Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды

2020-05-04 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-май күни жанар май-энергетика тармағында өнимдарлықты арттырыў, энергия жумсалыўын оптималластырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Елимизде экономиканы кескин раўажландырыў бойынша үлкен мақсетлер белгиленген. Оның ушын жаңа энергия қуўатлықларын иске қосыў, бар ресурслардан нәтийжели пайдаланыў талап етиледи.

Мәселен, елимизде мың долларлық жалпы ишки өним жаратыў ушын раўажланған мәмлекетлерге салыстырғанда 2-3 есеге көп энергия жумсалды. Нефть өнимлерине жыллық талаптың 44 проценти импорт есабынан қапланбақта. Сонлықтан, мәжилисте жақын жылларда энергия жумсалыўын  2-2,5 есеге қысқартыў мәселелери додаланды.

Ҳәммеге қолайлы аўыл хожалығы техникасы менен автомобильлерин газге бейимлескен ҳалда ислеп шығарыўды жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди. Быйылғы жылдың ақырына шекем 3 пропан-бутан араласпасы және синтетикалық жанар май (GTL) заводы иске түсирилиўи атап өтилди. Оның нәтийжесинде авикеросин, дизель ҳәм суйылтырылған газ импорты толық сапластырылады.

Елимизде ислеп шығарылып атырған энергияның 40 проценти имаратларды ысытыў ҳәм жақтыландырыўға жумсалады. Бул процессте ысырапгершилик де көп. Мәселен, 1 квадрат метр майданды ысытыў ушын елимизде орташа  400 киловатт-саат, ықлым жағдайы бизге жақын раўажланған мәмлекетлерде болса 170 киловатт-саат энергия жумсалады.

Сонлықтан, көп қабатлы турақ жайларды жойбарлаў ҳәм қурыўда энергия үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў, социаллық тараў объектлериниң энергия өнимдарлығын арттырыўға сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Санааттағы энергия жумсалыўы да талланып, ҳәр бир тараў ҳәм тармақ кесиминде бул ресурсты үнемлеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Халықаралық энергоаудит шөлкемлерин тартып, 285 ири санаат кәрханасының энергия нәтийжелилигин үйрениў, үш сменада жумысты шөлкемлестирген исбилерменлерге кешки смена ушын электр тарифин 1,5 есеге азайтыў бойынша көрсетпелер берилди.

Қайта тиклениўши энергия дәреклери – еле толық пайдаланылмай атырған үлкен резервлерден бири. Әлбетте, бул бағдар алдын үлкен қәрежет талап етеди. Бирақ, бул келешекте тәбийғый газ ҳәм нефть жетиспеўшилигин шешиў, тутыныўшылар ушын болса қәрежетлерди кеминде 2 есеге үнемлеў имканиятын берсе, өзин ақлайды.

Мысалы ушын, егер 150 мың хожалыққа қуяш панеллери ҳәм суў ысытыў системалары орнатылса, жылына 319 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеў мүмкин.

Қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды хошаметлеў, нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығып, жәҳән тәжирийбеси тийкарында тутыныўшыларға қосымша шараят жаратыў зәрүрлиги атап өтилди. Тараўға тиккелей инвестициялар тартыў, ўәлаятларда қуяш фотоэлектр ҳәм самал электр станцияларын қурыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Электр энергиясы және тәбийғый газдиң жумсалыўын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасын буннан былай да кеңнен енгизиў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Карантин себепли жанар май-энергетика кәрханаларында қаржының жетиспеўшилиги жүзеге келиўин есапқа алып, оларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, айланыс қаржыларын көбейтиў илажлары белгиленди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

Поделиться