Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды нәтийжели жүргизиў мәселелери додаланды
2020-10-15 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-октябрь күни мәмлекетлик кадастрларды жүргизиўдиң жаңа системасын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимизде жер ажыратыў ҳәм мәмлекетлик кадастр тараўында бир неше он жыллар ишинде системалы машқалалар топланып қалғаны сыр емес. Тәртип-қағыйда, есап-санақ болмағаны себепли мыңлаған гектар жерлер талан-тараж болып кеткен. Бул тараўдан халық та, исбилерменлер де наразы еди.
Сонлықтан быйылғы жыл 7-сентябрьде «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» Президент пәрманы қабыл етилди. Бул ҳүжжетте тараўды алдынғы тәжирийбе тийкарында реформалаў, жаңаша басқарыў системасын енгизиў, жердиң есабын толық жүргизиў ҳәм санластырыў бойынша комплексли ўазыйпалар белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр мәмлекетлик комитети негизинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги шөлкемлестирилди. Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў ўазыйпасы усы агентликке, жерлерден нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў ҳәм қадағалаў функциялары Аўыл хожалығы министрлигине өткерилди.
Жаңа системаға бола, Кадастр агентлиги Салық комитети қурамында шөлкемлестирилгени бийкарға емес. Себеби бул тараўда салық базасын кеңейтиў ушын үлкен резерв бар.
Мысал ушын, жақында Бостанлық, Фурқат, Косон районлары ҳәм Үргенш қаласында өткерилген үйрениўлерде улыўма 2 мыңнан аслам көшпес мүлк объекти кадастр ҳәм салық базарларында есапқа алынбағанлығы анықланған.
Усындай жағдай жер майданларында да бар. Мәселен, хатлаўлар нәтийжесинде 66 районда 150 мың гектар қосымша аўыл хожалығы жерлери, соннан есабатларға киргизилмеген 28 мың гектар суўғарылатуғын егислик майданы бар екенлиги мәлим болған. Улыўма, 113 районда жер фонды категориялары ҳәм түрлериниң анық есап-китабы болмағаны ақыбетинде көплеген жер ресурслары ҳәрекетсиз қалмақта.
Мәжилисте жаңа система тийкарында жумысты шөлкемлестириў ушын биринши гезекте жер есабын орнына қойып, толық қәлиплестирип алыў зәрүрлиги атап өтилди.
– Кадастр ҳәм жер есабын жүргизиў тараўындағы нызам хүжжетлери ескирген. Олар қурамалы, түсиниксиз жазылған. Бул болса коррупцияға жол ашып берген. Бүгин система түп-тийкарынан өзгериўи керек. Тийкарғы мақсет жер есабын анық жүргизиў, бул бағдарда әдилликти тәмийинлеў болып есапланады, – деди Президент.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар басшыларына барлық аўыл хожалығы районлары бойынша жер кадастр ҳүжжетлерин таярлап, Миллий геомәлимлеме системасына киргизиў бойынша көрсетпе берилди. Енди ҳәкимлердиң жер ажыратыў ҳаққындағы қарарлары усы геомәлимлеме системасына киргизилмегенине шекем ҳақыйқый есапланбайды.
Сондай-ақ, Кадастр агентлиги менен салық уйымларының мағлыўматлар базасын бирлестирип, пайдаланыўдағы жер ҳәм объектлерди есапқа алыў және салықларды қәлиплестирип барыў ўазыйпасы қойылды.
Бүгинги күндеги тоғай хожалығы кадастры 1987-жылдан баслап жаңаланбағаны көрсетип өтилди. Оннан берли өткен дәўирде тәбийғый жол менен жаңа тоғайлар пайда болған. Сонлықтан Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетине тоғайзарларды толық хатлаўдан өткериў бойынша тапсырма берилди.
Системадағы машқалалардан бири, 340 мың объекттиң кадастр баҳасы белгиленбеген. Соннан 200 мыңнан аслам объект бойынша салық есапланбай атыр. Буннан тысқары, 1 миллионнан аслам турақ жайдың кадастр ҳүжжети жоқ.
Усы мүнәсибет пенен Президент көшпес мүлк кадастрының есабын толық қәлиплестириў зәрүр екенлиги, бул салық салыў базасын кеңейтиўде әҳмийетли екенлигин атап өтти. Оннан түсетуғын қаржылар толық жергиликли бюджетке түседи ҳәм олардың есабынан социаллық мәселелерди шешиў мүмкин.
Қурылыстан имарат-комплекстиң кадастр ҳүжжетин таярлаўға шекем болған басқышларда өндирилетуғын төлемлер тийкарлылығын үйренип, оларды азайтыў ҳәм процесслерди әпиўайыластырыў бойынша тапсырма берилди.
Жер салығын есаплаў системасын да түп-тийкарынан қайта көрип шығыў керек екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, ўәлаят орайларына жақын, суў тәмийнаты жақсы болған аймақларда да, өнимдарлығы төмен жерлерде де жер салығы дерлик бир түрде есапланады.
Жуўапкерлерге жерлердиң ҳақыйқый баҳасынан келип шығып салық есаплаў, онда артырылған ҳәм азайтылған коэффицинтлерди қолланыў системасын енгизиў бойынша тапсырма берилди. Усы мақсетте халықаралық экспертлер тартылып, объектлердиң базар баҳасын анықлаў тәртиби 4 районда сынақтан өткерилиўи белгиленди.
Мәжилисте жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткермеў ямаса жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў машқаласына да тоқтап өтилди.
Атап өтилгениндей, быйылғы жылы 50 мыңға шамалас жағдайда 11 мың 200 гектар жер өзбасымшалық пенен ийеленген, соннан 3 200 гектарда нызамсыз турақ жай қурылған. Олардың 99 проценти суўғарылатуғын, өнимдар аўыл хожалығы жерлери.
Аграр жерлерди қадағалаў ҳәм егинлерди мониторинг етиў мақсетинде ҳәр бир район дрон менен тәмийинлениўи атап өтилди. Буннан тысқары, космостағы жасалма жолдаслар арқалы бақлаўдан пайдаланып, нызамсыз қурылмаларды жедел анықлаў ҳәм қурылысты биринши басқышында сапластырыў имканиятын беретуғын мәлимлеме системасы жолға қойылады. Бул дәслеп айырым ўәлаятларда сынақтан өткериледи.
Барлық ўәлаят, район ҳәм қалалардың ҳәкимшилик шегараларын анықлаў жумысларын усы жылдың ақырына жеткерип, жергиликли кеңеслерде тастыйықлаў ўазыйпасы қойылды. 2 мыңнан аслам атамасыз көшелер, 1 миллионнан аслам номерсиз жайлар бар екенлиги аталып, тийисли көрсетпелер берилди.
Бизге белгили, елимизде 21 түрдеги мәмлекетлик кадастр бар. Бирақ бүгинги күнде 9 кадастр бойынша мағлыўматлар 50 процентке де жетпейди. Усының ақыбетинде жерлерди аукционға шығарыў ушын түрли уйымлар орнына қойып үйрениўге, айрықша жуўмақ бериўге мәжбүр ҳәм оған 2 ай әтирапында ўақыт кетпекте.
Атап айтқанда, тек қалалараралық автомобиль жоллары бойынша кадастр бар болып, ишки жоллар бойынша бир де бир аймақта кадастр тастыйықланбаған. Сонлықтан бул бағдардағы кадастрды толық ҳүжжетлестирип, Миллий геомәлимлеме системасына киргизиў ўазыйыпасы белгиленди.
Тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын Кадастр агентлигиниң барлық буўынларын тәжирийбели кадрлар менен толықтырыў, жаңа системаның мазмуны ҳәм тәртиби бойынша оқытыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Орынлардағы кадастр бөлимлериниң материаллық-техникалық тәмийнаты ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў бойынша да көрсетпе берилди.
– Улыўма айтқанда, ҳәр бир ҳәким ҳәм сектор басшылары жер есабын дурыс жолға қойыў, жерди көздиң қарашығындай сақлаў аймақлардың экономикалық жоқарылаўына хызмет ететуғын тийкарғы факторлардан бири екенин аңлап жетиўи зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев. – Бул арқалы үш әҳмийетли мәселени, яғный жерден нәтийжели пайдаланыўды, пуқаралар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң мүлк ҳуқықын ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеўди және салық базасын кеңейтип, бюджет дәраматына қосымша резервлер қәлиплестириўди шешкен боламыз.
Видеоселектор мәжилисинде жуўапкерлер жер ҳәм кадастр есабын дурыс жолға қойыў арқалы нәтийжелиликти тәмийинлеў илажлары бойынша есабат берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги