Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасын узақ мүддетли перспективада раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары көрип шығылды

2020-10-19 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-октябрь күни мәсләҳәтши Сума Чакрабартидиң қатнасыўында елимизде реформалар бағдарламасын узақ мүддетли перспективада даўам еттириўдиң стратегиялық бағдарларын көрип шықты.

Терең ҳәм ҳәр тәреплеме таллаў тийкарында, алдыңғы халықаралық әмелият ҳәм тәжирийбени есапқа алған ҳалда Өзбекстанда жаңа өсиў ноқатларын анықлаў ҳәм жаңаланыўларды нәтийжели даўам еттириўди тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, елимиз экономикасының әҳмийетли тармақларын модернизациялаў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, мәмлекетлик басқарыў системасын реформалаўды тереңлестириў ҳәм басқарыў кадрларының сапасын түп-тийкарынан арттырыў, реcпубликада инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться