Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев: «Бирде-бир хожалық, бирде-бир адам итибарсыз қалмайды»

2020-05-01 | Сиясат

Жаўын жаўып, күшли самал болғаны себепли 1-май күни азанда Сырдәрья ўәлаятында Сардоба суў сақлағышы дамбасының бир бөлеги опырылған еди. Ақыбетте суўдың ағысы елатлы пунктлерге, коммуникация тармақларына ҳәм аўыл хожалығы майданларына үлкен зыян келтирди.

Мәмлекетимиз басшысы жедел түрде ўақыя орнына жетип келди. Ҳүкимет комиссиясы шөлкемлестирилип, айрықша жағдай ақыбетлерин сапластырыў, халықты қәўипсиз аймақларқа эвакуация етиў ҳәм оларға ҳәр тереплеме жәрдем бериў бойынша барлық илажлар көрилди.

Президентимиз Ақалтын районында халық пенен ушырасып, бул тәбийғый апаттан жәбирленген ҳәр бир инсан айрықша итибарға алынатуғынын, ҳәмме турақ жай ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленетуғынын атап өтти.

– Бул ҳеш ким күтпеген сынақ. Биринши ҳәрекетимиз адамларды қәўипсиз орынларға көшириў болды. Ең үлкен мәселе – өлимшилик болмаўы. Ақсақаллар, мәҳәлле баслықлары ҳәм инспекторлардан өтиниш етемен: адамларды жыйнап, үйлерге палаткаларға жайластырып, азық-аўқат пенен тәмийинлеп, мәҳәллеме-мәҳәлле тақлап алыўымыз керек. Оның ушын ҳәмме күш ҳәм қуралларды жумсаймыз. Жағдай жақсы болмағанша ҳеш бир басшы кетпейди. Сабыр етип, аўырлықты мойнымызға алып, шыдаўымыз керек. Бирде-бир хожалық, бирде бир адам итибарсыз қалмайды, деди Шавкат Мирзиёев.

Оператив илажларға Айрықша жағдайлар, Суў хожалығы министрликлери, жергиликли ҳәкимликлер, қурылыс-оңлаў шөлкемлери, ҳуқық-қорғаў уйымлары ҳәм басқа да хызметлердиң қәнигелери тартылды.

Суў сақлағыш жанындағы мәҳәллелер халқы қәўипсиз аймақларға эвакуация етилди. Соның ишинде, районларда шөлкемлестирилген арнаўлы штаблар тәрепинен мектеп, колледж, кәрхана ҳәм турақ жайларға жайластырылды.

Сондай-ақ, Қорғаныў министрлигиниң жеке қурамы ҳәм арнаўлы техникалары халықты эвакуация етиў, тийисли хожалық объектлерин үскенелеў ушын жумсалды. Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардияның Сырдәрья және Жиззақ ўәлаятларының аймақлық басқармалары эвакуацияға жәрдемлесиў, тәртипти сақлаў жумысларына тартылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Сардоба суў сақлағышының дамбасы ашылған орынға барып, оны көзден өткерди. Ҳүкимет комиссия ҳәм қәнигелер менен додалаған ҳалда суўдың ағысын тоқтатыў ушын зәрүр күш ҳәм қураллар тартылды.

Ҳәзирде дамбадан суў шығыўы тоқтаған. Тасқан суў ағысы Ақалтын районынан өтетуғын Абай каналына түсирилип, Жиззақ ўәлаятындағы Арнасай көлине жиберилген.

Президентимиз жағдайды жеке өзи қадағалаўға алған.

Поделиться