Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Почта системасын дәраматлы тараўға айландырыў илажлары додаланды
2020-10-05 | Сиясат
Почта сестемасын хат, жөнелтпелер ҳәм товарлар жеткерип бериў, банк, қаржы ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўге қәнигелестириў арқалы тараўдың турақлылығын тәмийинлеў әҳмийетли мәселе болып есапланады. «Өзбекстан почтасы» АЖ системасында мәмлекетимиздиң барлық аймақларын қамтып алған 2 мыңнан аслам бөлим, 7 мың хызметкер бар. Бирақ жыллар даўамында итибар берилмегенлиги ақыбетинде почта хызметиниң орны төменлеп кетти. Атап айтқанда, соңғы он бес жылда 1 мың 300 почта бөлими жабылған. Өткен жылы сырт елден келген 6 мың тонна жөнелтпелердиң тек 10 проценти, курьерлик хызметлериниң 30 проценти миллий почта үлесине туўра келген.
Сонлықтан орынлардағы жағдай үйренилип, Азия раўажланыў банки экспертлериниң қатнасыўында почта системасын реформалаў бойынша усыныслар таярланды. Мәжилисте бул илажлар Сергели, Янгиқўрғон ҳәм Ташкент районлары почтасы мысалында таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы почта системасын раўажландырыў ушын оны дәрамат келтиретуғын тараўға айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Жеке меншик операторлар менен бирге ислесиўди жолға қойыў, қосымша хызметлерди усыныў арқалы почта бөлимлериниң дәраматын арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Мәселен, ҳәзирги күнде электрон саўда раўажланбақта. Интернет арқалы сатып алынған товарды ийесине жеткерип бериўге бәрқулла талап жоқары. Қалаберсе, елимизге кирип келген халықаралық тасыўшы компаниялардың аймақларда филлиаллары жоқ. Бул имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, почта жөнелтпелери менен өнимлерди ақырғы мәнзилге жеткерип бериўди жолға қойыў жақсы нәтийже береди.
– Почта тараўындағы ең тийкарғы ўазыйпа адамлардың аўырын жеңил, узағын жақын етиў болып есапланады, – деди Президент.
Мәжилисте ақырғы мәнзилге жеткериў системасын районларда тәжирийбеден өткерип, келеси жыл 1-марттан баслап ўәлаят орайларында, 1-июльден баслап мәмлекет бойынша енгизиў режеси белгиленди. Оның ушын жөнелтпелерди қабыл етиў, сайлап алыў ҳәм онлайн бақлаў имканиятын беретуғын автоматласқан мәлимлеме системасын иске қосыў кереклиги атап өтилди.
Сондай-ақ, жыл ақырына шекем миллий онлайн саўда майданшасын енгизиў бойынша тапсырма берилди. Бул система арқалы исбилерменлер ислеп шығарған өнимди республика бойынша саўдаға шығарады, миллий оператор оларды мәнзилине жеткерип береди. Онда «Өзбекстан почтасы» тутыныўшы ҳәм сатыўшы арасында кепил болады. Усы мақсетте келеси жылы Ташкент қаласында логистика орайын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тараў дәраматын тәмийинлеў ушын және бир дәрек – онша қурамалы болмаған мәмлекетлик хызметлерди почта бөлимлеринде де жолға қойыў. Сол көз қарастан, «Өзбекстан почтасы» АЖның узақ аймақлардағы 300 бөлиминде 13 түрдеги мәмлекетлик хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Сондай-ақ, дәслеп Сергели, Янгиқўрғон ҳәм Ташкент районларындағы почта бөлимлеринде нақ пул инкассациясы, пластикалық карта әмелияты сыяқлы банк хызметлерин енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Соңғы төрт жылда «Өзбекстан почтасы» акционерлик жәмийети тәрепинен баспасөз өнимлерин жеткериў баҳасы 3 есеге азайып, оның улыўма баспасөз өнимлерин жеткериўдеги үлеси 13 процентти қурамақта.
Жуўапкерлерге басылымларды қоллап-қуўатлаў ушын баспасөз өнимлерин жеткериў системасын раўажландырыў, күнделикли басылымларға онлайн жазылыў хызметин жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жаңа почта хызметлерин жолға қойыў ушын хызметкерлерди қайта таярлаў, почта имаратын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында исбилерменлер менен бирге ислетиў мәселелерине де итибар қаратылды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги