Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Telegram»да тарқалған вирус ҳаққында мағлыўмат берилди

2020-09-15 | Технологиялар

Сентябрь айының басында «Telegram»дағы каналлар ҳәм топарларда фотосүўрет файлына уқсас болған зыянлы қосымша тарқалғаны, интернет пайдаланыўшылары усы сыяқлы файлларды жүклеп алып, орнатыўы ақыбетинде қурылманың программалық тәмийнатына зыян жетиўи мүмкинлиги ҳаққында хабарлар тарқалған еди. 

Хабарларда усы файл ашылғаннан соң смартфон ямаса компьютердеги мағлыўматлар урланыўы мүмкинлиги, система ислемей қалыўы ямаса басқа техникалық қәтелер жүз бериўи ҳаққында ескертилген еди.

Қәнигелердиң мағлыўмат бериўинше, «SCR» кеңейтпели файллар арқалы ҳәр қыйлы программаларды жаратыў мүмкин. Әдетте, «SCR» файллар оларды жаратқан тийисли программаның орынлаўшы файл скриптлери болып табылады. «SCR» файлды ашыў системада белгили бир буйрықлар дизиминиң әмелге асырылыўына себепши болады. Бундай буйрықлар файлда белгили бир тәртипте жайласады. «SCR» файлларының көпшилиги текстли форматта сақланады. Оларды текст редакторларының программалары ямаса қосымшаларында ашыў ҳәм көриў мүмкин. Бундай файлларға өзгерис киргизиў бирқанша қыйын, себеби олар көбинесе қосымша ҳәм өзгерислерден қорғалған болады.

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясының хабар бериўинше, бундай түрдеги файллар жаратылғанынан соң троян түриндеги зыянлы вируслар ҳәм басқа зыянлы программалар менен бирге ислей алады. «SCR» файл ашылғанда әдетте антивирус программаларды көпшилик жағдайларда блоклап қоятуғын буйрықлар иске түседи. Вирус жазыўын өзгертпеў бойынша қорғаныў болыўы ямаса «SCR»да жасырынған «EXE» файл себепли антивируслар көбинесе бундай программалық тәмийнатты өшире алмайды. «SCR» файлы ишине орналастырылған троянлар ҳәм вирусларды табыў және өшириў қыйын болғаны ушын мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша қәнигелер усы формадағы белгисиз файлларды ашпаўды усыныс етеди.

 

Ислам Матеков

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться