Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзи

2020-09-01 | Сиясат

Ассалаўма әлейкум, қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллық байрамы менен шын кеўлиминен қутлықлайман.

Ҳәзирги ўақытта усы салтанатлы мәресимди орынлардағы студияларда, сондай-ақ, үйлеринде «көк экран» арқалы тамаша етип атырған,  мениң қутлықлаў сөзлеримди еситип турған қәдирли ата ҳәм аналарымызға, әзиз апа-сиңлилеримизге, әзиз жасларымызға, барлық-барлық ўатанласларыма өзимниң жоқары ҳүрметимди билдиремен.

Ҳәммемизге белгили, пандемия себепли быйыл Ғәрезсизлик байрамын бурынғыдай үлкен салтанат ҳәм сейиллер менен белгилей алмай атырмыз.

Халқымыздың саламатлығын ойлап, ықшам түрде, онлайн режиминде өткизбектемиз. Бирақ, ҳәр жылғыдай, белгили көркем өнер шеберлеримиз усы қутлы сәнеге атап үлкен-үлкен концертлер, көркем бағдарламалар таярлаған ҳәм олар телевидение арқалы халқымызға инам етиледи.

Сөзсиз, барлығымыз ушын ең уллы ҳәм муқаддес болған бул байрам нәпеси шаңарақларымыз дөгерегинде, кеўиллеримизде, жүреклеримизде даўам етеди.

Ҳүрметли дослар!

Тарийх соннан дәрек береди, ҳәр бир халық тек еркин ҳәм азат болған жағдайда ғана, өз өмирин ҳәм келешегин еркин қурыў ҳуқықына ийе болады. «Азатлық берилмес, азатлық алынады!» деп миллет азатлығы жолында жанын пида еткен уллы бабаларымыздың уллы мақсети де сол еди.

Халқымыздың теңсиз мәртлиги ҳәм жигери менен Биринши Президентимиз ҳүрметли Ислам Абдуғаниевич Кәримов басшылығында қолға киргизилген мәмлекет ғәрезсизлиги мине, усы әсирлик арзыў-әрманымызды әмелде тәмийинлеген теңсиз ўақыя болды.

Биз қандай қәўипли ҳәм сүренли дәўирлерди басымыздан өткермейик, қандай жетискенлик ҳәм нәтийжелерге ерискен болмайық, ғәрезсизлик идеясы, еркинлик руўхы бизге бәрқулла сүйениш болмақта.

Бүгин шексиз мақтаныш пенен айта аламыз, данышпан халқымыздың узақты көре алыўы, тилеклеслиги ҳәм пидайы мийнети менен барлық сынақлардан мүнәсип өтип келмектемиз.

Сол себепли, бизиң инсаний қәдир-қымбатымызды, ар-намысымызды, дин ҳәм ийманымызды, миллий мәмлекетшилигимизди тиклеп берген Ғәрезсизлик күни Ўатанымыздың даңқлы тарийхында ҳәмийше ең жарқын бет болып қалады.

Бүгин дүнья көлеминде елимиз ҳаққында сөз болғанда, «Жаңа Өзбекстан» деген атама тилге алынбақта. Бул кейинги жылларда раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышына қәдем қойғанымыз, ерисип атырған мақтанышлы табысларымыздың тән алыныўы болып есапланады.

Халқымыздың уллы қүдирети ҳәзирги заманда Өзбекстанда және бир ояныў – Үшинши Ренессанс дәўирине негиз жаратылмақта десек, ҳақыйқат болады. Себеби бүгинги Өзбекстан – кешеги Өзбекстан емес. Бүгинги халқымыз да кешеги халық емес.

Ғәрезсизлик жылларында басып өткен даңқлы жолымызға нәзер таслап, ертеңги күнимизге, өз күш ҳәм имканиятларымызға болған исенимимиз және де күшеймекте. Елимизди раўажландырыўдың Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық барлық тараў ҳәм тармақларда әмелге асырып атырған реформаларымыз бул бағдарда шешиўши фактор болмақта.

«Миллий тиклениўден- миллий раўажланыўға қарай» деген шақырыўшы идея турмысымызға күн сайын терең кирип бармақта. Биз сол тийкарда халқымыз турмысын түп-тийкарынан жақсылаў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызам үстинлигин ҳәм социаллық әдилликти тәмийинлеў, инновациялық раўажланыў бойынша әҳмийетли қәдемлерди қоймақтамыз.

Кең жәмийетшилик, ел-халқымыз барлық унамлы өзгерислердиң интакери ҳәм дөретиўшисине айланбақта. Елимиз пуқаралары қайжерде болмасын, мәмлекеттиң қорғаўында екенин, нызам ҳәм әдиллик күшин сезинип жасамақта.

Бүгин бир ҳақыйқатты беккем исеним менен айтыў мүмкин: дүньяда ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер, мәплердиң соқлығысыўы күшейип атырған ҳәзирги қәўипли жағдайда Өзбекстанда қәлиплескен жаңа система өзин толық ақлап атыр.

Әзиз ўатанласлар!

Сизлерге белгили, усы жылдың басында 2020-жыл ушын үлкен реже ҳәм мақсетлерди белгилеп алған едик. Бирақ дүнья көлеминде жүзеге келген коронавирус пандемиясы ҳәм экономикалық кризис, Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында жүз берген тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлар барлығымыздың ерк-ықрарымызды қатаң сынақтан өткерди. Тас келсе кемирип, суў келсе симирип тапланған халқымыз бул аўыр күнлерден де өзиниң сабырлылығы, меҳир-мириўбети ҳәм мийнеткешлиги менен және де күшли болып өтпекте.

Ҳәзирги қыйын жағдайда биз ушын оғада әҳмийетли еки ўазыйпаны нәтийжели шешиў – ең актуал зәрүрликке айланбақта. Яғный, биз халқымыздың денсаўлығы ҳәм өмирин сақлаў, соның менен бирге, экономикамызды тиклеў, адамларға жумыс ислеп дәрамат табыўы ушын шараят жаратып бериў машқаласын бир ўақыттың өзинде шешип атырмыз.

Пандемия дәўиринде халқымыз шын мәнисинде қүдиретли күшке айланды. Буны «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети және бир мәрте анық көрсетти. Бул ийгиликли баслама исбилерменлерди, пидайы жасларымызды, барлық-барлық ўатанласларымызды уллы мақсет жолында бирлестирди.

Ҳәзирети Әлийшер Наўайының:

Дәўран елиниң жисминде жан болғыл,

Ҳәм жанларына қуўат болғыл,-

деген сөзлери бүгин және де терең мәни менен жаңламақта.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги дәўир ҳәр биримизди сақаўат көрсетип, ийгиликли ислеримиз бенен ел-халықтың дәртине дәрман болыўға шақырмақта.

Ҳәзирги ўақытта коронавирус елимиздиң медицина системасы ушын ҳәм аўыр сынақ, ҳәм үлкен тәжирийбе мектеби болды.

Бул бәлеге қарсы гүресиў бойынша соңғы алты ай даўамында мисли көрилмеген жумысларды әмелге асырдық. Атап айтқанда, көплеген жаңа емлеўханалар ҳәм карантин зоналары иске қосылды. Үлкен муғдарда қосымша медицина үскенелери ҳәм тез жәрдем машиналары сатып алынды. Ең алдыңғы сырт ел әмелияты ҳәм өзимизде топланған тәжирийбе тийкарында емлеў усыллары жетилистилирип барылмақта. Коронавирусқа қарсы гүресте күни-түни беккем ерк-ықрар менен жумыс ислеп атырған медицина хызметкерлериниң пидайы мийнетин мүнәсип қәдирлеў турақлы итибарымызда тур. Усындай илажларымыз нәтийжесинде мыңлаған наўқасларымыз емленип, шаңарағына қайтпақта.

Сырт еллерге мийнет етиўге ҳәм оқыўға кетип, пандемия себепли қыйналып қалған ўатанласларымызды өз үйлерине қайтарыў, тийисли жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырған үлкен жумысларымыз даўам еттирилмекте.

Ҳеш ким ҳеш қашан умытылмаўы керек: қаншелли қыйын болмасын, қанша қаржы ҳәм имканият талап етилмесин, Өзбекстанның ҳеш бир пуқарасы өз ҳалына таслап қойылмайды.

Бәршеңизге жақсы белгили, жер жүзинде еки тараў ўәкиллери өз кәсибине садықлық бойынша ант ишеди: булар – Ўатан қорғаўшылары болған жаўынгерлер ҳәм инсан саламатлығына жуўапкер шыпакерлер. Буның бийкарға емес екенлигин бүгин өмирдиң өзи тастыйықламақта. Муқаддес антына садық болған шыпакерлеримиз ҳәзирги қыйын жағдайда, керек болса, әзиз жанларын пида етип, қаҳарманларша мийнет етпекте.

Халқымыз, мәмлекетимиз сизлердиң мәртлик ҳәм ерлигиңизди ҳеш қашан умытпайды.

Биз қаншелли ҳәрекет етпейик, тилекке қарсы, бул қәўипли кеселлик бир қанша ўатанласларымыздың өмирине заўал болды. Бул аўыр жоғалтыўлар жүреклеримизди ләрзеге салды. Себеби, бул инсанлардың ҳәр бири бизиң туўысқанларымыз еди.

Сол орында жақынларынан айырылған ўатанласларымызға терең қайғырыў менен кеўил билдирип, оларға Жаратқаннан сабыр-тақат тилеймен.

Қәдирли ўатанласлар!

Халқымызда «Аққан дәрья-ақпай қалмас» деген даналық сөз бар. Буны бүгинги қыйын жағдайда әмелге асырып атырған үлкен жумысларымыз дәллилеп тур.

Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры сыяқлы қаржы шөлкемлери дүньядағы санаўлы еллер қатарында Өзбекстанда экономиканың төменлеўине жол қоймағанын атап өтпекте ҳәм кейинги жылларда сезилерли өсиў күтилип атырғанын болжамақта. Бул, әлбетте, өз ўақтында көрген оператив илажларымыздың нәтийжеси болып табылады.

Карантин шеклеўлерине қарамастан, санаат ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў, заманагөй өндирис қуўатлықларын пайда етиў бойынша баслаған кең көлемли жумысларымызды избе-из даўам еттирип атырмыз.

Халқымыздың тийкарғы бөлегиниң дәрамат дәреклерин ҳәм турмыс дәрежесин сақлап қалыўына еристик. Карантин талапларының енгизилиўи нәтийжесинде 72 мың 500 санаат кәрханасынан 16 мың 700 и өз жумысын ўақтынша тоқтатқан еди. Бул бағдарда исленген системалы жумысларымыз есабынан 16 мың 600 кәрханада өндирис процесси тикленди.

Елимиз кәрханалары өнимлерин дүнья базарларына алып шығыў бойынша белгиленген режелер де орынланбақта. Жыл басынан берли 9 миллиард долларлық өнимди экспорт етиўге ерискенимиз де буны тастыйықлап тур.

Усы орында бир санға итибарыңызды қаратпақшыман. Быйыл республикамызда тек ғана бир санаат тараўында улыўма баҳасы 11 миллиард доллар болған жойбарлар иске қосылады.

Мине усындай ири жойбарлар қатарында жаңа Ташкент металлургия заводын айрықша атап өтиў зәрүр. Германия ҳәм Италияның заманагөй технологиялары орнатылған бул кәрхана экологиялық жақтан ең таза ҳәм қәўипсиз болып, жылына 500 мың тонна металл прокатын ислеп шығарады.

«Наўайыазот» кәрханасында жылына 500 мың тонна азот кислотасы ҳәм 100 мың тонна поливинилхлорид ислеп шығаратуғын заводлар пайдаланыўға тапсырылды. Жыл жуўмағына шекем бул жерде жылына 660 мың тонна аммиак ҳәм 577 мың тонна карбамид ислеп шығаратуғын заводлар да жумыс баслайды. Жаңадан қурылып атырған «Өзбекстан ЖТЛ» зоводында «Шортангазхимия» комплексиниң метан газы тийкарында жылына 1,5 миллион тонна синтетикалық жанылғы алыў жолға қойылмақта.

Алмалық кән-металлургия комбинатында реңли ҳәм қымбат баҳалы металлар таярлаўды үш есеге көбейтиўге байланыслы, сондай-ақ, нефть, химия, электротехника, қурылыс материаллары санааты, фармацевтика, тоқымашылық, былғары аяқ кийим ҳәм басқа тармақлар бойынша да ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Экономикалық тараўдағы мине усындай кең көлемли реформалар себепли халықаралық валюта резервлеримиздиң көлеми дерлик 5,5 миллиард долларға артып, жәми 34 миллиард АҚШ долларын қурамақта. Бул сөзсиз, үлкен жетискенлигимиз болып есапланады.

Экономикамызда турақлы өсиў пәтлерин тәмийинлеўде аўыл хожалығы айрықша роль атқармақта. Тараўды модернизациялаў мақсетинде халықаралық финанс шөлкемлериниң қаржылары есабынан баҳасы 1 миллиард 200 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, ҳәр бир аймақта заманагөй агрохызмет орайларын шөлкемлестириў ушын Жәҳән банкиниң 500 миллион долларлық қаржысы тартылды.

Биз кейинги жылларда аўыл хожалығын раўажландырыўға биринши мәрте сондай үлкен қаржы ресурсларын жумсамақтамыз.

Мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз быйылғы қыйын шараятта пидайы мийнет етип, ғәлледен алты ярым миллион тоннаға шамалас өним жетистирди. Шарўашылық, қусшылық, бағшылық, овощ ҳәм палыз егинлерин жетистириў бойынша да салмақлы нәтийжелерге ерисилмекте.

Имканияттан пайдаланып, ырысқы-несийбемиздиң жаратыўшысы болған дийқан ҳәм фермерлеримизге, жердиң ҳақықый ийесине айланып атырған кластер хожалықларының хызметкерлерине, барлық атыз мийнеткешлерине шын кеўилден миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.

Ҳүрметли дослар!

Жеке меншик  исбилерменлик ҳәм киши бизнес тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Пандемия дәўиринде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў және олардың жумысын даўам еттириў ушын бизнес субъектлерине ҳәр қыйлы жеңилликлердиң берилгени сизлерге жақсы белгили.

Быйыл «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасын әмелге асырыў ушын 4 триллион сумнан аслам қаржы жумсалады.

Мине усындай системалы жумысларымыз арқалы жыл жуўмағына шекем өндирис қуўатлықларының үзликсиз жумысын ҳәм экономикамыздың турақлылығын әлбетте, тәмийинлейтуғынымызға исенемен.

Үлкен қурылыс майданына айланған елимизде көплеген жаңадан-жаңа кәрхана ҳәм турақ жайлар, жол ҳәм көпирлер, инфраструктуралық объектлер, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт орынлары қурылмақта. Ҳәзирги ўақытта тек ғана социаллық тараўдың өзинде 2 мың 400ге шамалас объектте қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта.

Пайтахтымыздағы кеше ғана пайдаланыўға тапсырылған жаңа жер асты ҳәм жер үсти линиялары, Жеңис парки, Жазыўшылар бағы сыяқлы саўлатлы комплекслер, барлық аймақларымызда бой тиклеп атырған замангөй имаратлар халқымыздың үлкен дөретиўшилик потенциалынан айқын дәрек береди.

Қәдирли байрам қатнасыўшылары!

Ҳәммемизге белгили миллий ғәрезсизлигимиздиң бас мақсети елимиздеги ҳәр бир инсанның иззет-ҳүрметин ҳәм қәдир-қымбатын өз орнына қойыўдан ибарат.

Биз, мине, усы ийгиликли исти даўам еттирип, социаллық әдиллик принципи тийкарында халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыўды мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтердик. Атап айтқанда, социаллық напақа менен тәмийинленетуғын халық саны дерлик 1,5 есеге арттырылды. Жыл жуўмағына шекем олардың саны ҳәзирги 774 мыңнан 1 миллион 200 мыңға жеткериледи. Бул тайпаны қоллап-қуўатлаў ҳәм экономиканы тиклеў ушын мәмлекетлик бюджеттен  он еки ярым триллион сум қаржы ажыратылды.

Кейинги ўақытта үйме-үй жүрип үйрениў арқалы халықты социаллық қорғаў, жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлаўдың өзине тән жаңа системасы қәлиплестирилди. Сол тийкарда, улыўма есапта, материаллық жәрдем көрсетиў ушын 417 миллиард сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, сентябрь айында материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың перзентлерин ҳәм майыплығы болған балаларды қысқы кийим-кеншек топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 426 миллиард сумға шамалас материаллық жәрдем көрсетиледи.

Өзбекстан тарийхында социаллық тараў бойынша бундай кең көлемли жумыслар бурын ҳеш қашан болмаған.

Бүгинги қутлы әййямда Ўатанымыз келешеги болған жасларымыздың камалға келиў жолында исленип атырған жумысларымызды еске алыўымыз тәбийғый.

Соңғы  төрт жылда елимизде 43 жаңа жоқары билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилип, олардың саны 121 ге жетти. Быйыл жоқары оқыў орынларына кириў ушын бир ярым миллионға шамалас жасларымыз ҳүжжет тапсырды. Бул сан өткен жылға салыстырғанда 40 процентке көп.

Бул көрсеткишлер, бәринен бурын, перзентлеримиз ҳәм олардың ата-аналарының қәлбиндеги ертеңги күнимизге, келешекке болған үлкен арзыў-үмит ҳәм исениминен дәрек береди.

Мине, усы ул-қызларымыз жақында кириў имтиханларын тапсырады. Келиң, болажақ сынақларда барлық перзентлеримизге әўмет ҳәм табыслар тилейик!

Жас әўладтың тәрбиясында шешиўши орын тутатуғын бақшалар ҳәм мектеплер системасында да үлкен өзгерислер әмелге асырылмақта. Президент мектеплери, қәнигелескен ҳәм дөретиўшилик мектеплерин қурыў, «Заманагөй мектеп» бағдарламасын енгизиў бағдарындағы жумысларымыз да избе-из даўам еттирилмекте.

Елимизде Жаслар ислери агентлиги, Жаслар мәселелери бойынша уйымлараралық кеңес шөлкемлестирилди. Олий Мажлис палаталары жанында жаслар парламентлери, Инновациялық раўажланыў министрлиги жанында Жаслар академиясы дүзилди. Аймақларда «Жойбарлар фабрикасы» жумыс баслады.

«Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде қәбилетли ҳәм интакер ул-қызларымыздың 8 мыңнан аслам бизнес жойбарларына дерлик 1,7 триллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Перзентлеримиздиң талант ҳәм қәбилети, ийгиликли талпынысларын толық жүзеге шығарыў, социаллық белсендилигин арттырыў, өмирде ылайықлы орын ийелеўи ушын барлық имканиятларды жаратып бериў буннан былай да бас мақсетимиз болып қалады.

Шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин, ҳаялллардың мийнет ҳәм турмыс шараятын жақсылаў, гендер теңликти тәмийинлеў бағдарындағы жумысларымыз да избе-из даўам еттирилмекте.

Хабарыңыз бар, кем тәмийинленген шаңарақта өсип атырған қызларымыздың билим алыў имканиятын кеңейтиў ушын быйыл жаңа система енгиздик. Буған муўапық, бул оқыў жылында жоқары билимлендириў дәргайларының күндизги бөлимлерине усындай қызларымыз ушын мәмлекетлик грант тийкарында 940 қосымша орын ажыратылды.

Әзиз ўатанласлар!

Ҳәзиги ўақытта дүнья көлеминде бәсеки қандай кескин түс алып атырғанын ҳәммемиз көрип турмыз. Бул  аяўсыз бәсекиге тек ғана заманагөй илим ҳәм инновациялық жетискенликлерди кеңнен енгизиў арқалы мүнәсип жуўап бере аламыз. Соның ушын да бул стратегиялық ўазыйпа бизиң жумысысымызда тийкарғы бағдарға айланбақта.

Соңғы жылларда Өзбекстан илимпазлары фундаменталь илим ҳәм оның нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў бойынша бир қатар жетискенликлерди қолға киргизбекте. Атап айтқанда, математика, физика, химия, биология, астрономия, фармацевтика, геология, сейсмология ҳәм басқа тараўларда салмақлы әмелий нәтийжелерге ерисилмекте. Математика, химия, беология илимлерин раўажландырыў ҳәм оларды оқытыў бойынша жумысларымыз жаңа басқышқа көтерилип атыр.

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестиргенимиз математика тараўындағы жас қәбилет ийелерин хошаметлеўде және бир әҳмийетли фактор болады, деп ойлайман.

Ҳәммемизге белгили, ҳәр қандай еркин мәмлекет беккем руўхый негизге ийе болғанда ғана жоқары раўажланыўға ерисе алады.

