Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ТУРИЗМ ҲӘМ МӘМЛЕКЕТЛИК АКТИВЛЕР ТАРАЎЛАРЫНДАҒЫ ЖОЙБАРЛАРДЫ ТАНЫСТЫРЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

2020-05-28 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-май күни туризм ҳәм мәмлекетлик активлерди меншиклестириў тараўларындағы жойбарлар менен танысты.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде мәмлекетлер, адамлар тығыз байланысқан. Дүньяның қәлеген үлкеси бир қәдемдей гәп. Сонлықтан туризм ең үлкен тараўлардан бирине айланды. Қәнигелер туризмди «таўсылмайтуғын нефть» деп те атады. Айырым мәмлекетлердиң экономикасы толығы менен туризм индустриясына қурылған.

Таллаўларға қарағанда, адамлар самолётта ушыў ўақты 5 саатқа шекем болған үлкелерге ең көп сапар етеди. Мәмлекетимиз әтирапында бундай аралықта 60 қа шамалас мәмлекет, 3 миллиард халық бар. Бул үлкен туризм базары деген сөз.

Бирақ узақ жыллар бул имканияттан толық ҳәм нәтийжели пайдаланылмады. Қолайлы экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятлар болмағаны себепли ҳәмме өз билдигинше жумыс ислер еди.

Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының туризм тараўын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық туризм мәмлекетимиз экономикасының стратегиялық тармағы сыпатында белгиленди. Бир қатар мәмлекетлердиң пуқараларына  елимизде 30 күнге шекем визасыз болыўға руқсат берилди. Және көпшилигине виза бериў тәртиби әпиўайыластырылды.

2017-жылда Өзбекстанға дерлик 2 миллион 700  мың турист келген болса, 2019 –жылы  бул көрсеткиш  6,7 миллионға жетти. Өзбекстан оннан аслам абырайлы халықаралық баспаларда ең гөззал туристлик орай сыпатында атап өтилди. «Шарқ тароналари» ҳәм өнерментшилик фестивальлары, бақсышылық ҳәм мақам көркем өнери әнжуманлары сыяқлы халықаралық илажлар арқалы да мәмлекетимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў мақсет етилген.

Коронавирус пандемиясы туризм тараўына унамсыз тәсир көрсетти. Жәҳән туризм шөлкеми мағлыўматларына бола, 2020-жылдың жуўмағы бойынша халықаралық сапар етиўлер 89 процентке, жумыс орынлары 74 миллионға қысқарыўы, тараўдағы улыўма жоғалтыўлар 800 миллиард долларды қурайтуғыны күтилмекте.

Бизге белгили, усы жыл 16-марттан мәмлекетимиз сыртқы ҳәм ишки туристлер  ушын жабылған еди. Ақыбетте 1,5 мыңнан аслам туроператор, 1,2 мың  мийманхана өз жумысын тоқтатты.

Бул гидлер, миллий өнерментшилик, зыярат етиў ҳәм саламатластырыў орайлары, улыўма аўқатланыў, транспорт ҳәм басқалар менен қосып есаплағанда 250 мыңнан аслам халық дәраматына айрықша тәсир етти.

Пандемияның ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде бул тараўға да бир қатар жеңилликлер берилди. Соның ишинде, 1 мың 750 субъектке мүлк, жер ҳәм социаллық салықлардан 60 миллиард сумға шамалас жеңиллик усыныс етилди. Бирақ бул жеңилликлер ҳәм преференциялар ўақтынша болып табылады. Бәрқулла турақлы раўажланыў ушын болса пандемия шараятында ислеўге үйрениў зәрүр.

Сонлықтан бул бағдардағы сырт ел тәжирийбеси үйренилди. Атап айтқанда, «Uzbekistan. Safe travel guaranteed» («Өзбекстан. Қәўипсиз сапар кепилленген») бренди астында туристлер ушын санитариялық-эпидемиологиялық қәўипсизлик системасы ислеп шығылды.

Мәмлекетимиз басшысына усы жойбар таныстырылды. Сондай-ақ, мәмлекетимизде ишки туризмди тиклеў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы режелер менен танысты.

Президентимиз биринши басқышта «жасыл» аймақлар арасында ишки туризмге руқсат бериў зәрүрлигин атап өтти. Таўлы жерлер ҳәм көл бойларында жеңил конструкциялы дем алыў орайларын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди. Ҳәкимлер менен биргеликте көшпели дем алыў орайларының дислокациясы тастыйықланып, электрон порталға жайластырылады.

Екинши басқышта коронавирус кеселлиги жылаўланған мәмлекетлер дизимин қәлиплестирип, олар менен туризм байланысларын басқышпа-басқыш тиклеў керек екенлиги атап өтилди.

– Туризм жумысын қайта тиклеў ушын, бәринен бурын, мийманханалар қалай ислейди, туристлер аэропортта қалай қабыл етиледи, олардың мәмлекет ишинде ҳәрекетлениўи қалай шөлкемлестириледи, деген сораўларға анық жуўап болыўы керек. Белгиленетуғын нормалар әпиўайы, бирақ кеселликтиң алдын алыў ушын жетерли болыўы тийис. Мысал ушын, бир жағдай анықланса, пүткил мийманхананы карантинге алыўға зәрүрлик болмайтуғын система ислеп шығыў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Туризм бағдарында исбилерменлер көрген зыянды  жақын 1-2 жыл ишинде толық қаплаў қыйын. Сонлықтан Президентимиз бул тараўға қосымша жеңиллик ҳәм преференциялар бериў керек екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, туристлик жыйымлардан азат етиў бойынша алдын берилген жеңиллик жылдың ақырына шекем созылады. Сондай-ақ, тараў кәрханалары пайда салығын есаплаўда 2020-2021-жылдағы көрген зыянларын кейинги жыллар пайдасынан алып таслаўға руқсат бериледи.

Мийманханаларға көрсеткен хызметиниң 10 процент муғдарында субсидия ажыратылады. Буннан тысқары, оларға айланба қаржы ушын кредит процент төлемлериниң 10 процентине шекем болған бөлегине субсидия бериледи.

*   *   *

Бәсеки – экономиканың әҳмийетли тийкарларынан бири. Ол өнимлер ҳәм хызметлерде сапаны тәмийинлеп, халыққа таңлаў имканиятын жаратады. Экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын азайтып ҳәм монополияға қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажлардан гөзленген мақсет усыннан ибарат.

2017-2022-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында ҳәм оған муўапық 2019-жыл 14-январьда қабыл етилген «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарын түп-тийкарынан  жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманында бул бағдарда анық ўазыйпалар белгиленген еди.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 2 мың 965 мәмлекет қатнасыўындағы кәрхана бар. Олардың көпшилиги бурынғы усылда, нәтийжесиз ислемекте. Бул кәрханалардың ярымынан көпшилиги ҳәттеки дивиденд төлеў имканиятына ийе емес.

2019-жыл 11-декабрь күни Президент жанында өткерилген мәжилисте усы кәрханаларды базар принциплери тийкарында реформалаў, жеке меншик инвесторларға сатыў бойынша тапсырмалар берилген еди. Соннан келип шығып, республика бойынша жалпы хатлаў өткерилди.

Жыл басынан берли 299 мәмлекетлик активлер 348 миллиард сумға сатылды. Жаңа инвесторлар усы объектлерге улыўма 3,3 триллион сум инвестиция киргизип, 4  мың 700 жаңа жумыс орынларын жаратыў миннетлемесин алған.

Атап айтқанда, «Өзбекстан» мийманханасы, бурынғы «Чорсу» мийманханасы, «Самарқандкимё» кәрханасы, Қоңырат сода заводындағы мәмлекетлик ҳәм хожалық жәмийетлериниң үлеси сатылды. Бул объектлерге 425 миллион доллар инвестиция киргизилип, 800 жаңа жумыс орны жаратылады.

Таныстырыўда мәмлекетлик активлерди меншиклестириў, бос турған объектлер ҳәм жер майданларын анықлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, мәмлекеттиң қатнасыўындағы кәрханаларда корпоратив басқарыўды енгизиўге байланыслы режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиз  тараўдағы жумысларды  даўам еттирип, және 1 мың 400 ге шамалас мәмлекетлик активлерди жеке меншик инвесторларға бериўди тезлестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Министрлер Кабинетине меншиклестириў бағдарламасын тастыйықлаў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине тармақтың басшылары менен бирге нәтийжесиз ислеп атырған 711 кәрхананы сапластырыў, 262 кәрхананы  қайта шөлкемлестириў, сондай-ақ, 500 ден аслам базарларды меншиклестириў  бойынша тапсырма берилди. Мәмлекеттиң ықтыярында сақлап қалынатуғын кәрханаларды басқарыў ҳәм реформалаў бойынша жаңа система енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться