Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

2020-2025-ЖЫЛЛАРҒА МӨЛШЕРЛЕНГЕН ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ БАНК СИСТЕМАСЫН РЕФОРМАЛАЎ СТРАТЕГИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА

2020-05-13 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Финанслық секторды избе-из реформалаў даўамында бир қатар илажлар әмелге асырылды ҳәм нәтийжеде алдыңғы банк бизнесин жүргизиў және бул секторда бәсеки орталығын күшейтиў ушын зәрүр ҳуқықый шараятлар жаратылды.

Атап айтқанда, халықаралық стандартларға муўапық келетуғын ҳәм финанслық тараўға инвестициялар киргизиў ушын тартымлы ҳуқықый орталықты жарататуғын Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының Орайлық банки ҳаққында»ғы, «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы, «Валютаны тәртипке салыў ҳаққында»ғы және «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы жаңаланған нызамлары қабыл етилди.

Соның менен бирге, банк тараўындағы ҳәзирги жағдайдың талланыўы банк секторында мәмлекеттиң жоқары дәрежедеги араласыўы, мәмлекет қатнасыўындағы банклерде менеджмент ҳәм тәўекелшиликлерди басқарыў сапасының жетерли емеслиги, экономикада финанслық дәлдалшылықтың төмен дәрежеси сыяқлы банк секторын экономикалық жаңаланыўлар ҳәм жәмийетлик талапларға сай түрде раўажландырыўға қарсылық етип атырған бир қатар машқалалардың бар екенлигин көрсетпекте.

Финанслық хызметлердиң ҳәммеге қолайлылығын арттырыў, банклердиң аймақларға кирип барыўын кеңейтиў ҳәм барлық елатлы пунктлерде бирдей хызметлер көрсетилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар көрилиўи зәрүр.

Банк системасына заманагөй сервис шешимлери тийкарында мәлимлеме технологияларын, финанслық технологияларды кеңнен енгизиў, мәлимлеме қәўипсизлигин керекли дәрежеде тәмийинлеў, сондай-ақ, финанслық хызметлерди көрсетиўде инсан факторы тәсирин азайтыў бойынша оператив илажлар көриў талап етилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-марттағы ПП-5953-санлы Пәрманы менен тастыйықланған  2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўыдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, сондай-ақ, жеке меншик сектордың раўажланыўын хошаметлеў, банклердиң инвестициялық тартымлылығын, банк хызметлериниң ҳәммеге қолайлылығын ҳәм олардың сапасын арттырыў ушын банк секторын түп-тийкарынан трасформациялаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасында банк секторын реформалаўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

қаржы базарында тең бәсеки шәраятларын жаратыў, кредитлеўди тек ғана базар шәртлери тийкарында әмелге асырыў, банклердиң мәмлекетлик ресурсларға бойсыныўын төменлетиў, банклерде хызмет көрсетиўди модернизациялаў, нәтийжели инфраструктура жаратыў ҳәм банклердиң жумысын автоматластырыў, сондай-ақ, банклердиң тийкарғы жумыс түри менен байланыслы болмаған функцияларды басқышпа-басқыш бийкар етиў арқалы банк системасының нәтийжелилигин арттырыў;

кредит портфели ҳәм тәўекелшиликлерди басқарыў сапасын жақсылаў, кредитлеў көлемлери өсиўиниң орташа дәрежесине әмел етиў, тең салмаққа ийе макроэкономикалық сиясат жүргизиў, корпоративлик басқарыўды жетилистириў ҳәм халықаралық әмелий тәжирийбеге ийе болған менеджерлерди тартыў, финанслық тәўекелшиликлерди баҳалаў ушын технологиялық шешимлерди қолланыў арқалы банк системасының финанслық турақлылығын тәмийинлеў;

мәмлекетлик үлеси бар коммерциялық банклерди комплексли трансформациялаў, банк жумысының заманагөй стандартларын, мәлимлеме технологияларын ҳәм программалық өнимлерди енгизиў, банклердеги мәмлекетлик акциялар пакетин зәрүр тәжирийбеге ҳәм билимге ийе болған инвесторларға таңлаў саўдалары тийкарында сатыў, сондай-ақ, мәмлекетлик үлеси бар коммерциялық банклер менен кәрханаларды бир ўақыттың өзинде реформалаў арқалы банк секторында мәмлекетлик үлести азайтыў;

жетерли дәрежеде хызмет көрсетилмей атырған ҳәм әззи қатламларда мәмлекеттиң қатнасыўын көбейтиў ҳәм мәнзилли илажларды әмелге асырыў, халық ҳәм киши бизнес ушын аралық хызметлерди кеңнен енгизиў, аз қәрежетли хызмет көрсетиў орынлары тармағын раўажландырыў, сондай-ақ, республиканың бирден-бир қаржы системасындағы өз-ара толықтыратуғын бөлим сыпатында банклық емес кредит шөлкемлериниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў арқалы финанслық хызметлердиң ҳәммеге қолайлылығын ҳәм сапасын арттырыў.

2.Төмендегилер:

2020-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының банк системасын реформалаў стратегиясы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы банк системасын реформалаў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3. 2020-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының банк системасын реформалаў стратегиясын әмелге асырыў бойынша, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын мақсетли көрсеткишлер 3-қосымшаға муўапық белгиленсин:

банк системасы активлериниң жәми көлеминде мәмлекетлик үлеси болмаған банклер активлериниң үлесин ҳәзирги 15 проценттен 2025-жылға келип 60 процентке шекем арттырыў;

банклер миннетлемелериниң улыўмалық көлеминде жеке меншик сектор алдындағы миннетлемелериниң үлесин ҳәзирги 28 проценттен 2025-жылдың ақырына шекем 70 процентке шекем арттырыў;

2025-жылға келип мәмлекетлик үлеси бар кеминде үш банк капиталына зәрүр тәжирийбеге, билимге ҳәм абырайға ийе кеминде үш стратегиялық сырт ел инвесторларын тартыў;

улыўмалық кредитлеў көлеминде банклық емес кредит шөлкемлериниң үлесин ағымдағы 0,35 проценттен 2025-жылға келип 4 процентке шекем арттырыў.

4. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банктиң төмендегилер ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

халықаралық финанс институтларының жәрдеминде «Ипотека-банк» АКИБ, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, «Асака» АКБ, АК «Алоқабанк», «Қишлоқ қурилиш банк» АКБ ҳәм «Туранбанк» АКБдағы мәмлекетлик үлеслерди басқышпа-басқыш меншиклестириў, онда биринши басқышта оларды институционаллық өзгертиўди (жумысын трансфиормациялаў), екинши басқышта болса мәмлекет акцияларының пакетин сатыўды нәзерде тутыў;

банк системасын реформалаў дәўиринде халықтың финанслық хызметлерге болған талабын қанаатландырыў. инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў механизмин («жойбарлар фабрикасы») кеңнен енгизиў, банк хызметлериниң аймақлық қамтылыўын тәмийинлеў мақсетинде «Сыртқы экономикалық жумыс Миллий банки» АЖ, «Агробанк» АКБ ҳәм «Микрокредитбанк» АКБ устав капиталларында мәмлекетлик үлести сақлап қалыў;

айырым банклердиң жумысын диогностикалаў ҳәм финанслық жағдайын баҳалаў тийкарында, норма талапларынан және қайта шөлкемлестириўдиң экономикалық жақтан мақсетке муўапықлығынан келип шыққан ҳалда нызам ҳүжжетлерине муўапық оларды консолидациялаў.

5. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанында министрликтиң тастыйықланған штатлар саны шеңберинде Мәмлекетлик үлеске ийе коммерциялық банклерди трансформациялаў ҳәм меншиклестириў бойынша жойбарлаў офиси (кейинги орынларда – Жойбарлаў офиси) шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги ҳуқықлар берилсин:

коммерциялық банклерди трансформациялаў ҳәм меншиклестириў процесслерине кеңесгөй сыпатында халықаралық консультантларды тартыў;

коммерциялық банклерди трансформациялаў, сондай-ақ, олардағы мәмлекет акцияларының пакетин  меншиклестириўге байланыслы мәселелерде халықаралық финанс институтлары ҳәм потенциаллы сырт ел инвесторалры менен пикир алысыўларды алып барыў ҳәм келисимлер дүзиў.

Жойбарлаў офисине Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң биринши орынбасарының басшылық ететуғыны белгиленсин.

6. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Қаржы министрлиги 2024-жылдан кешиктирмей Халықаралық валюта қоры ҳәм Жәҳән банкиниң бағдарламасы (FSAP) тийкарында финанслық сектордың жағдайын баҳалаўды өткериў илажларын көрсин.

7. Министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары тәрепинен банклердиң, соның ишинде, кредит портфели ҳәм банк активлерин қәлиплестириўге байланыслы исбилерменлик тәўекелшиликлерин басқарыў жумысына араласыў қадаған етилсин

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы банклер ҳәм банк жумысы ҳаққындағы нызамшылықтың банклер жумысына мәмлекетлик уйымлардың ҳәкимшилик араласыўына жол қоймаў бөлиминиң орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтсин.

8. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорын басқарыў бойынша кеңес қурамына еркин ағзаларды киргизиў арқалы оны институционаллық жақтан беккемлеў илажларын көрсин.

9. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Қаржы министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

10. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-апрельдеги «Республика экономикасына тикккелей инвестицияларды тартыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4300-санлы қарарына 1-қосымшаның 1-3-позициялары өз күшин жойытқан деп есаплансын.

11. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң баслығы М.Б.Нурмуратовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 12-май

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться