Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Транспорт тараўында кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында
2020-05-05 | Ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республиканың транспорт тараўы ушын жоқары маман кадрларды таярлаў системасын алдыңғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында түп-тийкарынан жетилистириў, оқыў процесине оқытыўдың инновациялық түрлери менен методлары және заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, тармақтағы билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм илимий потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде:
транспорт тараўы ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен илимий кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;
алдыңғы халықаралық билимлендириў стандартлары және оқыў бағдарламаларына муўапық 2020/2021 оқыў жылынан баслап билимлендириўдиң кредить-модуль системасын басқышпа-басқыш енгизетуғыны;
Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы институты және Ташкент темир жол инженерлери институтының барлық ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийраcхоры болып есапланатуғыны;
Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигине уйымлық жақтан бойсынатуғыны белгилеп қойылсын.
Университет ҳәм Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы институты жанындағы Беларусь мәмлекетлик техника университети менен биргеликте шөлкемлестирилген биргеликтеги Өзбекстан – Беларусь факультети Ташкент қаласы, Мирабад районы, Адилходжаев көшеси, 1-жай мәнзили бойынша бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
транспорт тараўының талапларынан келип шығып, мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлы жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды, сондай-ақ, ғалабалық кәсип қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;
транспорт тараўын раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық излениўлер ҳәм изертлеўлер алып барыў, олардың нәтийжелерин, соның ишинде, санлы ҳәм басқа заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў, Университет профессор-оқытыўшыларының маманлығын арттырыўды және питкериўшилерди сырт елде магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша оқыўын шөлкемлестириў мақсетинде жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў;
транспорт тараўы ушын кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын жаратыў, системадағы академиялық лицей және тараўдың профессионал билимлендириў мәкемелери билимлендириў бағдарламаларының избе-излигин ҳәм даўамлылығын тәмийинлеў;
оқыў процесинде теориялық таярлықтың әмелият пенен тығыз байланыслылығын тәмийинлеў мақсетинде транспорт тараўындағы шөлкемлер менен биргеликте студентлердиң әмелиятларын тийисли тараў шөлкемлеринде шөлкемлестириў, питкериўшилерди жумыс пенен тәмийинлеў бойынша мақсетли бирге ислесиўди жолға қойыў.
2020-2023-жыллары Ташкент мәмлекетлик транспорт университетинде кадрлар таярлаў системасын шөлкемлестириў және илимий потенциалды раўажландырыў илажларының бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Ташкент мәмлекетлик транспорт университетине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилетуғын және тийисли коммуналлық ҳәм пайдаланыў қәрежетлерин қаплаған ҳалда «ноль»лик ставкадағы ижара төлеми тийкарында берилетуғын объектлердиң дизими 2 ҳәм 3-қосымшаларға муўапық;
Ташкент темир жол инженерлери институтынан Ташкент мәмлекетлик техника университетине көширилетуғын билимлендириў бағдарларының дизими 4-қосымшаға муўапық;
Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Университеттиң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм нәтийжели жумысын тәмийинлеў ушын финанслық жәрдем шөлкемлестириў, бюджеттен тысқары қаржыларды тартыў;
питкериўшилердиң кәсиплик таярлығын арттырыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў бойынша кадрлар буйыртпашылары менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў;
билимлендириў ҳәм илим тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм әмелге асырыўда жәрдемлесиў;
жоқары билимлендириўди раўажландырыўға қаратылған жаңа усылларды ҳәм бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўди раўажландырыў;
имаратларды қурыў-оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырыў ушын зәрүр финанслық қәрежетлер тартылыўын, заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер ҳәм басқа да шөлкемлестириў техникасы, китапхана қоры менен үскенелениўин тәмийинлеў.
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Транспорт министрлиги менен келисилген ҳалда билимлендириў бағдарлараына өзгерис киргизиў;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билилмендириў министрлиги менен келисилген ҳалда, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын, питкериўшилерге қойылатуғын қәнигелик талапларын оқыў процесиниң транспорт тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар менен избе-из байланыслылығының тәмийинлениўин есапқа алған ҳалда, еркин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
кредит-модуль системасын оқыў процесине енгизиў бойынша профессор-оқытыўшылардың оқыў жүклемесин еркин нормалластырыў, сондай-ақ, педагог хызметкерлер тәрепинен оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумыслары, «устаз-шәкирт» системасы бойынша жумыслардың орынланыўын хошаметлеп барыў;
Университет профессор-оқытыўшыларының Scopus ҳәм Web of Science сыяқлы мағлыўматлар базасына кирген халықаралық илимий журналларда илимий мақалалар басып шығарыў қәрежетлерин қаржыландырыў;
Университет жумысының бағдарлары бойынша мәсләҳәт ҳәм эксперт-таллаў хызметлерди шәртнама тийкарында көрсетиў, сондай-ақ, Қәўендерлик кеңеси менен келисилген ҳалда усыныс етилетуғын хызметлерди нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хызметлер структураларын қәлиплестириў;
бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура бағдарлары бойынша жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўдеги биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрларды таярлаўды шөлкемлестириў;
жумыс бериўшилердиң талапларын есапқа алған ҳалда оқыў режелериндеги теориялық билимлендириў үлесин қысқартыў есабынан әмелий сабақлардың көлемин арттырыў, ҳәптеде бир күнлик әмелият тәжирийбесин қолланыў;
сырт ел қәнигелерин консультант, мәсләҳәтши ҳәм оқытыўшылар сыпатында тартыў және оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан айлық мийнет ҳақы және де басқа төлемлерди белгилеў ҳәм төлеў;
Универистетте бес жыл даўамында ислеп бериў шәрти менен қәбилетли студентлер ҳәм жетекши профессор-оқытыўшылардың сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыўы ҳәм стажировка өтеўине байланыслы қәрежетлерди Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаплаў;
Университет аймағында жайласқан имарат ҳәм объектлерди ижараға бериў ҳәм оннан түсетуғын қаржыларды электрон саўда майданшасы операторына төленген төлем алынғаннан кейин Университеттиң бюджеттен тысқары қорына толық қаратыў.
а) ағымдағы сақлаўға байланыслы бөлеги бойынша:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары;
төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;
хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түскен түсимлер;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;
б) қурылыс жумыслары бөлеги бойынша ҳәр жылғы Инвестициялық бағдарламада белгиленген тәртипте қаратылатуғын қаржылар.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте:
а) быйылғы жылы Университет имаратларының жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм қурыў жумысларын баслаў ушын:
2020-жылы Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде Ташкент автомобиль жолларын жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы институты ушын нәзерде тутылған қаржылар институтта усы жылдың 1-январь ҳалатына бола орынланған қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша жуўмақлаўшы есап-санақлар әмелге асырылғаннан соң қаратылыўын тәмийинлесин;
қосымша талап етилетуғын қаржылар бойынша 2020-жылғы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде орайласқан капитал қойылмалардың үнемленген бөлегин қайта бөлистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;
б) 2021-жылы ҳәм келеси жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламаны қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Университет имаратларын қурыў жумыслары ушын орайласқан капитал қойылмалар лимитлериниң ажыратылыўын тәмийинлесин.
Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы – буйыртпашы етип белгиленсин;
бас жойбарлаўшы ҳәм бас бөлип алып ислеўши шөлкемлер нызамшылықта белгиленген тәртипте тендер (таңлаў) саўдалары арқалы анықлансын.
Академиялық лицей:
Ташкент қаласы, Чилонзор районы Гулистан массиви, 21а-жай мәнзилинде бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылатуғыны;
жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
б) қордың қаржылары Университет профессор-оқытыўшылары, соның ишинде, еки жумысты қатар ислеў тийкарында ислейтуғын профессор-оқытыўшыларға, басқарыў, илимий, оқыў-жәрдемши, техникалық ҳәм хызмет көрсететуғын жумысшыларға олардың мийнетине ҳақы төлеў қорының 200 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық үстемелерди төлеўге бағдарланатуғыны;
в) Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби, соның ишинде, ҳәр айлық үстемелерди белгилеў өлшемлери Қәўендерлик кеңеси менен келисилген ҳалда Университет ректоры тәрепинен белгиленетуғыны;
г) Университеттиң басқарыў, профессор-оқытыўшылары, илимий, оқыў-жәрдемши, техникалық ҳәм хызмет көрсететуғын хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан көп жыллық мийнети ушын хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда, лаўазым мийнет ҳақысына белгиленген коэффициентлерде төмендеги көлемлерде ҳәр айда қосымша пул төленетуғыны белгиленсин:
3 жылдан 5 жылға шекем -0,15;
5 жылдан 10 жылға шекем -0,2;
10 жылдан 15 жылға шекем -0,3;
15 жылдан аслам -0,4.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 4-май