Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКСТАН ЖАСЛАРЫНА БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
2020-06-29 | Сиясат
Әзиз ул-қызларым!
Бәршеңизди елимиз турмысындағы қутлы байрам – Жаслар күни менен қызғын қутлықлап, өзимниң терең меҳиримди ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден оғада қуўанышлыман.
Бүгинги күнде елимизде жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған жәмийетлик-сиясий, экономикалық реформаларды әмелге асырыўда ғайратлы жасларымыздың орны ҳәм тәсири күн сайын артып баратырғаны бәршемизди қуўандырады.
Турмысымыздың барлық тараўлары менен тармақларында, Ўатан қорғаўдай даңқлы ўазыйпаны атқарыўда миллионлаған жасларымыз садықлық ҳәм пидайылық пенен хызмет етпекте. Сиясий санасы жетик, беккем пуқаралық позициясына ийе жүзлеген жигит-қызлар парламентимиз ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң ағзасы сыпатында мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жергиликли ҳәкимият уйымларында басшы лаўазымларында жумыс алып бармақта.
Республикамызда нәтийжели ислеп атырған 227 мыңға шамалас жас исбилермен ҳәм фермерлер, шебер өнерментлер экономикамыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Елимизде оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта.
Бул ҳаққында сөз еткенде, бир ғана «Жаслар-келешегимиз» бағдарламасы шеңберинде жас әўлад ўәкиллериниң 7 мың 775 бизнес жойбарына 1 триллион 635 миллиард сумнан аслам жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылып, сол тийкарда 40 мыңға шамалас жаңа жумыс орнының шөлкемлестирилгенин атап өтиў зәрүр.
Әне сондай итибар ҳәм ғамхорлық себепли аймақларда 27 «Жас исбилерменлер» коворкинг-орайлары және 157 «Жаслар мийнет гүзары» пайдаланыўға тапсырылды. Бул комплекслерде 2 мың 200 ден аслам ул-қызларымыз өзлериниң исбилерменлик жумысын баслағаны итибарға ылайық.
Соның менен бирге, «Ҳәр бир жасқа – бир гектар» жойбары бойынша барлық аймақларымызда 65 мыңға шамалас жас дийқанларға 54 мың 232 гектардан аслам жер ажыратылды.
Мине сондай әҳмийетли илажлар нәтийжесинде соңғы үш жылда 560 мың 200 ге шамалас жас пуқара жумыс пенен тәмийинленди.
Быйыл коронавирус пандемиясы және Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында жүз берген апатшылықлар елимиз қатары жасларымыздың ерк-ықрарын да сынақтан өткерди. Мине сондай аўыр жағдайларда мың-мыңлаған ул-қызларымыз ҳақыйқый мәртлик ҳәм жигерлилик көрсетип, барлық заманласларына өрнек болды.
Атап айтқанда, елимизде шөлкемлестирилген «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекетиниң тийкарғы қатнасыўшылары да жасларымыз екени, Ҳәрекет шеңберинде Өзбекстан жаслар аўқамының 4 мың 500 ағзасы ықтыярлы түрде белсенди жумыс алып барып атырғаны мақтаўға ылайық.
Сардоба суў сақлағышындағы тасқыннан жәбир шеккенлерге жәрдем көрсетиў мақсетинде Жаслар аўқамының қайырқомлық кәрўаны шөлкемлестирилип, халыққа кийим-кеншек, санитариялық қураллар, азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, үлкен муғдардағы оқыў қураллары ҳәм спорт үскенелери, көркем әдебиятлар жеткерип берилди.
Өз гезегинде, бундай ийгиликли ислер Бухара ўәлаятының күшли даўылдан зыян көрген Олот ҳәм Қаракөл районларында да әмелге асырылғаны сизлердиң ўатансүйиўшилик ҳәм уллы пазыйлетлериңизден дәрек береди.
Пурсаттан пайдаланып, аўыр сынақлы күнлеринде халқымызға ҳақыйқый таяныш ҳәм сүйениш болып көпшиликке танылған Қураллы Күшлеримиздиң мәрт ҳәм сабырлы әскерий хызметкерлерине, жанкүйер шыпакерлер, дөретиўши қурылысшылар, сақаўатлы исбилерменлеримизге, илим, мәденият ҳәм спорт тараўының ўәкиллерине, Жаслар аўқамының белсенди ағзаларына – барлық Өзбекстан жасларына шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.
Ўатанымыз, ел-халқымыз сизлердей пидайы ҳәм мәрт перзентлери менен бәрқулла мақтанады!
Қәдирдан жас досларым!
Бүгинги күнде заманагөй илим ҳәм жоқары технологияларды толық ийелеў ҳәр қандай мәмлекет ҳәм жәмийетти раўажландырыўдың шешиўши шәртине айланып баратырғаны ҳеш кимге сыр емес. Мине усы ҳақыйқатты терең аңлаған ҳалда, биз нәўқыран әўладымыздың ҳәм физикалық, ҳәм руўхый жақтан бәркамал болып камалға келиўи ушын бар күш ҳәм имканиятларды жумсамақтамыз.
Усы мақсетте уллы илимпазларымыз атындағы қәнигелестирилген мектеплер, Инновациялық раўажланыў министрлиги жанында Жаслар академиясы, Ферғана қаласында «Жойбарлар фабрикасы» жумысының жолға қойылғаны, Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплери бойынша бағдарламаларымыз избе-из даўам етттирилип атырғаны сизлерге жақсы белгили.
Қәбилетли жасларды және де қоллап-қуўатлаў ушын ҳәр бир аймақта жаслар технопарклерин қурыўды басладық. Улыўма баҳасы 30 миллиард сумнан артық болған «Жас илимпазлар» әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар таңлаўы жәрияланды.
Карантин шараятына қарамастан, 6 миллионнан аслам мектеп оқыўшылары, 468 мың студент оқыў бағдарламаларында белгиленген сабақларды өз ўақтында ҳәм сапалы өзлестирди.«Оnline-maktab» жойбары шеңберинде 17 пән бойынша 4 мыңнан аслам телесабақлар өткерилди. Бул процесске ең қәнигели педагоглар тартылды, атап айтқанда, Ташкенттеги Президент мектебиниң сырт ел қәнигелери тәрепинен де шеберлик сабақлары алып барылды. Имканияты шеленген балаларды оқытыўға айрықша итибар қаратып, барлық сабақлар сурдопедагог ҳәм сурдоаўдармашылар тәрепинен түсиндирип барылды.
Өзбекстанның бул тәжирийбеси ЮНЕСКО, ЮНИСЕФ, Жәҳән банки сыяқлы халықаралық шөлкемлер тәрепнен тән алынбақта.
Бүгинги тез раўажланып атырған заманда, глобал көлемде бәсеки күшейип баратырған қурамалы жағдайда жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе кадрларға талап ҳәр қашанғыдан да артып бармақта. Сонлықтан биз өз алдымызға қойған үлкен ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалардан келип шығып, елимиздиң жоқары билимлендириў системасында түпкиликли өзгерислерди әмелге асырмақтамыз.
Атап айтқанда, кейинги үш жылда республикамыздағы жоқары оқыў орынларының саны 60 процентке артып, 116 ға жетти. Олар арасында абырайлы сырт ел университетлериниң филиаллары бар екенлиги айрықша итибарға ылайық. Елимизде жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў квоталарының саны избе-из арттырып барылмақта. Егер 2016-2017-оқыў жылында бул сан 58 мыңды қураған болса, быйыл 150 мыңға жетеди. Яғный, быйыл мектеп питкериўшилериниң 25 проценти жоқары оқыў орынларында оқыў имканиятына ийе болады. 2017-жылы болса 9 процентке тең еди.
Миллет генофондын сақлаў ҳәм даўам еттириўдиң әҳмийетли факторы болған жас шаңарақларды қоллап-қуўалаў мәселеси бәрқулла итибарымыз орайында болып келмекте. Соңғы үш жылда 2 мың 668 жас шаңараққа турақ жай ушын 121 миллиард 244 миллион сум дәслепки төлем қаржылары 20 жыл даўамында процентсиз қайтарыў шәрти менен төлеп берилди.
Барлығымыз гүўамыз – бүгин дүнья мисли көрилмеген пәтлер менен кескин өзгерип бармақта, Социаллық турмысымызда көплеген унамлы процесслер менен бирге, жас әўладтың қәлбин ҳәм санасын ийелеўге қаратылған руўхый қәўип-қәтерлер де күн сайын қәўипли түс алмақта.
Бундай қыйын жағдайда перзентлеримизди зыянлы тәсирлерден сақлаў, ҳәмийше сергек болып жасаў ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалмақта.
Жасларымызды ана Ўатанға, ғәрезсизлик идеяларына муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың талантын ҳәм қәбилетин, жақсы умтылысларын жүзеге шығарыў жолында баслаған үлкен ислеримизди буннан былай да исенимли даўам еттиремиз.
Мине усы мақсетте елимиздиң барлық ўәлаят ҳәм районларында, қала ҳәм аўылларымызда жаңа билимлендириў орынлары, мәденият ҳәм көркем өнер дәргайлары, спорт имаратлары қурылып, жаслардың ықтыярына берилмекте.
Солардың қатарында пайтахтымызда қурылған саўлатлы «Жеңис бағы», «Даңқ» музейи, Ташкент қаласының тарийх музейи, тәкирарланбас Жазыўшылар қыябаны перзентлеримизди миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында камалға келтириўге хызмет ететуғыны сөзсиз.
Жасларымызды физикалық саламат, руўхый жетик инсанлар етип тәрбиялаў ушын бес әҳмийетли бағдарлама шеңберинде көплеген стадионлар, суў бассейнлери, спорт комплекслери ҳәм сарайлары қурылмақта.
Ең әҳмийетлиси, перзентлеримиз арасында спорт пенен турақлы шуғылланатуғын, саламат турмыс тәризин өзиниң турмыслық мақсетине айландырған жигит-қызлардың қатары кеңейип бармақта.
Қәдирли ўатанласлар!
Бүгин жанажан Өзбекстанымызда еркин ҳәм абат, абадан турмыс қурыў жолында биз баслаған үлкен жумысларды даўам еттире алатуғын жаңа әўлад қәлиплеспекте.
Әзиз ул-қызларым, ҳеш қашан умытпаң, халқымыз, Ўатанымыз сизлерден уллы ислерди күтпекте.
Бул муқаддес исеним ҳәм жуўапкершиликти ҳәр тәреплеме ақлаў, оған мүнәсип болыў – дүньядағы ең уллы бахыт болып есапланады. Усындай бахыт, усындай мақтаныш барлығыңызға несип етсин!
Сизлерди сүйикли байрамыңыз, күш-ғайрат, гөззаллық ҳәм жетилисиў әййямы Жаслар күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, барлығыңызға саў-саламатлық, бахыт ҳәм әўмет тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги