Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Аўыл хожалығындағы жойбарлардың нәтийжелилиги көрип шығылды

2020-08-06 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-август күни Жәҳән банки қатнасыўында «Аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарын әмелге асырыўға бағышланған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Усы жыл 23-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде  мәмлекетимиз басшысы аграр тармаққа ажыратылып атырған инвестициялардан дурыс пайдаланыў, жоқары нәтийже беретуғын жойбарлар ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Бул ретки мәжилисте Жәҳән банки тәрепинен ажыратылған 500 миллион доллар кредит қаржыларын өзлестириў бойынша қәлиплестирилген жойбарлар додаланды.

Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, жойбарларды ислеп шығыўда илимди раўажландырыўға, алдынғы технологияларды енгизиўге үлкен әҳмийет қаратылған. Атап айтқанда, тартылып атырған қаржының 87 миллион доллары аўыл хожжалығы тараўындағы 10 илимий-изертлеў мәкемеси, 4 қәнигелестирилген орайдың жумысын жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаўға ажыратылады.

Сондай-ақ, 70 миллион доллар нәллер жеткерип бериў, фитосанитария, геомәлимлеме ҳәм сертификатлаў хызметлерин көрсететуғын агрохызмет орайларын шөлкемлестириўге бағдарланады. Аўыл хожалығын санластырыў ушын берилип атырған 10 миллион доллардың есабынан жерлердиң өнимдарлығы, топырақ қурамының талланыўы, зәрүр минерал төгинлердиң түри ҳәм муғдары, салық, транспорт-логистика ҳәм өнимлердиң базарлары ҳаққында мағлыўматлар алыў имканияты жаратылады.

Мәжилисте суў хожалығы, шарўашылық, карантин, кадастр, қаржы, салық ҳәм басқа да тийисли уйымлардың мағлыўматлар базасын усы системаға интеграциялаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығы министрлигине илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм қәнигелестирилген орайларды Академик Маҳмуд Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимшилик ҳәм виношылық илимий изертлеў институтының аймағында  жайластырып, лаборатория үскенелери ҳәм техникалары менен тәмийинлеў, ўәлаятлардағы аўыл хожалығы колледжлери негизинде олардың филлиалларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Усы мәкемелерди жоқары тәжирийбели  қәнигелер менен толықтырыў, сырт елден консультантларды тартыў, оларды оқытыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир илимий-изертлеў мәкемеси ҳәм орай илимий қолланбаларын сататуғын коммерциялық шөлкемге айланыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

– Аўыл хожалығын илим менен ислемесек, қаржыларымыз нәтийже бермейди. Ҳәр бир жойбар пайданы тәмийинлеўге, рентабелликти арттырыўға хызмет етиўи керек. Мақсетимиз – экспорт. Илимий тийкарланған, стандартларға сай өним шығарылса, базар табылады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кооперативлер ҳәм кластерлерди раўажландырыўға мөлшерленген 200 миллион доллар аймақлардың арасында бөлистирилген. Буннан тысқары, халықаралық финанс шөлкемлериниң қаржалары есабынан Ферғана ойпатлығы ушын қосымша 54 миллион доллар және Хорезм ўәлаятына 100 миллион доллар қаржы ажыратылған.

Президент ажыратылып атырған ҳәр бир долларды үш долларға айландырыў, жеңилликли кредитлерди қайтарыў бойынша анық есап-санақ тийкарында ислеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Интенсив бағ атызларын кеңейтиўге 65 миллион доллар қаратыў белгиленген. Атап айтқанда, соның есабынан Ташкент ўәлаятында 500 гектар, Әндижан, Бухара, Наманган, Ферғана ҳәм Самарқандта 300 гектардан, Жиззақта 250 гектар, Қашқадәрья және Сурхандәрьяда 200 гектардан, Қарақалпақстанда 100 гектар атызда жаңа усылдағы интенсив бағлар жаратылыўы режелестирилген.

Жуўапкерлерге қысқа мүддетте жерлерди ажыратып, келеси жылдың бәҳәринде  бағларды пайдаланыўға тапсырыў ўазыйпасы жүкленди.

Және 65 миллион доллар есабынан заманагөй агрологистика орайларын ҳәм комплекслерин шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте аўыл хожалығы министри ҳәм ўәлаят ҳәкимлери тартылып атырған қаржылардың өзлестирилиўин жойбарлар кесиминде таныстырды ҳәм жумысты шөлкемлестириў режелери бойынша мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться