Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Тоғай хожалығын раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди

2020-09-04 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тоғай хожалығын раўажландырыў бойынша реформалар нәтийжелилигин таллаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Экономиканың ресурс базасын кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экологияны жақсылаўда тоғай хожалығы оғада әҳмийетли орын ийелейди. Соның ушын да соңғы үш жылда бул тараўды жедел раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, мәмлекетимиздиң тоғай фондының жерлери 12 миллион гектарға жеткерилди.

Соның ишинде, Арал теңизиниң 1,2 миллион гектар қурыған ултанына тереклер отырғызылды. Обороттан шығып кеткен 10 мың гектар тоғай хожалығы жерлери өзлестирилди, 5 ярым мың гектарда ғоза, 4 мың гектарда азық-аўқат егинлери ҳәм дәрилик өсимликлердиң плантациялары шөлкемлестирилип, 3 мың жаңа жумыс орны жаратылды. Тоғай хожалықларында биринши мәрте 64 биолаборатория шөлкемлестирилди.

Мәжилисте бул бағдарда еле иске қосылмаған имканиятлар көп екенлиги атап өтилип, алдымыздағы тийкарғы ўазыйпалар белгиленди. Тараўда жеке меншик секторды тартқан ҳалда, тоғай жерлерин өзлестириў, жылқышылық, шарўашылық, туқымгершилик, нәл жетистириў, туризмди кеңнен жолға қойыў мәселелери додаланды.

Және 50 мың гектар тоғайзар пайда етип, Жиззақ, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Наманган және Ташкент ўәлаятларында ғоза, писте ҳәм бадам плантацияларын шөлкемлестириў имканияты бар екенлиги көрсетип өтилди.

Мебель ислеп шығарыў кәрханалары шийки заттың 90 процентин импорт етип атырғанынан келип шығып, оларға кластер усылында павловния ҳәм басқа мебельге жарамлы тереклер жетистириў ушын жер ажыратыў бойынша тапсырма берилди.

Тоғай фондының жерлерин өзлестириўге де субсидия ҳәм жеңилликлер енгизиў, атап айтқанда, суўғарыў насосларын сатып алыў, қудықлар қазыў жумысларын қаржылай қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы жылдан баслап оборотта болмаған тоғай фондының жерлерин ижараға бериў тәртиби енгизилди. Ҳәзирги күнде 20 мың гектар усындай жер ижараға берилген. Бул жумысларды даўам еттирип, қосымша жерлерди оборотқа киргизиў және исбилерменлерге ижараға бериўди кеңейтиў ўазыйпасы қойылды.

Көп жерлерде, соның ишинде, Қаракөл, Ғиждувон, Шаҳрисабз, Китоб, Поп, Чортоқ, Нуробод, Қўшработ, Нурота, Бахмал, Фориш, Узун, Бойсун, Оҳангарон, Бекобод районларында тоғай хожалығы резервлеринен пайдаланыў бойынша жумыслар сынға алынды, жетерли шөлкемлестирилмегенлиги көрсетип өтилди.

Пиллешиликте азық-аўқат базасын көбейтиў мақсетинде фермер хожалықларында 2 мың гектар, келеси жылы 2,5 мың гектарға тут нәллерин егиў режелестирилди.

Өткен жылы дәрилик өсимликлердың плантациясы 2 мың гектарға жеткерилген еди. Мәжилисте келеси жылы бундай атызларды 5 мың гектарға жеткерип, өнимди 8 мың тоннаға шекем арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жеке меншик секторды тартқан ҳалда тоғай фонды жерлеринде пал ҳәррешилик, шарўашылық ҳәм қусшылық жойбарларын әмелге асырыў, бәнтликти тәмийинлеп, азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў илажлары белгиленди.

Тоғайлар туристлер ушын да қызық. Өткен жылы экотуризм ҳәм аңшылық туризминен улыўма 1 миллиард сум түскен. Бирақ бул кем. Бостанлық районындағы жаңа система тоғай аймақларында туризмди раўажландырыў бойынша оғада үлкен жерлердиң бар екенлигин көрсетти. Мысал ушын, «Бурчмулла» тоғай хожалығында жеке меншик шериклик тийкарында 300 орынлы экотуризм орайы қурылмақта.

Усындай имканиятларды иске қосып, келеси жылы экология ҳәм аңшылық туризминен дәраматларды 10-15 есеге арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Шаҳрисабз, Китоб, Бойсун, Боботоғ, Замин, Бахмал, Оҳангарон, Бекобод, Далварзин, Поп, Қўқон, Қозоқдарё тоғай ҳәм аңшылық хожалықларында туризм орайларын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте тоғай хожалығы бойынша илимди раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Жергиликли пистениң суўсызлыққа шыдамлы ҳәм жоқары өним беретуғын 13 түрдеги жаңа сортын дизимнен өткерип, кейинги жылдан баслап таўлы районларда егиў керек екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик тоғай хожалығы комитетине дәрилик өсимликлерди локализациялаў ушын тәжирийбе плантациялары ҳәм илимий орай, сондай-ақ, тоғай топырақтаныўшылығы, «in vitro» ҳәм туқымгершилик лаборатоияларын шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.

Тараўда кадрлардың потенциалын арттырыў, орта буўын қәнигелерди таярлаў бойынша да көрсетпелер берилди.

Аўыл хожалығының басқа тармақларында болғаны сыяқлы тоғай хожалығын раўажландырыў ушын да халықаралық шөлкемлердиң қаржыларын тартып, ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелерди инабатқа алып, тоғай хожалығын раўажландырыў бойынша 10 жыллық жойбарды жетилистириў ўазыйпасы белгиленди.

Мәжилисте Мәмлекетлик тоғай хожылығы комитети ҳәм аймақлардың басшылары мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться