Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өсимликлер карантини тараўындағы реформалардың нәтийжелилиги талланды

2020-09-22 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-сентябрь күни өсимликлер карантини тараўындағы реформалардың нәтийжелилигин таллаўыға бағышланған мәжилис өткерди.

Аўыл хожалығы тараўындағы реформалар ҳәм экспорт сиясатының тийкарғы мақсети – мәмлекетимиздың өнимлерин жәҳән базары талапларына сәйкеслендириў. Соның ушын, өсимликлерди қорғаў бағдарын реформалап, Өсимликлер карантини инспекциясы шөлкемлестирилди. Халықаралық  стандартларды енгизип, экспортқа жәрдем бериў, сырт мәмлекетлер менен келисимлер дүзиў, өсимликлер клиникасын ҳәм биолабораториялар шөлкемлестириў, сондай-ақ, тараўға илимниң жетискенликлерин алып кирип, тәжирийбели кадрлар таярлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдардағы дәслепки қәдемлердиң нәтийжесинде 19 мәмлекетке 78 түрдеги өнимди экспорт етиў ушын руқсатнамалар алынды.

Сертификация ушын онлаған қағаз ҳүжжетлердиң орнына бирден-бир электрон система енгизилип, экспортшылардың арзаларын көрип шығыў мүддетти 10 күннен 1 күнге түсирилди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша презентация менен танысып, гезектеги ўазыйпаларды белгилеп берди.

Жаңа экспорт базарларын таўып,  өнимлерди ҳәзирги баҳасынан 3-4 есе қымбатлаў сатыў имканияты барлығы айтылды. Товарларды халықаралық фитосанитария талабы тийкарында таярлаў ушын өним жетистиретуғын, комплектлеўши ҳәм экспорт етиўши ҳәр бир кәрханага  карантин инспекторларын бириктириў бойынша  көрсетпе берилди.

Литва, Латвия, Украина, Әзербайжан, Египет, Қатар, Монголия, Аўғанстан ҳәм басқа да мәмлекетлер менен сөйлесиў өткерип, вишня, гранат, жүзим, қаўын сыяқлы мийўе-овощлардың экспорты ушын исбилерменлерге жол ашып  бериў ўазыйпасы белгиленди. «Атыздан  экспортқа шекем» принципи бойынша толық ислесиўди тәмийнлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Бизге белгили, келеси жылларда аўыл хожалығы өнимлери экспортының көлемин 5 миллиард долларға жеткериў мөлшерленген. Оның ушын тараўдың илимий потенциалын арттырыў, халықаралық сертификация системасын енгизиў керек. Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы бул бойынша ири илимий орай шөлкемлестириў усынысын алға қойды. Илим менен әмелияттың үйлеслигин тәмийинлеў, экспортшы кәрханалардың қәнигелерине халықаралық фитосанитариялық талапларды түсиндириў бойынша тапсырмалар берилди.

Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы жанындағы Өсимликлер карантини илимий орайын түп-тийкарынан реформалап, заманагөй лабораторияларға ийе болған Самарқанд ҳәм Қашқадәрья  ўәлаятларында және Фергана ойпатлығында  орайласқан илимий мәкемелер шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди. Бул илимий орайларға Илимлер академиясы ҳәм агросанаат комплекси системасындағы илимий изертлеў институтларын бириктириў, Инновациялық раўажланыў министрлигине усы илимий орайларды раўажландырыўға  грант қаржыларын бағдарлаў ўазыйпасы қойылды. Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлигине еки ай мүддетте илимий орай ҳәм аймақлардағы лабораторияларды үскенелеўге 50 миллион доллар муғдарындағы қаржыларды тартыў тапсырылды. Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филиалларында да халықаралық фитосанитариялық талаплары оқытылады.

Бүгин тараўда жеке меншик сектордың қатнасыўында өсимликлердиң 205 клиникасы, 690 биолабораториясы бар. Сапа ҳәм бәсекини тәмийинлеў мақсетинде ондай жеке меншик клиника ҳәм биолабораторияларды көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясына 1-декабрьге шекем өзиниң мағлыўматлар  базасын бажыхана уйымларының «Бир айна» электрон системасына толық интеграциялаў ўазыйпасы қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться