Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сырт елде мийнет етип атырған пуқараларды қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды

2020-08-17 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-август күни сырт елде мийнет етип атырған пуқараларға мүнәсип шараятлар жаратыў ҳәм олар менен системалы ислесиў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бул мәселе Өзбекстан тарийхында биринши мәрте бундай форматта додаланып атырғанын атап өтиў зәрүр.

Елимизде ҳәр жылы 600-700 мың халық мийнет базарына кирип келеди. Экономика тармақларын ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжесинде жылына 500 мыңға шекем жумыс орны жаратылмақта. Соның ушын, дерлик  200 мың адамның бәнтлигин сыртқы мийнет миграциясы арқалы тәмийинлеўге туўра келмекте. Бул тәбийғый процесс, барлық раўажланып атырған мәмлекетлер сондай басқыштан өткен. Қайсы жерде мийнет миграциясы дурыс шөлкемлестирилген болса, бәнтлик, шаңарақлар дәраматы, маман қәнигелер көбейген.

Кейинги жыллары сырт елдеги ўатанласларымыздың ҳуқықларын қорғаў, шараятларын жақсылаўға итибар күшейди. Россия, Қазақстан, Түркия, Япония ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери менен мийнет миграциясы бойынша халықаралық шәртнамаларға қол қойылды. Сырт еллерде ислеп атырған пуқараларды қоллап-қуўатлаў ушын өз алдына қор шөлкемлестирилип, 100 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды. Соның менен бирге, сыртқы мийнет миграция мәселелери бойынша Бас министрдиң кеңесгөйи лаўазымы енгизилди. Соған қарамастан, шешимин күтип атырған машқалалар еле көп.

Мәжилисте сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымызды социаллық, ҳуқықый, материаллық ҳәм мәдений қоллап-қуўатлаў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги және ҳәкимликлерге сырт елден қайтқан пуқараларға кәсиби, маманлығы ҳәм режесинен келип шығып, жумыс табыўға жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди.

Сырт елде өзбекстанлылар мүнәсип шараятларда мийнет етиўи ушын ири жумыс бериўши компаниялар менен байланысларды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Буның ушын, бәринен бурын, сол кәрханалардың талабына сай маманлыққа ийе ҳәм тил билетуғын қәнигелер таярлаў зәрүр.

Сонлықтан бул бағдарда жаңа системаның енгизилетуғыны белгиленди. Яғный, аймақлардағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги филиалларының ўәкилликлери кеңейтилип, оларға сырт елде жумыс бериўшилер менен тиккелей шәртнама дүзиў, миграция хызметлери менен сөйлесиўлер өткериў ҳуқықы бериледи. Бул филиаллардың басшылары ўәлаят ҳәкиминиң жәрдемшиси болып есапланады.

Жуўапкерлерге сырт еллердеги ири жумыс бериўшилер менен сөйлесиў өткерип, жумысшы ҳәм қәнигелер жибериўди көбейтиў, мийнет мигрантларына жол ҳақы, патент ҳәм қамсызландырыў қәрежетлери  ушын 10 миллион сумға шекем төмен ставкада кредитлер ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 11-августта қабыл етилген қарарында халықты мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер, исбилерменлик тийкарлары ҳәм шет тиллерге оқытыў илажлары белгиленген еди.

Мәжилисте усы қарардың әмелий жақларына тоқтап өтилди. Атап айтқанда, сырт елде ислеўди қәлеген пуқаралардың маманлығын арттырыў, бул ушын кәсип-өнерге оқытыў орайлары, арнаўлы курслар ҳәм моно-орайлар шөлкемлестириў мәселелери додаланды. Бул жерлердеги оқыў бағдарламалары, маманлық көнликпелерин сырт ел жумыс бериўшилериниң талабына бейимлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мийнет мигрантларының өмирин ҳәм денсаўлығын қамсызландырыў ушын Сырт елдеги пуқараларды қорғаў қорынан қаржы ажыратыў бойынша көрсетпе берилди.

Сондай-ақ, сырт еллердеги мийнет миграциясына байланыслы тәртип-қағыйдаларды пуқараларымыз ушын жеңиллестириў, ўатанласларымыз көп ислейтуғын қалаларда Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң ўәкилханаларын ашыў бойынша тапсырмалар берилди. Сырт елдеги пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўын  күшейтиў, бул бойынша онлайн платформа ҳәм «кол-орай» шөлкемлестирип, маман адвокатларды тартыў ўазыйпалары қойылды.

Президент Шавкат Мирзиёев елимиздиң елшиханалары басқа мәмлекетлердеги ўатанласларымыз диаспоралары менен байланысларды беккемлеў керек екенлигин атап өтти. Ўатанды сүйиўшилик мийрим-шәпәәт сезими менен сырт елдеги пуқараларымызға жәрдем берип атырған шахсларды тән алыў, мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў бойынша усыныслар билдирилди.

Сырт елде мийнет етип атырғанларды ўатаны менен байланыстырып туратуғын ең үлкен қурал мәденият екенин есапқа алып, олар ушын сондай илажларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, телевидениеде Өзбекстан елшиханалары ҳәм консулларының халық хызметиндеги жумысын кеңнен жарытып барыў усыныс етилди.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине ҳәкимликлер менен бирге сырт елге жумыс ислеўге кеткен ўатанласларымыздың шаңарағынан турақлы хабар алып, ата-анасының денсаўлығы, перзентлериниң оқыўы ҳәм басқа да мүтәжликлерине жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды.

Сырт елде ислеп, маманлық арттырып қайтқан пуқаралардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги атап өтилди. Сол мақсетте олар менен мәнзилли ислесетуғын, қаржылық қоллап-қуўатлайтуғын система жаратылатуғыны белгиленди.

Бул ушын сектор басшылары, мийнет ҳәм мәҳәлле уйымларының ўәкиллери өз аймағындағы сондай интакерлердиң дизимин қәлиплестирип, олардың бизнес жойбары менен танысады. Дизимнен өтиўге жәрдемлесип, 3 айға шекем ижара төлемлери бойынша субсидия бериледи. Сондай-ақ, исбилерменликти баслаўы ушын кредит ресурслары ажыратылады және банк кредитлериниң тәмийнаты бойынша қамсызландырыў полиси қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап бериледи. Бул мақсетлерге Бәнтликке көмеклесиў қорынан жыл ақырына шекем 25 миллиард сум, кредитлер ушын 100 миллиард сум ажыратылады.

Және бир мәселе – сырт елде ислеп атырған пуқаралардың мийнет стажын есапқа алыў системасында тек ғана 4,5 мың адам дизимге алынған. Сонлықтан жуўапкерлерге өзин-өзи бәнт еткен пуқараларды дизимге алыў ҳәм мийнет стажын есаплаў системасын мигрантлар ушын да қолланыў бойынша көрсетпе берилди.

Бас министрдиң орынбасарларына шөлкемлескен миграция бойынша экономикалық, финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый жәрдем системасын енгизиў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды. Онда елимизде кәсипке ҳәм тилге үйретиў, сырт елде ислеў көнликпелерин қәлиплестириў, жол ҳақы, патент, қамсызландырыў, пенсия ҳәм кредит мәселелери қамтып алынады. Сондай-ақ, ҳүкиметлераралық комиссиялар шеңберинде сырт елдеги ўатанласларымызға мүнәсип шараят жаратыў, сырт елдеги банклер арқалы оларды кредитлеў механизмлери нәзерде тутылады.

Мәжилисте белгиленген тийкарғы ўазыйпалар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ўәлаят ҳәкимлери, елшилер мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться