Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президентиниң Россия Президенти менен телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында
2020-10-07 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-октябрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Россия халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша пикир алысылды.
Усы жылдың июль айында Москва қаласындағы ушырасыў ўақтында ерисилген келисимлерге муўапық болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерге таярлық көриў бойынша биргеликтеги жедел ислерди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.
Пандемия ақыбетлерине қарамастан, өз-ара сапар етиўлер әмелге асырылып атырғанлығы, Өзбекстан ҳәм Россияның жетекши компаниялары менен кәрханалары арасындағы инвестициялық бирге ислесиў ҳәм товар алмасыў көлеми кеңейип баратырғанлығы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Билимлендириў ҳәм мәдений алмасыўға байланыслы әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Президенти коронавирусқа қарсы гүресиўде көрсетилген әмелий жәрдем, соның ишинде, Россиядан врачлар менен қәнигелердиң үлкен топары елимизге жөнетилгени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекет басшылары еки елдиң министрликлери ҳәм уйымлары дәрежесинде, соның ишинде, усы айда болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси шеңберинде тығыз муўапықласыў ҳәм бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Онда, бәринен бурын, көп қырлы қатнасықлардың тийкарғы бағдарламалары ҳәм жойбарларын, бизнес ҳәм аймақлар кооперациясын күшейтиў бойынша узақ мүддетли «жол картасын» таярлаўды жеделлестириў нәзерде тутылады.
Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, регионда жүзеге келип атырған жағдайды додалады, болажақ илажлар режесин көрип шықты.
Сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги