Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги тәмийинленбекте
2020-04-14 | Экономика
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде дийқан-фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелери жерден үнемли пайдаланыў мақсетинде егис, сондай-ақ, теплица ҳәм парниклерде өним жетистириў жумысларын жедел түрде алып бармақта. Бул процесслерде жетистирилип атырған өнимлерди зыянлы организмлерден қорғаў үлкен әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының мағлыўматларына қарағанда, агроном-инспекторлар тәрепинен ҳәзирги күнде мийўе бағларындағы ҳәм теплицалардағы зыянлы организмлерди анықлаў ҳәм олардың тарқалыўының алдын алыў мақсетинде феромон тутқыш қойыў жумыслары алып барылмақта.
– Усы күнге шекем республикамыздың қала ҳәм районларындағы агроном-инспекторлар тәрепинен алма мийўехоры, картошка күйеси, помидор күйеси, шығыс мийўехоры, амбор күйеси, шийе мийўехоры зыянкеслерине қарсы 288 дана феромон тутқышлар қойылды,-дейди инспекцияның ишки карантин бойынша жетекши агрономы Улуғбек Жумамуратов. – Бул феромон тутқышларды қойыўдан мақсет – теплица ҳәм парниклерде зыянкеслердиң бар яки жоқ екенлигин анықлаў, ушырасқан жағдайда олардың көбейип, тарқалыўының алдын алыў болып есапланады.
– Ҳәзирги күнде биз агроном-инспекторлар аймақларымыздағы барлық мийўе бағларын, сондай-ақ, қоймаханаларды карантин тексериўинен өткериў жумысларын алып бармақтамыз, -дейди Беруний районы өсимликлер карантини агроном-инспекторы Музаффар Нуриев. – Аўыл хожалығы өнимлери сақланатуғын қоймаханаларға 1-2 данадан «амбор күйеси» феромон тутқышы орнатылып, ҳәр үш күннен бақлаўдан өткерилип барылмақта. Ал, бағларда мийўе ағашларының гүллеў дәўиринде гектарына 1 данадан, шақаларына 1,5-2 метр бийикликте «шарқ мийўехоры» зыянкесине қарсы феромон тутқышлар орнатылып, оларды қадағалап бармақтамыз.
Өсимликлер карантини тараўында алып барылып атырған бундай жумыслар мәмлекетимизде азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге, сондай-ақ, сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.