Усы мақсетте биз «Үзликсиз руўхый тәрбия концепциясы» шеңберинде улыўма билимлендириў мектеплеринде биринши мәрте «Тәрбия» пәнин енгизип атырмыз.

Миллий мәмлекетшилигимиз ҳәм өзлигимиздиң тымсалы болған ана тилимизди раўажландырыў бул бойынша ең әҳмийетли бағдар болып қалады. Қудай қәлесе, быйыл 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күнин пүткил мәмлекетимиз көлеминде кең түрде белгилеймиз.

Кейинги ўақытта қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўы жаңа басқышқа көтерилмекте.

Елимизде диний-ағартыўшылық тараўларының раўажланыўына да айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының қурылысы жедел даўам еттирилмекте. Бул тәкирарланбас комплекс халқымыздың әсирлер даўамында жәҳән цивилизациясына қосқан үлкен үлесин көрсетеди. Жақында Имам Матуридий  илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў бойынша баслаған ис-ҳәрекетлеримиз де мине усы жақсы жумысларымыздың даўамы болып есапланады.

Елимизде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бойынша да үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары кеңесиниң сессиясында суд-ҳуқық системасында Өзбекстан ерисип атырған әмелий нәтийжелердиң тән алынғаны бул бағдардағы жумысымызға берилген әдил баҳа болып табылады.

Елимизде биринши мәрте «Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы» қабыл етилди.

Быйыл август айында жаслар ҳуқықларын қорғаўдың әҳмийетли мәселелерине бағышлап Самарқанд веб-форумы өткерилди. Ол тек ғана мәмлекетимиз емес, ал жәҳән жасларының турмысын жақсылаў ушын глобал бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылғаны менен үлкен әҳмийетке ийе.

Елимизде суд-ҳуқық системасын жетилистириў, жынаятқа байланыслы нызамшылықты либералластырыў, дурыс жолдан адасқан инсанларды саламат турмысқа қайтарыў бойынша да тарийхый қәдемлер тасланды.

Кейинги ўақытта жазасын өтеп атырған пуқараларға әпиў етиў институтының кеңнен қолланылып атырғаны халқымызға тән кеңпейиллик ҳәм адамгершиликтиң әмелий белгиси болып табылады. Мине усы жумысларымыздың логикалық даўамы сыпатында Ғәрезсизлик байрамы алдынан және бир Пәрманға қол қойдым. Оған бола, қылмысына шын кеўилден пушайман болып беккем дүзелиў жолына өткен 73 пуқара жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилип, өз шаңарағының қушағына қайтарылды. Сондай-ақ, 40 пуқараның жаза мүддетлери қысқартылды.

Инсан ҳуқықларының ең әҳмийетли шәрти болған шахстың пуқаралығын тиклеў бойынша да салмақлы қәдемлер қойылды. Көп жыллар даўамыўда елимизде жасап атырған болса да, пуқаралық алалмай жүрген, бул уллы статусты узақ ўақыт күткен 50 мыңнан аслам адамға Өзбекстан Республикасы пуқаралығы берилди.

Раўажланыўдың душпаны болған иллет – коррупцияға қарсы елимизде кең көлемли гүрес алып барылмақта. Бул бағдарда жаңа структура – коррупцияға қарсы гүресиў агентлигин шөлкемлестиргенимиз бул мәселениң әҳмийетлилиги ҳәм турақлы итибарымызда болатуғынына дәрек береди.

Жәмийетимиз турмысының барлық тараўларын еркинлестириў, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, ашықлық-айдынлық принциплерин терең енгизиў, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыў бойынша баслаған жумысларымыз артқа қайтпайтуғын түс алғанын және бир мәрте атап өтпекшимен.

Барлығыңыз хабардарсыз, ҳәзирги қыйын шараятқа қарамай, биз өзимизге жүкленген барлық халықаралық мәжбүриятларды ҳәм келисимлерди толық орынлап келмектемиз. Сырт елдеги шериклеримиз бенен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жедел раўажландырып атырмыз.

Пурсаттан пайдаланып, коронавирусқа қарсы гүресте бизге әмелий жәрдем берген Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкемине, сондай-ақ, Қытай, Россия, АҚШ, Түркия, Қубла Корея, Бирлескен Араб Әмирликлери, Германия, Япония ҳәм басқа да бирге ислесиўши мәмлекетлерге халқымыз атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Халықаралық валюта фонды, Жәҳан банки, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ҳәм басқа да шөлкемлерге қоспа бағдарламалар менен жойбарларды қоллап-қуўатлаў және пандемия ақыбетлерин жумсартыў бағдарында көрсеткен жәрдемлери ушын миннетдаршылық билдиремен.

Ҳәзирги ўақытта бизди Ғәрезсилик байрамы менен қутлықлап атырған барлық алыс-жақын мәмлекетлердиң халықларына, сырт елдеги досларымыз ҳәм бирге ислесиўшилеримизге тынышлық-аманлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгинги аўыр жағдай ҳәр биримизден өз жумысымызды ҳәм жуўапкершилигимизди және де күшейтиўди талап етпекте.

Халқымызда «Көз қорқақ, қол батыр», деген терең мәнили гәп бар. Бүгинги шараятта бизиң көзимиз де, қолымыз да, жүрегимиз де батыр болыўы керек. Белимизди беккем байлап, пәк  нийет пенен мийнет етсек, сөзсиз, гөзлеген шыңларымызға ерисемиз.

Муқәддес китапларда айтылғанындай, ҳәр қандай қыйыншылық артынан әлбетте бир жеңиллик келеди, барлығымыз оған исенемиз ҳәм жаратқан Алладан соны сораймыз.

Еле көп Наўрыз ҳәм Ҳайыт әййямларын, тарийхый сәнелер ҳәм улыўма халықлық барймаларын ҳәммемиз биргеликте үлкен шады-қуррамлық пенен өткермектемиз, иншаалла.

Мине, келеси жылы мәмлекетимиз ғәрезсизлигине отыз жыл толады. Елимиз тарийхындағы бул умытылмас даңқлы сәнени ҳәр тәреплеме мүнәсип белгилеўди нийет еткенбиз. Илайым, бул күнлерге аман-есен, жарық жүз бенен жетиў ҳәммемизге несип етсин.

Ҳәммемизге белгили, бүгинги байрам алдынан ҳәр қыйлы тараў ҳәм тармақларда пидайы мийнет етип атырған ўатанласларымыздың үлкен бир топары мәмлекетимиздиң ҳүрметли атағы, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды. Олардың барлығын қызғын қутлықлап, жәмийетлик жумысларында ҳәм жеке өмиринде жаңадан-жаңа табыслар тилеймен.

Бүгинги имканияттан пайдаланып, өз инсаный миннети ҳәм пуқаралық жуўапкершилигин терең түсинип, ғәрезсизлигимизди беккемлеў ушын пидайы мийнет етип атырған жумысшы ҳәм  хызметкерлерге, қурылысшы ҳәм исбилерменлерге, фермер ҳәм дийқанларға, наўқыран жасларымызға және бир мәрте шын кеўилден рахмет айтаман.

Халықтың мәпи жолында өзин аямай хызмет атырған ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторларымызға, ҳәкимият уйымларының хызметкерлери ҳәм мәҳәлле белсендилерине, әскерий кийим кийген улларымызға, илимий ҳәм дөретиўши зыялыларымызға, ҳүрметли нураныйларымызға, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.

Мен ҳәр қыйлы сынақ ҳәм гүреслерде тапланған, ийманы, ерк-ықрары беккем халқымыздың ақыл-ойы, ҳәм күш-ғайратына исенемен.

Мине сондай уллы инсаный пазыйлетлер ийеси болған, әсиресе, бүгинги сынақлы күнлерде өзиниң мәртлиги ҳәм аўызбиршилиги менен ҳақықый жигерлилик көрсетип атырған қаҳарман халқымызға перзентлик мийрим ҳәм садықлық пенен бас ийип тәжим етемен.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллық байрамы менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлайман.

Барлығыңызға денсаўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм әўмет яр болсын!

Перзентлердиң, ақлықлардың камалға келиўин көрип жүриў ҳәммемизге несип етсин!

Гөззал ҳәм тәкирарланбас елимиз ҳәмийше тыныш ҳәм абадан болсын!

Мийнеткеш ҳәм ҳақкеўил, кеңпейил халқымыз ҳәмийше саў-аман болсын!

Жаратқанның өзи барлығымызды сақласын!

Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться