Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Тәжикстан Президенти менен телефон арқалы сөйлесиўи
2020-10-07 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-октябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў ўақтында еки ел бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери додаланды. Региондағы жағдай бойынша пикир алысылды, болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режеси көрип шығылды.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы қатнасықларды беккемлеў, Орайлық Азияда турақлы және избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша исенимли екенликлерин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги