Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президентиниң Европа кеӊеси Президенти менен телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында
2020-04-20 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-апрель күни Европа кеңесиниң президенти Шарль Мишель менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы, биринши гезекте, сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда көп қырлы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Соңғы жылларда шериклик жедел раўажланып атырғаны ҳәм түрли дәрежедеги алмасыўлар жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Атап айтқанда, өткен жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстанның Европа Аўқамы мәмлекетлери менен өз-ар саўда көлеми сезилерли дәрежеде артты. Германия, Франция, Италия, Бельгия, Венгрия ҳәм Европаның басқа да мәмлекетлери жетекши компанияларының қатнасыўында әҳмийетли инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, қоспа кәрханалардың улыўма саны болса бир мыңнан артты.
Буннан тысқары, тийкарғы финанслық институтлар, соның ишинде, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Европа инвестициялық банки менен нәтийжели бирге ислесиў кеңеймекте.
Инсан капиталы ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары, илим, мәденият ҳәм билимлендириўди раўажландырыў мәселелери бойынша табысқа ерисилгени айрықша атап өтилди.
Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисимди қабыл етиўге таярлықты жылдың ақырына шекем жуўмақлаў мақсетинде усы ҳүжжет жойбары бойынша жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.
Европа кеңесиниң президенти Өзбекстанда коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүрес ҳәм пандемияның мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларға унамсыз тәсирин азайтыў бойынша көрилип атырған мислсиз қатаң илажларды жоқары баҳалады ҳәм толық қоллап-қуўатлады.
Шарль Мишель Европа Аўқамы усы глобаллық қәўип-қәтерге қарсы гүресиўде Өзбекстанға зәрүр жәрдем көрсетиўге таяр екенлигин билдирди, мәмлекетимизге усы мақсетлер ушын финанслық-техникалық жәрдем ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етилгени ҳаққында хабар етти.
Сәўбетте регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер де айрықша көрип шығылды.
Европа кеңесиниң президенти Орайлық Азияда үлкен унамлы өзгерислер жүз бергени ҳәм регион мәмлекетлериниң улыўма ҳәрекетлери менен ерисилген дослық ҳәм исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларының бүгинги дәрежесин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Оның атап өтиўинше, усы сезилерли табыслар Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңа стратегиясы мақсет ҳәм ўазыйпаларына толық сәйкес келеди.
Биринши гезекте, саўда, инвестиция, инновация, транспорт ҳәм энергетика тараўларында бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў арқалы пүткил регионның өз-ара байланыслылығын күшейтиў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетинде биргеликте белсене жумыс ислеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сол себепли, жылдың ақырына шекем регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған биринши гезектеги илажларды ислеп шығыў бойынша министрлердиң көп тәреплеме конференциясын өткериў мәселеси көрип шығылады.
Телефон арқалы сөйлесиў ўақтында, сондай-ақ, халықаралық әҳмийетке ийе бир қатар мәселелер ҳәм келешектеги жоқары дәрежедеги илажлардың режеси додаланды.
Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Европа кеңесиниң президенти Шарль Мишель Өзбекстан ҳәм ЕА арасындағы конструктивлик сөйлесиў ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылыслары исенимли екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги