Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сума Чакрабартиди Өзбекстан Республикасының «Дослық» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

2020-07-14 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасы және Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки арасындағы стратегиялық шерикликти жолға қойыў ҳәм көп қырлы шерикликти кеңейтиў бағдарындағы үлкен хызметлери, сондай-ақ, республикада әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар бағдарламаларының нәтийжелилигин тәмийинлеўге, санаат ҳәм инфраструктура тармақларын модернизациялаў бойынша тийкарғы инвестициялық жойбарларға қосып атырған жеке үлеси ҳәм жәрдеми, елимизде қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын қәлиплестириў процесслерин белсене қоллап-қуўатлағаны ушын Сума Чакрабарти Өзбекстан Республикасының «Дослық» ордени менен сыйлықлансын.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти                                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 9-июль

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться