Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

КОРОНАВИРУС ПАНДЕМИЯСЫ ДӘЎИРИНДЕ ХАЛЫҚ ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ БОЙЫНША ГЕЗЕКТЕГИ ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

2020-05-19 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Коронавирус пандемиясы дәўиринде экономикалық өсимди ҳәм инвестициялық белсендиликти хошаметлеў, өндирис пәтлерин тиклеў, халықтың бәнтлигин арттырыў, дәраматларын көбейтиў ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

1. Төмендегилер 2020-жылдың 1-июнинен 1-сентьябрине шекемги дәўирде мүлк салығын ҳәм жер салығын төлеўден азат етилсин:

киши исбилерменлик субъектлери;

базарлар ҳәм саўда комплекслери, кинотеатрлар, улыўмалық аўқатланыў кәрханалары, спорт-саламатландырыў мәкемелери, сондай-ақ, жолаўшы тасыў, турмыслық хызметлер көрсетиў, имаратларды, соның ишинде, банкетлер өткериў ушын ижараға бериў жумысы менен шуғылланатуғын юридикалық шахслар.

2. Киши исбилерменлик субъектлерине төмендеги суммаларды есаптан шығарыў көринисинде мәмлекет тәрепинен қосымша қоллап-қуўатлаў берилсин: 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы ПП-5969-санлы ҳәм 2020-жыл 3-апрельдеги ПП-5978-санлы пәрманларына тийкарланып процентсиз кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) берилген, 2020-жыл апрель ҳәм май айлары ушын төлениўи керек болған мүлк салығы ҳәм жер салығының суммалары;

2020-жыл 15-май ҳалатына жер салығы ҳәм мүлк салығы бойынша 2020-жыл 1-январьдан баслап пайда болған пеня ҳәм жәриймалар суммалары.

3. Исбилерменлик субъектлерине товарлар (жумыслар, хызметлер) импорт етиўде қосымша қун салығын төлеў бойынша 120 күн мүддетке шекем кешиктире алыў ҳуқықы берилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Бажыхана уйымларына мүрәжат еткен күнге шекем бир жылдан аз болмаған дәўирде экономикалық жумысты әмелге асырып атырған микрофирма ҳәм киши кәрханаларға товарларды (тутыныў товарларынан тысқары) алып кириўде өндирилетуғын бажыхана бажы ҳәм акциз салығын төлеў мүддетин 2020-жыл 1-июльге шекем кешиктириўди қолланыў ҳуқықы, кейин ала кешиктирилген сумманы 120 күн даўамында тең үлеслерде төлеў шәрти менен берилсин.

4. 2020-жылдың 1-майынан 1-июлине шекемги дәўирде микрофирма ҳәм киши кәрханаларға (акциз асты товарлар ислеп шығарыўшылар, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав қорында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан жоқары болған юридикалық тәреплер буған кирмейди) социаллық салық ставкасы 12 проценттен 1 процентке шекем азайтылатуғыны белгиленсин.

5. Микрофирма ҳәм киши кәрханаларда 2020-жыл 15-май ҳалатына салықлар, пенялар ҳәм салық нызамшылығын бузғаны ушын есапланған жәриймалар бойынша бар болған қарыздарлықты өндириў 2020-жыл 1-сентябрьге шекем тоқтатылсын.

Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары 2020-жыл 15-май ҳалатына микрофирма ҳәм киши кәрханалардың банктеги есап бетлеринен ақша қаржыларын есаптан шығарыў ҳәм өткериў бойынша инкассо тапсырмаларын шақырып алсын.

Микрофирма ҳәм киши кәрханаларға 2020-жыл 15-май ҳалатына салық миннетлемелерин орынлаў бойынша орынланбаған төлем тапсырмаларын қайтарып алыў ҳуқықы берилсин.

6. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 1-майдағы «Халықтың турақ жай шараятын жақсылаў ҳәм ипотека кредити базарын буннан былай да кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4701-санлы қарарына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң ресурслар есабынан жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын кредит ажыратылыўы бойынша өткерилип атырған эксперимент Ташкент қаласына қолланылсын.

7. 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшылардың саны 2020-жыл 1-июньнен баслап қосымша 10 процентке арттырылсын.

8. Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда - Қор) тәрепинен төмендеги процент қәрежетлерин қаплаўға компенсация бериў тәризинде исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қосымша қоллап-қуўатлаў илажлары енгизилсин:

исбилерменлик субъектлерине Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,75 есесинен аспаған муғдардағы процент ставкасы менен миллий валютада берилетуғын инвестциялық кредитлер бойынша, Қор ҳаққындағы реже талапларын есапқа алған ҳалда кредит шәртнамасы әмел етиўиниң биринши жылы даўамында;

2020-жыл 1-октябрьге шекем исбилерменлик субъектлерине айланыстағы қаржыларын толықтырыў ушын миллий валютада 500 миллион сумға шекем берилетуғын кредитлер бойынша Қор ҳаққындағы реже талапларын есапқа алған ҳалда кредит шәртнамасының әмел етиў мүддети даўамында 10 процентлик муғдарында.

9. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил коронавирус пандемиясы дәўиринде берилген жеңилликлер ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларының толық ҳәм өз ўақтында қолланылыўы үстинен мониторинг орнатсын ҳәм нызам бузғаны ушын жуўапкершилик илажларын қолланыў бойынша усыныслар киргизсин.

10. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери, сондай-ақ, бюджеттен тысқары Пенсия қорына (зәрүрлик болғанда) салық жеңилликлериниң берилиўи ҳәм социаллық напақа алыўшылар санының артыўы нәтийжесинде алынбай қалынатуғын дәраматлар мүнәсибети менен Қаржы министрлиги жанындағы кризиске қарсы гүресиў қорының есабынан субсидиялар ажыратсын.

11. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы 

Президенти                      Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

 

2020-жыл 18-май            

Поделиться