Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Экспорт режелери ҳәм инвестициялық жойбарлардың орынланыўы сын көз қарастан талланды
2020-10-14 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-октябрь күни Қытай Халық Республикасы ҳәм Корея Республикасы менен бирге ислесиўдеги саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық жойбарлардың орынланыўын сын көз қарастан көрип шығыў, жаңа өсиў бағдарларын белгилеўге бағышланған мәжилис өткерди.
Қытай менен Қубла Корея Өзбекстанның стратегиялық шериги болып есапланады. Еки мәмлекет пенен де жоқары дәрежедеги сапарлар шеңберинде кең көлемли келисимлерге ерисилген, саўда, экономика, инвестиция, гуманитар ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды қамтып алған «жол картасы» қабыл етилген.
Бирақ коронавирус пандемиясы барлық мәмлекетлердиң экономикасы ушын күтилмеген сынақ болды. Карантин шеклеўлери сыртқы саўда байланысларының қысқарыўына, транспорт қатнаўларының азайыўына, инвестициялық жойбарлардың кешигиўине алып келмекте.
Мәмлекетимиз басшысы 6-октябрь күни Корея Республикасы Президенти Мун Чже Ин менен телефон арқалы сөйлести. Сөйлесиўде қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды тезлестириў және оларды әмелге асырыўда жәрдемлесиў, керек болса, жеңиллетилген кредитлерди көбейтиў бойынша келисип алынды. Жыл ақырына шекем мәмлекет басшылары қатнасыўында онлайн саммит өткерилетуғыны белгиленди.
Қытай менен де байланыслар избе-из раўажланбақта. Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң елимизге болажақ мәмлекетлик сапарына пуқта таярлық көрилмекте.
Усы жылдың 8 айы даўамында Өзбекстан менен Қытай арасындағы саўда айланысың көлеми 4 миллиард долларға, Қубла Корея менен 1,4 миллиард долларға жетти.
Мәжилисте Президентимиз бул мәмлекетлер менен бирге ислесиў бойынша имканиятлардың көплиги, бирақ ҳәзирги нәтийжелер жетерли дәрежеде емеслигин атап өтилди. «Жол карталары» орынланыўының ақсап, жумыс системалы алып барылмай атырғанын қатаң сынға алды.
Быйыл айырым тараўларда экспорт көрсетикшлери төменлеген. Атап айтқанда, Қытайға өткен сегиз айда тоқымашылық тараўында 42,3 процентке, химия ҳәм нефть-химия санаатында 33,1 процентке, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериўде 18,1 процентке азайған.
Усы дәўирде Қубла Кореяға экспорт бойынша Сурхандәрья, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында бипәрўалыққа жол қойылған.
Мәжилисте тармақ ҳәм аймақ басшылары экспорттың әҳмийетин елеге шекем терең түсинип жетпей атырғаны, олардың бул бағдардағы ис усылы бүгинги күн талабына пүткиллей жуўап бермей атырғаны көрсетип өтилди.
-Ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ басшысы өз өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, өзине түсер баҳасын түсириў ҳәм оларды сыртқы базарларға жеткерип бериў бойынша жаңа, нәтийжели усыныслар ислеп шығып, бул мәселелер менен турақлы шуғылланыўы шәрт,-деди Президент.
Қытайдың ашық экономикалық сиясаты ҳәм елимиздиң қолайлы географиялық жайласыўынан нәтийжели пайдаланыў, Қубла Корея базарына жоқары қосымша қунлы өнимлерди авиатранспорт арқалы тасыў зәрүрлиги атап өтилди.
Қытай ҳәм Корея Республикасы елимиздиң ири инвесторлары болып та есапланады. Атап айтқанда, кейинги үш жылда Қытайдан 3,9 миллиард, Қубла Кореядан 850 миллион доллар инвестициялар өзлестирилген.
Бирақ айырым инвестициялық жойбарлардың орынланыўы кешикпекте.
Мәжилисте сондай жойбарлар тармақ ҳәм ўәлаятлар кесиминде сын көзқарастан додаланды. Мүддетинен артта қалып атырған ямаса тоқтап қалған жойбарларды терең таллаған ҳалда, оларды жеделлестириў ҳәм иске қосыў илажлары белгиленди. Соның менен бирге, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине Қытай және Қубла Кореядан тиккелей инвестицияларды тартыўды нәзерде тутатуғын жаңа жойбарларды қәлиплестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Транспорт, денсаўлықты сақлаў, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы жойбарлардың барысы да көрип шығылды.
Қытай ҳәм Қубла Корея менен кең қамтыўлы бирге ислесиўди жолға қойыў, жаңа бағдарлар табыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, олардың орынланыўын қадағалаў бойынша көрсетпелер берилди.
– Бүгин заман өзгерип атыр, талап өзгерип атыр, барлық тармақлар талланбақта. Оларды раўажландырыў бойынша қарарлар қабыл етип атырмыз. Нәтийже де соған сай болыўы керек. Экономикалық турақлылықтың кепили – экспорт ҳәм инвестициялық көрсеткишлерди арттырыў, – деп атап өтти Президент.
Видеоконференция көринисинде өткен мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәкимлер ҳәм Өзбекстанның сырт мәмлекетлердеги елшилери қатнасып, экспорт ҳәм инвестициялық жойбарлардағы қалақлықты сапластырыў илажлары бойынша есап берди.
Жуўапкерлерге барлық қоспа жойбарларды сын көзқарастан көрип шыққан ҳалда, оларды тезлестириў ҳәм белгиленген мүддетлерде сапалы әмелге асырыў бойынша жаңаланған «жол карталары»н таярлаў және келеси жыл ушын жаңа перспективалы бағдарламаларды ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги