Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-май күни исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәжилис басында мәмлекетимиз басшысы коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў жумысларына және бир мәрте тоқтап өтти.
Кеселликти жуқтырған 2 мың 802 пуқарадан 2 мың 314и ямаса 82 проценти пүткиллей емленгени, бул гүресте шын мәнисинде мәртлик көрсетип атырған 23 мың медицина хызметкерине улыўма 78 миллиард сумнан аслам хошаметлеў пулы төлеп берилгени айтылды.
- Кеселликке қарсы гүресиў менен бирге, сырт еллердеги пуқараларымыз ҳаққында да қайғырып атырмыз. Ҳәзирги күнге шекем сырт елден 39 мың пуқарамызды алып келдик. Сырт елде аўыр жағдайда қалған және 12 мың пуқараға тийисли жәрдем көрсетип, оларды елимизге алып келиў илажлары көрилмекте, - деди Шавкат Мирзиёев.
Экономика тармақларында жедделлик тикленбекте. Мысал ушын, соңғы ҳәптеде исбилерменлик субъектлери тәрепинен электр энергиясының жумсалыўы 13 процентке көбейген. Сондай-ақ, кейинги еки ҳәптеде биржада цемент саўдасы алдынғы айдан усы ўақытқа шекем салыстырғанда 104 мың тоннаға, жанар май өнимлери 74 мың тоннаға, қурылыс айнасы 60 мың квадрат метрге артқан.
Эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, аймақларды «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» зоналарға ажыратқан ҳалда, 110 мыңға шамалас исбилерменлик субъектиниң жумысына руқсат берилди, 600 мыңнан аслам адам жумыс орнына қайтты.
Улыўма, соңғы еки айда пандемияның халықтың турмыс жағдайы ҳәм экономика тармақларына тәсирин жумсартыў бойынша Президенттиң 12 пәрман ҳәм қарары қабыл етилди. Оның нәтийжесинде 500 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти ҳәм 8 миллионнан аслам пуқараға дерлик 30 триллион сумлық жеңилликлер ҳәм преференциялар берилди.
18-май күни мәмлекетемиз басшысының «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Ҳүжжетке муўапық, 500 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти ҳәм 100 мыңға шамалас халыққа қосымша 1,7 триллион сумлық жәрдем бериледи.
- Қаншелли қыйын болмасын, қандай шараят жаратыў зәрүр болса, ҳәммесин иследик. Енди экономика ҳәм инвестиция комплекслери, сектор басшылары төменги системада бул жеңилликлердиң ҳәр бир исбилермен ҳәм пуқараға шекем жетип барыўын тәмийинлеў керек, - деди Президент.
Республикалық комиссияға тараўлар ҳәм аймақлардағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, қалған исбилерменлик субъектлериниң жумысына да басқышпа-басқыш руқсат бериў ўазыйпасы қойылды. Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздиң 38 районы «қызыл» зонада қалып атырғанлығы себепли карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў талап етиледи.
Пандемия себепли кәмбағал халық ҳәм жумыссызлар санының артатуғыны, шаңарақлардың дәраматы азаятуғыны белгили. Сол себепли қысқа пурсатта жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын киши бизнес ҳәм шаңарақлық исбилерменликти белсене қоллап-қуўатлаў зәрүр.
Мәжилисте бул бағдардағы қосымша илажлар ҳәм тийкарғы ўазыйпалар додаланды. Бәринен бурын, исбилерменлер ҳуқықларының кепилликлери ҳәм мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў мәселесине үлкен итибар қаратылды.
- Барлық ҳәкимлерди ескертемен. Бир де бир исбилерменниң мүлки нызамсыз алып қойылса, ҳәким тек жумыстан кетиў менен қутылмайды, ал нызам алдында жуўап береди, - деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкер уйымларға мүлкке қол қатылмаслығын бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў, мүлкти компенсациялаў бойынша исбилерменлердиң пайдасына шығарылған суд қарарларының орынланыўын толық тәмийинлеўге байланыслы көрсетпелер берилди.
Президентимиздиң тапсырмасына бола, исбилерменлик орталығы ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде айма-ай талланып ҳәм қадағалап барылады. Сондай-ақ, Бизнес-омбудсман исбилерменлердиң хуқықы ҳәм мүлкке қол қатылмаслығын бузған район ҳәм қала ҳәкимлери ҳаққында ҳүкиметке мағлыўмат киргизип барады. Министрлер Кабинети исбилерменлердиң машқаласын шешпеген, олар менен жетерли дәрежеде ислемеген қала ҳәм район ҳәкимлериниң лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығады.
Өзин-өзи бәнт етип атырған, қолында өнери бар адамларға мүнәсип шараят жаратыў мақсетинде жаңа системаның енгизилетуғыны белгиленди. Яғный, шаштәрез, етикши, нанбай, темирши, уста, тигиўши, таксист, дилмаш, дизайнер, компьютер программалаўшысы сыяқлы өзин-өзи бәнт еткен 60 тан аслам кәсип ийелери дәрамат салығынан азыт етиледи. Бул жеңилликтен пайдаланыў ушын телефон арқалы салық уйымларын хабардар етиўдиң өзи жетерли. Алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында бундай пуқараларды дизимге алыў ҳәм есабын жүргизиў бойынша мобиль қосымша ислеп шығылады.
Бизге белгили, жыл басында жеке меншик нотариус жумысына руқсат берилгени нәтийжесинде 617 мәмлекетлик нотариус жеке меншик болды ҳәм бюджеттен берилип атырған 200 миллиард сум үнемленди.
Тап усындай, ҳәзирги күнде мәмлекетлик уйымлар көрсетип атырған кадастр ҳүжжетлерин таярлаў, жер ажыратыўда топосүўретке алыў сыяқлы хызметлер жеке меншик секторға өткерилсе, мыңлаған жумыс орынлары жаратылады.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигине анық есап-санақ тийкарында, жеке меншик секторға өткериў мүмкин болған мәмлекетлик хызметлер дизимин қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Карантин дәўиринде көп ғана шөлкемлер төлем қәбилетин жойытып, банкротлық жағдайына келип қалыўы мүмкин. Сол себепли, кәрханаға санация қолланылса, оның салық ҳәм басқа да төлемлерден қарыздарлығы қарантин жуўмақланғаннан кейин өндирилиўи мүмкин екенлиги белгиленди.
Мәмлекетлик активлерди исбилерменлерге сатыў системасы сынға алынды, онда елеге шекем бюрократизм сақланып қалған. Соның ушын, аукционға қойылған айырым жер участкалары ҳәм көшпес мүлк объектлериниң инвестициялық миннетлемелериниң жоқары екенлиги, инфраструктура раўажланбаған жерлерден ажыратылғаны себепли олардың 53 проценти көптен берли сатылмай турыпты. Сондай-ақ, 57 район ҳәм қалада кейинги 4 айда исбилерменлик ушын бирде-бир жер участкасы аукционға шығарылмаған. Орынларда мәмлекетлик үлеси бар 552 объект бос турыпты.
Усы объектлерде өндирис қуўатлылықларын жайластырыў, айырымларында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Буннан былай киши санаат зоналары мүлк ҳуқықы тийкарында шөлкемлестирилип, басқарыўға жеке меншик сектор кеңнен тартылады. Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги ҳәкимликлер менен бирге усы киши санаат зоналарының орнын анықлаў, инфраструктурасына қаржы ажыратыў, басқарыўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў менен шуғылланады. Оларды инфраструктураға жалғаў ушын быйылғы жылы Кризиске қарсы гүресиў қорынан 200 миллиард сум ажыратылады.
Пандемия ақыбетлерин жумсартыў шеңберинде «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасына ажыратылған 1 триллион сум кредит қаржыларын қайтарыў мүддети созылды. Сол себепли, усы бағдарламаны толық әмелге асырыў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры есабынан 100 миллион доллар ресурс ажыратылды.
Президентимиз өним, үскене, шийки зат ҳәм айланыс қаржылары ушын кредит алыўда исбилерменлерге орнатылған барлық шеклеўлердиң алып тасланыўы керек екенлигин атап өтти. Орайлық банкке киши бизнес ҳәм шаңарақлық исбилерменлик субъектлерине кредит бериў шәртлерин әпиўайыластырыў бойынша тапсырма берилди.
Өнимлерге талапты күшейтиў ушын саўда жумысын хошаметлеў, халықтың тутыныў қәбилетин арттырыў мақсетинде тутыныў кредитлерин бериўди кеңейтиў керек екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте коммерциялық банклер алдындағы ўазыйпаларға да тоқтап өтти.
Халық қабыллаўханалары ҳәм Бас министр қабыллаўханаларына келген мүрәжатлардың 55 проценти банк кредитлерине байланыслы екени бул бағдардағы машқалалардың көлемин көрсетеди. Соның ушын, банк хызметлери бойынша исбилерменлердиң мүрәжатлары Миллий банкте 10 процент, Микрокредитбанкте 11 процент, Агробанкте 13 процент унамлы шешилген.
Президентимиз банктиң жумысына қарыйдарларға хызмет көрсетиў сапасына қарап баҳа беретуғынын айрықша атап өтти.
Коммерциялық банклер киши бизнестиң раўажланыўында әҳмийетли буўын екени, соның ушын ҳәр бир райондағы «өсиў ноқатлары»на қаржы бағларлап, исбилермен ҳәм пуқараларды қоллап-қуўатлаўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте исбилерменлер менен ислесиўде өзиболадылыққа жол қойған айырым район ҳәм қала ҳәкимлерин ўазыйпасынан азат етиў бойынша көрсетпе берилди.
Жуўапкерлер мәжилисте додаланған мәселелердиң орынланыўын шөлкемлестириў бойынша мәлимлеме берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги