Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Пандемияны жылаўлаў ҳәм социаллық қорғаў системасында әдилликти тәмийинлеў мәселелери додаланды
2020-08-04 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 4-август күни коронавирус тарқалыўын жылаўлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды таллаў, пандемия дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Соның ишинде, соңғы ўақытта дүньяда COVID-19 инфекциясының тарқалыўы кескин жеделлесип, улыўма наўқаслардың саны 19 миллионға жақынласқаны, қурбанлардың да көбейгени өкиниш пенен атап өтилди. Жағдай оғада әҳмийетли екенлигин 31-июльде Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми пандемияға байланыслы халықаралық айрықша жағдайды және 3 айға созғаны да көрсетип турыпты.
Мәмлекетимизде соңғы бир ҳәптеде 5 мыңнан аслам жаңа наўқас анықланып, улыўма вирус жуқтырғанлардың саны 27 мыңға жақынласты. Ең жаманы, коронавирусқа қосымша тәризде, белгилери аўырлаў болған пневмония жағдайлары да көбеймекте.
Усы жағдайды инабатқа алып, елимизде қосымша илажлар көрилди. Соның ишинде, соңғы 20 күнде коронавирусты емлеў орынлары 3,5 есеге көбейтилди ҳәм дерлик 65 мыңға жеткерилди.
Орынларға қосымша түрде дерлик 800 тез медициналық жәрдем машиналары жеткерип берилди.
Қосымша 4 мың дем алыў үскенелери (ЎСВ, портативлик жасалма дем алыў аппараты, кислород концентраторы) алып келинип, олардың саны 6,5 мыңға жетти.
– Халық арасында вирус тарқалыўының алдын алыў ҳәм наўқасларды емлеў бойынша алып барылып атырған системалы жумысларды буннан былай да күшейттирген ҳалда даўам еттириўимиз зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Атап айтқанда, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, ҳәкимлер ҳәм секторлардың басшылары коронавирус ҳәм пневмонияны емлеў бойынша ҳәр тәреплеме таяр болыўы, ҳәр бир наўқасқа керекли медициналық жәрдем көрсетилиўи, олардың жағдайынан келип шығып емлеўханаға жатқарылыўы ҳәм емлениўи ушын жеке жуўапкер болыўы атап өтилди.
Орынлардағы дәслепки медициналық хызмет көрсетиў системасының жумысын буннан былай да жанландырыў кереклиги атап өтилди.
Мысал ушын, пайтахтымызда «шаңарақлық поликлиника – мобиль бригадалар – арнаўлы поликлиникалар – «103» тез жәрдем хызмети» системасының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў есабынан бир ҳәптеде тәўир болғанлардың үлесин 45 проценттен 58 процентке арттырыўға ерисилди.
Усы мүнәсибет пенен, Бас министрдиң орынбасары Беҳзод Мусаевқа ҳәкимликлер ҳәм сектор басшылары менен бирге бир ҳәпте мүддетте «Ташкент қаласы тәжирийбеси» негизинде аймақларда сиптомсыз наўқасларды өз үйинде мобиль медициналық топарлар жәрдеминде олардың жәрдем ҳәм усыныслары тийкарында емлеў системасының енгизилиўин жуўмақлаў ўазыйпасы жүкленди.
Президент Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, аймақларда COVID-19 бенен аўырғанларды қабыл етиў ҳәм таңлаў бойынша орайларды шөлкемлестирген ҳалда, киши емлеўханаларды өз профилине муўапық басқа түрдеги ҳәм созылмалы кеселлерди емлеўге қайтарыў зәрүрлигин атап өтти.
– Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери аймақларға Ташкенттен бириктирилген қәнигелестирилген орайлар ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери басшылары жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириўине ҳәр тәреплеме жәрдем бериўи керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Шавкат Мирзиёев атап өткениндей, ҳәр бир аўыр наўқасты емлеў тактикасы бойынша елимиз ҳәм сырт елдеги тәжирийбели қәнигелер менен видеобайланыс арқалы мәсләҳәт бериў системасын турақлы түрде өнимли ислетиў мақсетке муўапық.
Бизге белигили, бүгин бир қатар мәмлекетлер денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика системаларында коронавирустың шыпасын табыў жолында тынымсыз излениўлер алып бармақта. Мысал ушын, Қытай, Ҳиндстан, Уллы Британия, Россия фармацевтика компаниялары жақын ўақыт ишинде вакцина ислеп шығарыўды баслайтуғыны ҳаққында хабар берилмекте.
Бас министрдиң орынбасары Беҳзод Мусаевқа бир ҳәпте мүддетте илимпазлар ҳәм тәжирийбели шыпакерлер менен мәсләҳәтлескен ҳалда, вакцинаны сатып алыў ҳәм мәмлекетимиз халқының вакцинациясын әмелге асырыў жолларын пуқта үйренип шығыў тапсырмасы берилди.
Кеселликтиң алдын алыў, коронавирусқа гүман етилген пуқараларды емлеўханаларға жеткериў, карантин талапларын түсиндириў ҳәм бул процессте жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда орынларда мәҳәлле уйымларының қатнасыўын кескин күшейтиў керек екенлиги түсиндирилди.
Себеби халқымыз түрли мәселелерде биринши гезекте мәҳәллеге мүрәжат етиўге үйренген.
– Республика бойынша 9 мың 150 мәҳәлле де дерлик 40 мың адам бюджеттен айлық алып ислейди, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы. – Олардың айлықларын да усы жылы дерлик 1,5 есеге арттырып бердик. Усындай қыйын шараятта не ушын олар шетте турыўы керек? Өз халқының жағдайынан жақсы хабардар болған, қайсы үйде қандай наўқас барлығын, кимниң жасаў шараяты қандай екенлигин, ким жәрдемге, ким врачқа мүтәж екенлигин олардан жақсы билетуғын басқа адамның өзи жоқ төменги системада.
Оның ушын ҳәкимлер ҳәм секторлардың басшылары ҳәр бир мәҳәлледе мәҳәлле басшылары, профилактика инспекторы ҳәм басқа да хызметкерлер, мәҳәлле белсендилери ҳәм нуранийлар, мәҳәллелерге бириктирилген медицина мәкемелериниң хызметкерлерин бирлестирип, өз аймағындағы халқы, әсиресе кекселердиң жағдайынан күнине хабар алыў, коронавирусқа гүман етилген ҳәм кеселликке шалынғанларды тез медициналық жәрдем хызмети ҳәм шыпакерлер менен байланыстырыўды шөлкемлестириўдиң басы-қасында болыўы шәрт екенлиги тайынланды.
Сондай-ақ, олар жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат, үйинде емлениўге усыныс етилген наўқасларға дәри-дәрмақ жеткерип бериў жумысларында белсене қатнасыўы керек.
– Буған қосымша түрде, олар мәҳәлле аймағында халықтың зәрүрлик болмаса көшеге шықпаўы ҳәм топланбаўы, медициналық маска тағып жүриўи ҳәм социаллық аралықты сақлаўы, той ҳәм илажларды ўақтынша өткермеўи сыяқлы мәжбүрий талапларды турақлы түсиндириўи ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўы шәрт ҳәм зәрүр, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Коронавирус тарқалыўы себепли экономикалық жумыстың шекленгени адамлардың үй-руўзыгершилигине де өз тәсирин тийгизбей қоймады. Бундай шараятта ўақтынша жумыссыз қалған, дәрамат дәрегин жоғалтқан ҳәм аўыр аўҳалда күн кеширип атырған халықты қоллап-қуўатлаў, оларға жәрдем қолын созыў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Президентимиздиң 30-июль күни қабыл етилген «Коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда оғада әҳмийетли қәдем болды. Ҳүжжетке муўапық, бюджеттен қосымша 2 триллион сум ажыратылып, бул қаржылар 1 миллион 700 мың жәрдемге мүтәж халыққа, 3 миллион 700 мың пенсионер ҳәм усы жылдың ақырына шекем қосымша 500 мың социаллық напақа алыўшыларға қаратылыўы белгиленген.
Атап айтқанда, өткен 5 күнде жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәми 148 миллиард сум материаллық жәрдем тарқатылды. Август айында 1 миллион 700 мың халыққа ҳәм 50 мыңнан аслам медицина хызметкерлерине 780 миллиард сум төлениўи нәзерде тутылған.
Керекли ўақытта керекли жәрдем алып, халқымыз бул жумыслардан разы болмақта. Соның менен бирге, материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимин дурыс ҳәм ҳақыйқый көрсетиў, ажыратылған қаржыларды әдил тарқатыў бойынша анық көрсетпелер берилди.
Мәжилисте халыққа социаллық жәрдем төлемлерин жеткерип бериў бойынша сектор басшылары ҳәм мәҳәлледеги жуўапкер адамлардың жуўапкершилигине итибар қаратылды.
Мәмлекетлик қадағалаў уйымларына қаржылардың дурыс бөлистирилиўи ҳәм төлениўи бойынша турақлы түрде қадағалаў орнатыў, нызам бузыўшылық жағдайларының алдын алыў тапсырылды.
Шавкат Мирзиёев жәрдемге мүтәж халық пенен ислесиўде жаңа, ашық-айдын ҳәм әдил система жолға қойылатуғынын мәлим етти. Президентиң 4-август күни қол қойылған «Халыққа мәмлекетлик социаллық хызметлер ҳәм жәрдем усыныў тәртиплерин автоматластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, елимизде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри қабыл етилиўи белгиленди.
Бул система Сырдәрья ўәлаятында тәжирийбеден өтип, өз нәтийжесин көрсеткени ҳәм усы жылдың ақырына шекем оның барлық аймақларда басқышпа-басқыш енгизилетуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз тәрепинен социаллық жәрдемлер көлеми кеңейип барыўы процесинде бул жаңа системаның әҳмийетлилигине итибар қаратылды. Атап айтқанда, социаллық жәрдемге мүтәж напақа алыўшылардың саны ҳәзирги 600 мыңнан усы жылдың ақырына шекем 1 миллион 200 мың, 2021-жылда болса 1 миллион 500 мыңға шекем жеткерилиўи белгиленген. Бул бағдарда Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри арқалы барлық социаллық жәрдем бир өлшем ҳәм бир түрдеги ҳүжжет тийкарында берилиўи нәзерде тутылған.
Ең әҳмийетлиси, келеси жыл 1-январьдан баслап, кем тәмийинленген шаңарақ статусын алыў ушын пуқаралардан ҳәзиргидей 12 мәкемеден 30 дан зыят мағлыўматлар талап етилмейди. Жәрдемге мүтәж шаңарақларға 30 түрдеги социаллық жәрдем ҳәм хызметлер аңсат ҳәм қолайлы тәризде бериледи.
Мәжилисте жәрдем пулларына мүтәж шаңарақлардың дизими мәҳәллелери кесиминде әдил түрде дүзилип, халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде тастыйықланыўы кереклиги атап өтилди.
Қаржыларды әдил бөлистириўде мәҳәлле ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, социаллық жәрдемди мақсетли жеткерип бериўге нураныйлар ҳәм белсендилерди тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, 50 мың тез медициналық жәрдем хызметкери ушын ажыратылған 200 миллиард сум сыйлықлаў пулларын да артықша қағазпазлықсыз, өз ўақтында тарқатыў бойынша көрсетпелер берилди.
Видеоселектор мәжилисинде министрликлер, ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары есабат берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги