәнәўият дәргайы есапланады. Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларға аймақларда жасап, дөретиўшилик етип атырған шайыр ҳәм жазыўшыларды кеңнен тартыў, мектеплердиң директор қорынан ҳәм жергиликли бюджет қаржыларынан оларға айлық мийнет ҳақы төлеў зәрүрлигин атап өтти.
Жоқары билимлендириў тараўындағы саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм қамтыўды арттырыў, ҳәр бир аймақта кеминде биреўден мәмлекетлик емес жоқары билим орнын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
-Бүгин көрип шығылған мәселелер ҳәммеден, мектеп директорынан баслап Бас министрге шекемги болған барлық буўындағы басшылардан жоқары дәрежедеги жуўапкершиликти талап етеди. Бул-жыллар даўамында көринбейтуғын, бирақ нәтийжеси жақын 10-15 жылда пүткил мәмлекет көринисин түп-тийкарынан өзгертиўге тийкар болатуғын қүдиретли дәрек,-деди Президент.
Парламент ўәкиллери, сондай-ақ, орынлардағы жергиликли кеңес депутатларынан билимлендириў системасындағы өзгерислерди халқымызға жеткерип, қатнас сезимин арттырыў, пәрман қабыл етилгеннен соң, орынланыўын қадағалаў, өз тәжирийбелери менен әмелий жәрдем бериў соралды.
Мәжилисте ҳәкимлер, жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары, мектеп директорлары, педагоглар тәлим-тәрбия сапасын арттырыўға байланыслы пикир-усынысларын билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги